ӨЗЛЕСТИРИЎ ЖОЛЫ МЕНЕН ТАЛАН-ТАРАЖ ЕТИЎ ЖЫНАЯТЫ ТҮСИНИГИ
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 53-статьясына муўапық мәмлекет экономикасының тийкарын ҳәр қыйлы формадағы мүлк қурайды. Мүлк ҳуқықы тиккелей ҳуқық есапланады, усы ҳуқықты бузатуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди қадаған етиўди нәзерде тутады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 167-статьясы диспозициясына көре, өзлестириў яки талан-тараж етиў жынаяты бул айыпкерге исенип тапсырылған яки оның ықтыярында болған өзгениң мүлкин өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлик ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Экономика тараўындағы жынаятлар ҳәм басқа ҳуқықбузарлықлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған базар реформаларына үлкен қәўип туўдырады базар экономикасына сай болған жеке мүлкшиликтиң, басқа түрдеги мүлкий мүнәсибетлердиң қәлиплесиўине ҳәм раўажланыўына тосқынлық етеди.
Жоқарғы суд Пленумының 2004-жыл 21-майдағы «Жазаларды либералластырыў ҳаққындағы нызамды экономика тараўындағы жынаятларға қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы қарарының 8-бәнтинде, егер лаўазымлы шахс өзи ислеген талан-тараж етиў жынаятын жеңиллестириў яки жасырыў мақсетинде рәсмий ҳүжжетлерге биле турып жалған мағлыўматлар киргизген болса, оның қылмысы ЖКниң 167-статьясы ҳәм 209-статьясы яки ЖКниң 167-статьясы ҳәм 228-статьясында нәзерде тутылған жынаятлар бойынша квалификация етилиўи ҳаққында түсиндирмелер берилген.
Судлар тәрепинен усы тараўдағы жынаятлар ақыбетинде мәмлекет ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерине жеткерилген зыянлардың толық қапланып өндирилиўине үлкен итибар қаратылған.
Сондай-ақ, судлар тәрепинен экономика тараўындағы жынаятлардың яки басқа нызам бузылыўына имкан берген барлық себеп ҳәм шәрт-шараятларды анықлаў ҳәм усындай жынаятлардың алдын алыў мақсетинде оларға лазым дәрежеде мүнәсибет билдириў жүзесинен анық ис-илажлары көрип келинбекте. Атап айтқанда, Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен 2018-2019-жыллары өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў жынаяты бойынша 8 шахсқа 6 ис көрилген. Көрилген ислер бойынша нызам бузылыўына имкан берген барлық себеп ҳәм шараятларды сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў мақсетинде айрықша уйғарыўлар шығарылып, тийисли мүнәсибетлер билдирилген.
Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиўде халық, әсиресе, жаслар арасында усы жынаятлардың унамсыз кери ақыбетлери ҳаққында анық мысаллар менен кең түсиндириў ислерин алып барыў, бул бойынша қабыл етилген нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин оларға түсиндириў айрықша әҳмийетли есапланады.
Д.СРАЖАТДИНОВ,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы.