БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР РАЎАЖЛАНЫЎ КЕПИЛИ
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжаты жаңа Өзбекстан тарийхында мәмлекетимиздиң келеси жыллардағы раўажланыўының ең баслы бағдарларын белгилеп бериўши әҳмийетли сиясий ҳүжжетке айланбақта.
Бул ҳүжжеттиң әҳмийетлилиги соннан ибарат, онда елимизде жасаўшы ҳәр бир шахсқа, ҳәр бир пуқараға мүнәсип турмысты жаратып бериў ушын ислениўи керек болған мәселелерге айрықша итибар қаратылған. Президентимиздиң парламентке Мүрәжатын тыңлап отырып, илимди қәдирлеў, оны және де жетилистириў арқалы күшли мәмлекеттен күшли пуқаралық жәмийет принципине ерисиўимиз мүмкин деген жуўмаққа келдим.
Бул ҳүжжетте Президентимиз барлық тараўлардағы мәселелерди тереңнен үйренип, оның шешимин табыўда өзиниң усыныс ҳәм пикирлерин билдирди. Бир ғана тәлим системасында шешимин күтип турған мәселелерди ҳәм сондай-ақ, билимлендириў тараўында кешиктириўге болмайтуғын жаңа ўазыйпаларды көрсетип өтти. Бүгинги күнде заманның өзи дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң жетекши институтлары, университетлери ҳәм илимий орайлары менен илимий бирге ислесиўди және де беккемлеўди талап етпекте. Өзбекстан ушын бүгинги күни илимий потенциалды раўажландырыў билимлендириў тараўындағы ең актуал мәселелерден бири болып табылады.
Мүрәжаттағы анық фактлер, дәлиллер ҳәм усыныслар халық ўәкиллери, билимлендириў тараўының хызметкерлеринен белгиленген ўазыйпаларды анық әмелий ислер тийкарында режелестириўди талап етеди.
Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң айтқанындай, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң заман талаплары дәрежесинде раўажланыўын илим-билимсиз көз алдымызға келтириў қыйын. Алдымызға қойған мақсетке ерисиў ушын, әлбетте, реформаларды бақшадан баслап жоқары оқыў орынларына шекем әмелге асырыўымыз керек.
Жақынға дейин мектепке шекемги билимлендириў системасына жетерли дәрежеде итибар қаратылған жоқ еди. Бүгинги күни мәмлекетимиз басшысының мектепке шекемги билимлендириўге қаратылған итибары арқалы бул тараўда түпкиликли бурылыс жасалмақта. 2019-жылда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалардың қамтылыўы 2018-жылдағы 38 проценттен 52 процентке жеткени, сондай-ақ, бул көрсеткишти 2020-жылда 60 процентке жеткериў, буның ушын 2 триллион сумға жақын қаржы ажыратылыўы бул тәлим системасын раўажландырыўдың ең әҳмийетли басқышы. Тарийхта биринши мәрте усы жылдан баслап 6 жасар балаларды мектепке шекем таярлаў системасын енгизиў белгиленди.
Соңғы жыллары илим, билимлендириў тараўында бир қанша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Бул ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи билимлендириў тараўындағы профессор-оқытыўшыларға бир қанша имканиятлар есигин ашып бермекте. Мысалы, 2019-жылы 29-октябрьде Өзбекстан Республикасының «Илим-пән ҳәм әмелий хызмет ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Бул нызам илимий дөретиўшиликте мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли. Онда оқытыўшыларымызды сырт еллердиң жетекши илимий бирлеспелери ҳәм билимлендириў оқыў орынларына қәнигелигин, тәжирийбесин арттырыўға жибериў ўазыйпалары белгиленген. Соның менен бирге, нызамда илимий тараўдағы халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелерин де айрықша ҳуқықый жақтан тәртиплестириў белгиленген.
Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи бул халықаралық илимий бағдарламалар ҳәм жойбарлар шеңберинде илимий хызмет ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады, илимий хызмет субъектлери халықаралық ҳәм сырт елли илимий және технологиялық структураларға ағза болыў, халықаралық илимий бағдарламалар ҳәм жойбарларда қатнасыў, шеклеўлер болмаған жағдайларда, Өзбекстан аймағында ҳәм оның сыртында да сырт елли юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен питимлер дүзиў ҳуқықына ийе екенлиги кепилленген. Бул норма өз гезегинде өзбекстанлы илим-пән пидайыларының хызметин еркинлестиреди ҳәм бул тараўды жаңа басқышқа көтереди.
