Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:24:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУЎХЫЙ КҮШ ­ ЕЛДИҢ ҚҮДИРЕТИ

Тез пәт пенен раўажланып атыр­ған турмысымызда илим, билимлендириў, жасларды ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда мәнаўият ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлардың әҳмийети үлкен екенлиги белгили.

Тарийхымызға нәзер салсақ, белгили философтың атланысқа таярлық көрип атырған императорғаF «Қайсыдур елди бағындырып жаўлап алып ҳәм сол елге узақ жыллар ҳүкимдарлық етиў ушын ол халықтың мәнаўиятын жоқ етиў керек. Мәнаўияты жоқ елде аўызбиршилик болмайды, ыдыраўшылық көп болады» деген пикири халық мәнаўиятының қаншелли әҳмийетли екенлигин билдиреди. Соның ушын да, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдары да илим, билимлендириўди раўажландырыў, жаслардың дүньяға көзқарасын заманагөй билим, жоқары мәнаўият ҳәм ағартыўшылық тийкарында қәлиплестириўден ибарат.  Буның дәлили сыпатында 2019-жыл 31-декабрьде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң «Үзликсиз мәнаўий тәрбия Концепциясы ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўин атап өтиўге болады.

Концепцияны қабыл етиўдеги тийкарғы мақсет, келешегимиз тийкарын жарататуғын жаслардың үзликсиз тәрбиясы менен байланыслы. Онда үзликсиз мәнаўий тәр­бияның төрт басқышта алып барылыўы тийкарлап берилген. Концепцияның мазмун-мәниси, әҳмийети ҳәм белгиленген ўазыйпалар ҳаққында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Үзликсиз мәнаўий тәрбия Концепциясын әмелге асырыў мәселелери» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияда «Мәнаўият қүдиретли күш ­ тәрбияның бас буўыны» баянаты менен академик Ж.Базарбаев, «Жаңа ӨзбекстанF жаңа тәрбияның концептуал тийкарлары» ҳаққында институт ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қ.Қадиров, «Шаңарақларда үзликсиз мәнаўий тәрбияны әмелге асырыў мәселелери» ҳаққында Баслаўыш тәлим факультети деканы У.Сейтжанова, «Мектепке шекемги билимлендириў системасында үзликсиз мәнаўий тәрбияны әмелге асырыў жоллары» баянаты менен Мектепке шекемги тәлим кафедрасы баслығы Г.Жумашева, «Улыўма орта билимлендириў системасында мәнаўий тәрбияны шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў мәселелери» бо­йынша доцент А.Пазыловлар шығып сөйледи.

Конференция қатнасыўшылары Концепцияда белгиленген ўазыйпалар ҳаққында өз-ара пикирлер алыс­ты.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF