Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:46:01, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИДЕОЛОГИЯЛЫҚ ИММУНИТЕТ КҮШЛИ БОЛСА...

Тарийх өзге аймақларды басып алыў мақсетинде қолланылатуғын урыс қуралларының үзликсиз жетилисип барғанын көрсетеди.

Ол найзалардан тартып автомат қуралларына шекем, зеңбиреклерден тартып жер жүзиниң ҳәр қандай ноқатына қәтесиз жетип баратуғын континентлер аралық баллистикалық ракеталарға шекем болған узақ жолды басып өтти.

Бул қураллар басып алыныўы керек болған аймақлардың халқын физикалық жоқ етиўге қаратылған еди. Бүгинги күнде болса, өзге аймақларды басып алыў ушын оларды қырып таслаў шәрт емес. Ал, сана-сезими бағындырылған, көзқарас ҳәм кейпиятлары «мақул» жөнелиске өзгертилген жергиликли халық жәрдеминде ҳәр қандай байлық, тәбий­ғый ресурсларға ийелик етиў мүмкин болып қалмақта.

Мәмлекетимиз ишинде өзлериниң ғайрыинсаный ҳәм ғайрыисламый идеяларын тарқатыўға ҳәрекет етип атырған диний экстремистлер де мине усындай ғәрезли мақсетлерин, яғный, жасларды алжастырыў, олар жәрдеминде мәмлекетти өзиниң раўажланыў жолынан шетлетип жибериўге умтылады.

Жер жүзиндеги көп ғана мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, ири алымлар, қәнигелер, әсиресе, жаслар дүньяда тынышлықтың ҳүким сүриўиниң ҳәр қандай қәўиптиң алды алыныўынан мәпдар екенлигин сезбекте ҳәм буның ушын барлық күш, имканиятларды жумсамақта.

Тилекке қарсы, аўыр жынаят пүткил дүньяда инсанлардың басына үлкен қәўип-қәтер салмақта, планетамыздың тынышлығын бузбақта. Кейинги жылларда болса «терроризм» атамасы көп мәрте тилге алынбақта. Терроршылық оғада қурамалы жынайый ҳәдийсе есапланады.

Бүгинги күнде «Террор», «Терроризм», «Терроршылық ҳәрекети», «Мәмлекетлик терроризм», «Халықаралық терроризм» сыяқлы ҳуқықый атамалардың ҳәр бирин талқылаўға зәрүрлик сезилмекте.

Терроризм әмелдеги дүзимге қарсы сиясий гүрес алып барыў, адам өлтириў, тосқынлық етип атырған топар (жәмийет) басшысының жанына қастыянлық етиў менен характерленеди. Оның тарийхы узақ өтмишке барып тақалады.

Абу Райхан Беруний де «Өтмиштен қалған естеликлер» китабында мине усындай жеркенишли ўақыялар ҳаққында тоқталып өтеди.

1928-жылы Мысырда Ҳасан-ал Банно «Ихвон ул-муслимин» («Мусылман бирадарлар») жәмийетин дүзеди ҳәм «Фан ул-мавт» («Өлим пәни») китабын жазады. 1980-1990-жылларда 30 ға жақын мәмлекетте ихвонлар ҳәрекет ете баслады. «Жамоати ал-муслимин» топары болса өзиниң терроршылық ис усылы менен ажыралып турар еди.

Мысыр әскерий трибуналы бул топарды нызамға қарсы деп жазаға тартқанынан кейин де топар тарқалып кетпей, «Ат-такфир вал ҳижро» атамасы менен ҳәрекет етти. 1981-жылы қастыянлық шөлкемлестирилип, Президент Анвар Садат өлтирилгеннен кейин «Мусылмон бирадарлар» диний экстремистлик шөлкеминиң басшысы қамаққа алынды. 1994-жылы Аўғанстанда жүзеге келген диний-сиясий күштиң қолы қай жерге жетсе, сол жерде инсан ҳуқықы аяқ асты етиледи. Аўыллар ўайран етилди. Посқынлар таланды.

Усындай шараятта ғайриинсаный, соның ишинде диний экстремистлик идеяларға қарсы тура алыў ушын пуқараларымызда идеоло­гиялық иммунитетти қәлиплестириў орайлық мәселелерден бирине айланбақта. Инсанның туўма болған мине усындай улыўма иммунитет системасынан парқ­лы рәўиште идеологиялық иммунитетти қәлип­лестирип барыў зәрүр. Ол қол қатылмаслықты тәми­йинлеўге хызмет етеди. Идеологиялық иммунитет системасының тийкарғы ҳәм биринши элементи — бул билим. Бирақ, билимлер көп. Диний экстремизм ҳәм терроризм тәрепдарлары да анық билимлерге таянады ҳәм оны халықтың санасына сиңдириўге ҳәрекет етеди. Демек, идеологиялық иммунитет системасындағы билимлер объектив болыўы, шынлықты дурыс ҳәм толық сәўлелендириўи, инсан мәнаўиятының байыўы ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына хызмет етиўи лазым. Бул бир тәрепинен. Екинши жағынан, бул билимлер өзиниң мазмуны ҳәм әҳмийетине көре, Ўатан, миллет, инсаният мәплери менен тығыз байланысқан болыўы керек. Пуқараларымыздың ҳақыйқый ислам дини ҳаққында қалыс ҳәм жетерли билимге ийе болыўы диний экстремизмге қарсы иммунитетти қәлиплестириўдиң тийкарғы формаларынан бири есапланады.

Ҳақыйқый ислам дини ҳаққында анық билимлерге ийе болыў, оның байрағы астында тарқатылып атыр­ған идеялар, көзқараслар ҳәм ҳәрекетлерди дурыс баҳалаў, олардың мазмуны жағынан ислам қәдириятларына пүткиллей қайшы екенлигин аңлап жетиўге хызмет етеди, деген жуўмақты шығарыў имканын береди.

Солай екен, ержетип кия­тырған ҳәр бир перзентимизди күшли идеологиялық иммунитетке ийе шахс сыпатында тәрбиялаў азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм абадан турмысты тәмийинлеўдиң тийкарғы шәртлеринен бири болып қала береди.

 

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF