ЖАҢА РЕДАКЦИЯДАҒЫ НЫЗАМ ЖОЙБАРЫ ТАЛҚЫЛАНДЫ
Конституциямызда белгиленген нормалар, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам, Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасы ҳәм де Өзбекстан Республикаси Президенти, Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген норматив ҳүжжетлер бул тараўда беккем ҳуқықый тийкар болмақта.
Лекин, бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған заманға, жәҳән базарындағы кескин бәсеки ҳәм жоқары маман кадрларға болған талаптың артып баратырғанлығы бул тараўды реформалаўға алып келмекте.
Тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң қәнигелери ҳәм экспертлеринен ибарат исши топар тәрепинен ислеп шығылған «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жаңа редакциядағы жойбары жәмийетшилик тәрепинен кең түрде талқыланбақта.
Усы жылдың 6-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де жаңа редакциядағы нызам жойбары талқыланды.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт комитетиниң ағзасы, ӨзЛиДеП партиясынан депутат М.Ибрагимов, ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, академик Ж.Базарбаев ҳәм басқалар сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын реформалаўға айрықша итибар каратылып атырғанлығын, перзентлеримиздиң жәҳән стандартлары дәрежесинде заманагөй билим ҳәм кәсип ийелеўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўи, олардың қәбилетлерин, интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў, жас әўлад қәлбинде Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық сезимлерин жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Илажға қатнасқан Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары ректорлары ҳәм басшы-хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, тараўға тийисли министрликлердиң жуўапкер хызметкерлер, алымлар, профессор-оқытыўшылар илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы машқалалар ҳәм нызам жойбары бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Р.АРЗИЕВ,
ҚМУ Баспасөз хаткери.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.