ОҚЫЎШЫЛАРҒА КИТАПЛАР САЎҒА ЕТИЛДИ
Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламаларының төртиншиси халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған.
Бул ийгиликли басламалар кең жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланып, бир қатар жәмийетлик шөлкем ўәкиллери орынларда ушырасыўлар өткерип, өзлериниң китап текшелеринде бар болған әдебий китапларын оқыўшы-жасларға саўға етпекте.
Усы илажлар шеңберинде жақында республикамыздағы бир қатар жоқары оқыў орынларының ўәкиллери ҳәм белсенди жаслар Президент мектебине барып, оқыўшылар менен ушырасты. Келген мийманлар мектеп оқыўшылары менен сәўбетлесип, олар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, оқыўшы жаслардың китапқа болған қызығыўшылығын арттырыўда ҳәр бир жоқары оқыў орны басшылары өзлери менен алып келген ҳәр қыйлы атамадағы китапларын оқыўшы жасларға инам етти.
Президент мектебинде оқыўшыларға қәнигелескен бес пән инглис тилинде өтилиўи енгизилген. Солардың бири көркем өнер (Art) пәни болып табылады, - дейди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры П.Палўаниязов. Ушырасыў барысында әдебий ҳәм көркем өнерге байланыслы китапларды оқыўшы жасларға саўға еттик. Әлбетте, бул көркем шығармалардан оқыўшылар өзлерине керекли билим ҳәм көнликпелерге ийе болады деп ойлаймыз...
Илаж соңында мектеп оқыўшылары әдебий китаплар саўға еткени ушын жоқары билимлендириў мәкемелери басшыларына өз миннетдаршылықларын билдирди.
А.ОРАЗОВ,
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы БСҚБ бас қәнигеси.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.