Жоқарыда көрсетилген ҳүжжетти және де раўажландырыў тийкарында, сондай-ақ, илимий педагог кадрлардың қәнигелигин еле де жетилистириўде Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында усы жылы «Эл-юрт умиди» фонды тәрепинен 700ден аслам алымлар, профессор-оқытыўшылар сырт еллерге илимий излениў ҳәм қәнигелигин арттырыў ушын жиберилетуғынын айтып өтти. Бул усыныслар педагогика хызметкерлериниң неше жыллық арзыў-әрманлары еди. Профессор-оқытыўшылардың раўажланған мәмлекетлерде өз қәнигелигин арттырыўы, тәжирийбе алмасыўы бириншиден, билимлендириўдиң сапасын жақсылайды, екиншиден, педагоглардың жуўапкершилигин күшейтеди.
Президентимиз мектеп питкериўшилерин жоқары тәлим менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке, соң 50-60 процентке жеткериў кереклигин айтып өтти. Жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грантлардың еки есеге көбейттирилиўи, қызларымыз ушын айрықша грантлардың ажыратылыўы мүмкинлигин мәлим етти. Мәмлекетимиздеги ҳәр бир жас Президентимиздиң бул сөзлерин айрықша көтериңки руўхта қабыл етти. Ендигиден былай жаслар сыртқа жумыс ислеўге кетиўден көре, көбирек жоқары мағлыўматлы болып, жақсы қәнигелик ийелеўди мақсет етип қояды. Бул арқалы елимиздеги ҳәр бир жас әўлад билимли, шаққан, талапшаң, ең тийкарғысы, кәмил инсан болып жетилиседи. Ҳақыйқатында да, қай жерде тәлим системасына итибар күшли болса, сол жерде барлық тараўларда раўажланыў болады.
Билимлендириў системасын реформалаўда кейинги ўақытлары елимизде бир қанша ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерин басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы жыл 1-январьдан баслап мәмлекетимизде 10 жоқары оқыў орны тәжирийбе сынаў тийкарында өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткерилмекте. Бул системаға өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет жоқары оқыў орынларының финанслық басқарыў системасын либералластырыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге заманагөй шараятлар жаратып бериў арқалы жоқары тәлимдеги реформалардың нәтийжелилигин ҳәм билимлендириў сапасын арттырыўдан ибарат.
Жәмийетке ҳәм өзине пайда келтириўши шахс болып жетилисиўдиң әҳмийетли факторы бул билим ийелеў болып табылады. Билимсизлик инсанларды наданлыққа алып келеди. Ҳәдислерде айтып өтилгениндей, «Алым бол яки билим үйрениўши бол, яки тыңлаўшы бол, я болмаса билимге ҳәм илим халқына муҳаббатлы бол, бесиншиси болма, жоқ (аяқ асты) боласаң» делинген. Мине усы ҳикметли сөзлер бүгинги күнге шекем өзиниң әҳмийетин жойтқан жоқ.
Солай екен, Президентимиздиң 2020-жылды «Илим-мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәриялаўы тосыннан емес. Әлбетте, ондағы тийкарғы мақсет тәлим-тәрбия, илим-пәнге деген итибардан келип шығып, жаңа Өзбекстанды дүньядағы раўажланған еллердиң қатарына алып шығыў, мәмлекеттиң экономикасын жоқарылатыў, халықтың абаданлығына ерисиўден ибарат. Бул мақсетлерге ерисиў ушын биринши гезекте билимли, илимли, терең пикирлейтуғын кадрлар зәрүр. Оған тек ғана жедел реформалар, илим-билим ҳәм инновация менен ерисе аламыз. Буның ушын басламашылық қәбилетине ийе, стратегиялық пикирлейтуғын, билимли ҳәм қәнигели жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаў дәўир талабы болып табылады.
Зухра РЕЙМОВА,
юридика илимлериниң докторы, профессор,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.