Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:33:36, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ЖАРЫСТЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы спорт шебери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы Мурат Сәрсенбаевтың сыйлығы ушын 2000-2002-жыллары туўылған жаслар арасында дзюдо бойынша халықаралық жарыс болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Дзюдо федерациясы шөлкемлестириўинде еки күн даўам еткен жарысқа Өзбекстанның бир қатар ўәлаятларынан, Ташкент қаласынан ҳәм республикамыздан 200ге шамалас спортшы қатнасты.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Өзбекстан Республикасы Дзюдо федерациясының бас хаткери Б.Акрамов, Өзбекстан Республикасы Миллий олимпиада комитети Президентиниң кеңесгөйи Н.Худойқулов шығып сөй­леп, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  елимизде ғалабалық спортты раўажландырыў, талантлы спортшыларды тәрбиялаў, заманагөй спорт объектлерин қурыў мәселелерине қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Бир ғана мысал, усы жарыс өткерилип атырған 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине (манеж)де жергиликли бюджет есабынан 9 миллиард 618 миллион 531 мың сумлық реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Өткен жыл даўамында мектеп тәрбияланыўшылары Өзбекстан, Азия чемпионаты ҳәм кубокларында, жәҳән чемпионаты ҳәм турнирлеринде  жәми 40 алтын, 39 гүмис, 49 қола медалын қолға киргизди.

Жақында елимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, халық арасында саламат турмыс тәризи кеңнен енгизилип, бул бағдарда аймақларда халық, әсиресе, жасларымыз ушын жаңа ғалабалық спорт объект­лерин қурыў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылады. Соның менен бирге, быйыл Токиода болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында спортшыларымыздың мүнәсип қатнасыўы ушын ҳүкимет ҳәм Миллий олимпиада комитети тәрепинен бир қатар шараятлар жаратылады.

Мурат Сәрсенбаев жети жасынан баслап  биринши устазы Асаматдин Қабуловтың басшылығында  гүрес пенен шуғыллана баслады. Буннан кейин белгили тренерлер Георгий Гамгабели ҳәм Омар Бестаевлардан дзюдо сырларын үйренди. Өткен дәўир ишинде ол дзюдо, самбо ҳәм «Туран» гүреси бойынша бир нешше мәрте халықаралық ҳәм елимиз көлеминдеги жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келди. 1987-жылы оған спорт шебери дәрежеси берилди.

Бүгинги күни республикамызда жас спортшыларды таярлаў жолында жемисли мийнет етип келмекте. Әсиресе, республикамызда «Туран» гүресин, регби, сондай-ақ, велоспорт ҳәм қылышласыў спорт түрлерин раўажландырыўда белсендилик көрсетти. Оның тиккелей басламасы менен 2007-жылы Нөкис қаласында, 2008-жылы Самарканд қаласында, 2009-жылы Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында «Туран» гүреси бойынша Азия чемпионаты өткерилди. Ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң басламасы менен ашылған Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бо­йынша Нөкис жоқары шеберлик мектебиниң директоры лаўазымында ислеп келмекте.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәм­лекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан кейин япониялы белгили спортшы, дзюдо бойынша 7-дан ийеси Томоо Ториидиң жас спортшылар менен көргизбели шығыўлары болды.

— Жаслар арасында денетәрбия ҳәм спортты, соның ишинде дзюдоны раўажландырыўға қаратылып атырған итибар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте, - дейди дзюдо бойынша жәҳән чемпионы, Өзбекстан сайланды командасының тренери Томоо Тории. — Бүгинги күни Өзбекстан спорттың усы түринен жәҳәнде жетекшилерден бири есапланады. Ҳәзирги ўақытта Токиода болып өтетуғын Олимпиада ойынларына қызғын таярлықлар көрип атырмыз. Төрт-бес салмақ категориясында сыйлы орынларды ийелеўге имканият бар. Олар арасында қарақалпақстанлы спортшының бар екенлигин мақтаныш пенен айта аламан.

Арал теңизи туўралы көп еситсем де, үлкеңизге биринши мәрте келиўим. Жас спортшы­ларға жақсы шараятлар жара­тыл­ғанының гүўасы болдым. Хал­қыңыздың миймандослығы мен де айрықша тәсир қалдырды.

Буннан кейин беллесиўлер басланды. Өз салмақ категорияларында Хорезм ўәлаятынан А.Садуллаев, Ж.Бахтияров, Ташкент қаласынан М.Сайдуллаев, Наўайы ўәлаятынан З.Усманов, А.Исмаилов,  Нөкис қаласынан Е.Сәрсенбаев, Бухара ўәлаятынан М.Еркиновлар биринши орынларды ийелеп, халықаралық жарыстың жеңимпазлары болды.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF