Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:59:12, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРАНЫЙЛАР  НӨКИС ГАРНИЗОНЫНДА ЖАСЛАР МЕНЕН  УШЫРАСТЫ

Арқа-батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында нураныйлардың әскерлер ҳәм Нөкис қаласы мектеплериниң жоқары класс оқыўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Илажды «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Ш.Уснатдинов кирис сөз бенен ашып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси, сондай-ақ, 2019-жылдың 27-декабринде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пән­лерди тереңлестирип оқы­тыўға қәнигелестирилген мектепте жаслар менен ушырасыўынан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде жаслардың  бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, билим алыўы ҳәм кәсип үйрениўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Елимиз басшысының басламасы менен алға қойылған бес әҳмийетли баслама бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Жәмийетимизде халық, әсиресе, жигит-қызларымыздың мәнаўий ҳәм билим дәрежесин турақлы раўажландырып барыў, жасларда интакерлик, пидайылық, әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириў мақсетинде «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға» деген бағдарламалы идея алға қойылмақта. Мүрәжатта жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламаларға айрықша итибар қаратылды ҳәм ол елимиз бойынша ен жайдырылатуғын болды.

Жоқары билим аламан деген жасларға шараятлар жаратылып, мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке ҳәм келешекте 50-60 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыл етиў мәмлекетлик грантлары 2 есе көбейтиледи.

Бүгинги күни район ҳәм қалаларымызда «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўларында жаслардың машқалалары орынларда үйренилип, ти­йисли шешимлер қабыл етилмекте. Бул тосыннан емес, әлбетте. Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады.

— Елимизде Президентимиздиң басламасы менен «Нураный» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў, кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, сенатор Ш.Уснатдинов. — Бү­гинги күни кекселеримиз пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымлары менен биргеликте шаңарақларда тынышлықты ҳәм татыўлықты тәмийинлеў жумысларында да белсендилик көрсетпекте. Усы жылы 12-февраль күни Президентимиздиң басшылығында  мәҳәлле сис­темасын жетилистириў, мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей,  белсендилер, көпти көрген ақсақаллар аймақлардағы ҳәр қандай машқаланы шешиўде, жаслар тәрбиясында олардың орны гиреўли.

Нураныйлар ҳәм жаслар Нөкис гарнизонында әскерий хызметкерлерге жара­тыл­ған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF