Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:34:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕХНИКА АЛМАҚШЫ БОЛСАҢЫЗ...

Елимизде жүргизилип атырған экономикалық реформалар нәтийжесинде аўыл хожалығы тараўының жыл сайын жоқары жетискенликлерди қолға киргизип атырғаны сыр емес.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде аграр тараўын еле де раўажландырыўға ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар берилип атыр. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Аўыл хожалығы тараўындағы реформаларды буннан былай да тереңлестириў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, ең әҳмийетлиси, тараўдың экономикасын және де жоқарыға көтериў, аўыл халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында фермер хожалықлары диверсификациялаўды шәрт етип қоймақта. Бунда алып барылып атырған айрықша ўазыйпалар сыпатында фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа техника ҳәм технологияларды енгизиў тийкарында жақсылаў ҳәм жаңалаўды атап өтиў мүмкин.

Кейинги жылларда фермер хожалықлары жумыс барысын диверсификациялаў нәтийжесинде заманагөй техникалардан пайдаланыў арқасында жоқары жетискенликлерге ериспекте.

Аўыл хожалығын заманагөй техникалар менен тәмийинлеўде лизинг системасын экономикалық қоллап-қуўатлаў бүгинги күнде тек фермер хожалықларының ғана емес, ол, республикамыздың барлық агросанаат секторы кәрханаларының алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Техниканы лизинг тийкарында сатып алыўдың абзаллығы — бул қолайлы ҳәм нәтийжели хызмет болып, техника баҳасының бир бөлеги аванс сыпатында алдыннан төленеди, ал, қалған тийкарғы бөлеги болса лизинг проценти менен қосылған ҳалда бир неше жыл даўамында төленип барылады.

Фермер хожалықларын лизинг ар­қалы техника менен тәмийинлеўде «Өзагролизинг» акционерлик жәми­йети хызметиниң көлеми және де арт­пақта. Жәмийеттиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен лизинг хызметин көрсетиў арқалы фермер хожалықлары заманагөй, жоқары өнимли техникаларға ийе болмақта. Бунда тийкарғы итибар техникаға болған талапқа карай айдаў ҳәм сүрим тракторлары, комбайнлар, пневматик төгин егиў сеялкалары, қосымша тиркемелер, ОВХ, минерал төгин себиў үскенелери ҳәм тағы бас­қа да көплеген техникаларды лизингке жеткерип бериўге қаратылған.

Филиал тәрепинен 2019-жылы республикамыздың аўыл хожалығы кәрханаларына жәми баҳасы 56,2 млрд. сумлық 656 дана, соннан 18,1 млрд. сумлық 17 дана «СASE» ҳәм «Доминатор-130» маркалы ғәлле орым комбайнлары, 9,5 млрд. сумлық 17 дана «New Holland Т-6070» маркалы, 1,7 млрд. сумлық 2 дана «Arion-620c» ҳәм 1,2 млрд. сумлық 1 дана «John Deere»  маркалы жоқары өнимдарлы сүрим тракторлары, 5,3 млрд. сумлық 19 дана «New Holland ТD-5.110» маркалы универсал сүрим тракторлары, 2,5 млрд. сумлық 13 дана «ТТZ-100HC» ҳәм «ТТЗ-811» маркалы қатар арасын ислеўши тракторлар, 1,5 млрд. сумлық 11 дана плуглар, 749 млн. сумлық 5 дана лазерли жер тегислегишлер, 899 млн. сумлық 74 дана минерал төгин шаш­қышлар, 5,0 млрд. сумлық 335 дана бүркегишлер, 1,1 млрд. сумлық 34 дана пахта ҳәм дән егиў сеялкалары ҳәм 8,5 млрд. сумлық 128 дана басқа да аўыл хожалығы техникалары жеткерип берилди.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдеги «Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы 578-санлы қарары тийкарында лизинг алыўшы тәрепинен аўыл хожалығы техникасы сатып алынғанда олардың процент қәрежетлериниң белгиленген процент ставкасының 10 процентлик пункти муғдарында бюджет тәрепинен қаплап бериў сыяқлы жеңилликлер быйылғы жылдан баслап берилиўи көзде тутылған. Бул өз нәўбетинде ҳүкиметимиз тәрепинен аўыл хожалығы кәрханаларының, соннан фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги жеңилликлердиң бири болып есапланады.

Б.ТЛЕЎБЕРГЕНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF