Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:25:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЗ БӘРҚУЛЛА ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНАМЫЗ

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Парламентине Мүрәжатын үлкен қызығыўшылық пенен тыңлар екенбиз, Журт­басшымыздың ҳәр бир пикиринде Өзбекстан Республикасында жасаўшы ҳәр бир пуқараның мәплерин гөзлейтуғын, олардың турмысын, жасаў шараятын жақсылаўға қаратылған жақсы басламаларын биз жүректен сезинип отырдық.

Президент халық мәпи ушын дурыс шешими табылмай атырған әҳмийетли мәселелерди тек ғана айтып ямаса тапсырмалар бериў менен шекленбестен, ҳәр бир мәселениң анық шешимлерин, қалай еткенде халқымыздың турмыс шараятын буннан да жақсылаў жолларын анық санлар менен көрсетип берди.

Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында ҳаял-қызлар ролиниң арттырылыўы ­ миллий ҳәм демократиялық қәдириятларды және де раўажландырыўға хызмет етеди. Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәр бир шығып сөйлеген сөзлеринде аналары­мызға, апа-сиңлилеримизге, жас  қызларымызға болған итибары журтымызда ҳаял-қызларға болған итибардың жоқары үлгиси есапланады. Мүрәжатта Президентимиз ҳаял-қызларды ҳәм жасларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў мәселелерине айрықша тоқтап: «2020-жыл ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтеремиз» деген сөзлери мәмлекетимиздиң бәрше ҳаял-қызлары сыяқлы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызларының да ҳәр бирине шексиз қуўаныш бағышлады.

2020-жылда 5,5 мың ҳаял-қыздың киши бизнес бағдарындағы жойбарларына 100 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредитлердиң берилетуғынлығы, буның ушын банклерге мәмлекетлик бюджеттен ресурс ажыратылатуғынлығы, буннан тысқары, 1 мың 576 ҳаял-қызға жаңа турақ жайларға ийе болыўы ушын бюджет есабынан басланғыш төлем төлеп берилетуғынлығы айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларды исбилерменлик орайында 5 әҳмийетли баслама шеңберинде қысқа оқыў курсларында оқытыў шөлкемлестириледи.

Президентимиз Шығыс данышпанларының пикирлеринен келтирип: «Ең үлкен байлық ­ бул ақыл-ой ҳәм илим, ең үлкен мийрас ­ бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық ­ бул саўатсызлық болып есапланады», - деп атап өтти. Мине, усындай үлкен байлыққа ийе болыўда ҳаял-қызларымыздың имканиятын және де арттырыў, жоқары оқыў орынларында оқыйман, билим аламан, илим үйренемен деген қызларымыз ушын өз алдына бөлек грантлар ажыратылыўы, бул мәселеде ҳаял-қызлар комитетлериниң усыныслары тийкар болатуғынлығы қызларымыз ушын үлкен жеңиллик, ал, Ҳаял-қызлар комитетиниң абырайын көтериў ушын және бир үлкен адым есапланады.

Президентимиздиң қызларымыздың жоқары оқыў орнында тәлим алыўы ушын өз алдына грантлар ажыратыў ҳаққындағы пикирин еситип, туўрысы, өзим ҳәм ана, ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң басланғыш шөлкеми жетекшиси сыпатында қатты қуўандым, себеби, қызларымыздың тәлим-тәрбиясына үлкен итибар бериў, олардың ҳүрмет-иззетин орнына қойыў ­ бул әзел-әзелден ата-бабаларымыздан киятырған миллий қәдирият, миллий тәрбия есапланады. Қызларымыздың тәрбиясына айрықша итибар берилип, оқып билим алып, жоқары мағлыўматлы болса, ертеңги күни олар аналар, келешекте шаңарақ қурыўда да, өз перзентлерин билимли, илимли етип тәрбиялаўда да қыйналмайды. Шаңарақта билимли анадан тәрбия алған перзентлер ертеңги күни жәмийетимиздиң раўажланыўына, келешегимиздиң айдын болыўына өз үлесин қосатуғын инсанлар болып жетилисиўине гүман жоқ.

Мүрәжатта келешек әўладымыздың бәркамал болып жетилисиўи ушын оларды киши жасынан таярлап барыўда мектепке шекемги системаны және де кеңейтиў, кем тәмийинленген қатламның, жалғыз баслы пуқаралардың социаллық қорғалыўына итибар күшейтилиўи, әсиресе, жалғыз баслы, майып аналарымызға итибар қаратылып, ғамқорлық көрсетиў ҳәм тағы бас­қа да бир қатар ўазыйпалардың барлығы бүгинги әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың қатнасыўшысы сыпатында ҳәр биримизде жеке жуўапкершиликти және де күшейтеди.

Халқымыз ушын ең муқаддес қәдириятлардың бири ­ бул ҳәр бир инсанның өз шаңарағына, өз үйине, халқымыз тили менен айтқанда, өз Ўатанына ийе болыўы. ПрезидентимиздиңF «Мениң ең үлкен нийетим сол, Ўатанымыз ишинде ҳәр бир инсан өзиниң «киши ўатаны»на ­ турақ жайына ийе болса, бизден халқымыз да, Жаратқан да разы болады» деп жанкүйерлик пенен билдирген пикирлери, «Кәмбағаллықты азайтыў» бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етиўи социаллық қыйын жағдайдағы ҳаял-қызларымыз, аналарымыз ушын жоқары ғамқорлықтың және бир үлгиси есапланады. Себеби, шаңарақтағы жетиспеўшиликтен ең әўеле ана қәлби қыйналады, кеўли қабарады. Сонлықтан да, Президентимиз:  «Ҳаял-қызларға болған ҳүрмет-итибар ­ ең әўеле шаңараққа, жәмийет келешегине бол­ған итибар», - деп ҳәр бир шығып сөйлеўинде тәкирар-тәкирар айтпақта.

Журтбасшымыз көрсетип берген «Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен» бағдарламасы шеңберинде де ең дәслеп аналар, ҳаял-қызларымыз мәпдар. Усы орында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың киши бизнес-жойбарлары ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўының даўам еттирилиўи, исбилерменлик орайларында оқытылыўы, исбилерменлик уқыбына ийе болмағанларды өнерментшиликке үйретиў ҳәм кәсипке қайта таярлаў ислери, булардың ҳәммеси Ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм олардың төменги буўынлары болған орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң алдына да үлкен ўазыйпаларды жүклейди.

Сонлықтан да, ҳәр биримиз өзимиздиң исимиз, ақыл-ойымыз, илим-билимимиз, мәнаўий күшимиз бенен, Президентимиз айтып өткениндей, ҳәммемиз бир тән, бир жан болып биргеликте ҳәм аўызбиршиликте ҳәрекет етип, ҳадал ҳәм пәк болып жақсы нийет пенен мийнет етсек, ҳәр қандай бийик шыңды ийелеўге, басқаша етип айтқанда, тарийхымыздың жаңа бетин жаратыўға таярмыз. Бул жолда биз бәрҳа қүдиретлимиз.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң пүткил жәмәәти, соның ишинде ҳәр бир педагог ҳаял-қызы жаңа Өзбекстанымыздың жаңа басқышқа көтерилиўи, илимди раўажландырыў, билимли ҳәм қәнигели жаңа әўлад кадрларын таярлаў жолында өзлериниң бар билимин, күш-жигерин жумсайды.

Инжайым СЕЙТНАЗАРОВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти,

филология илимлериниң кандидаты, университет Ҳаял-қызлар комитети

баслан­ғыш шөлкеми баслығы.

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF