УЛЛЫ ШАЙЫРЛАРҒА БАҒЫШЛАНДЫ
Февраль айында дүньяға келген уллы тулғалар Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур әдебият, илим, мәрипат жолындағы хызметлери менен халқымыз арасында мәңги жасамақта.
Быйылғы жылдың «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп белгилениўи де олардың илим, мәрипат жолындағы хызметлериниң бүгинги турмысымызда да әҳмийетин жойтпағанлығын билдиреди. Әсиресе, жаслар қәлбинде ана-Ўатанға сүйиўшилик сезим, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет оятыўда бул еки уллы тулғаның дөретиўшилигин, ел басқарыўдағы искерликлерин үйрениў әҳмийетли. Ҳәр жылы олардың туўылған сәнелери кең жәмийетшилик, әсиресе, жаслар арасында белгиленип өтиледи.
Жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының 579 ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 537 жыллығы мүнәсибети менен «Өмирлик тулғалар» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференцияда Өзбек әдебияты кафедрасы доценти К.Ташанов «Наўайы ҳәм Бабур дөретиўшилигинде илим, мәрипат», өзбек тили кафедрасы доценти Г.Қурбаниязов «Бабур ҳәм миллий тиллер», филология илимлери бойынша философия докторы (РhD) Г.Төрткүлбаева «Әлийшер Наўайы ҳәм қазақ шайырлары», филология илимлери бойынша философия докторы (РhD) Қ.Мәмбетов «Бабурдың мәнаўий дүньясы» баянатлары менен шығып сөйледи. Бул уллы тулғалардың дөретиўшилиги ҳәм мәмлекет алдындағы хызметлери ҳаққында конференция қатнасыўшылары өз-ара пикирлести. Наўайы ҳәм Бабур дөретиўшиликлерине байланыслы шөлкемлестирилген әдебий кеше менен конференция жуўмақланды.
Б.КАРАМАТДИНОВА.