Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:51:58, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САНЛЫ ЭКОНОМИКА ҲӘМ ОНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Бәршемизге мәлим, 2020-жыл мәмлекетимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәрияланыўы менен пуқараларымызда «санлы экономика» атамасы ҳаққында көплеген сораўлар пайда бола баслады.

Соларды есап­қа алған ҳалда санлы экономика ҳәм оның әҳмийети ҳаққында экономист қәниге сыпатында өз пикирлеримди билдирмекшимен.

Дәслеп санлы экономиканың өзи не, биз санлы экономика дегенде нелерди түсинемиз? сыяқлы сораўларға жуўап табыўға ҳәрекет етемиз.

Санлы экономика — бул экономикалық, социаллық ҳәм мәдений байланысларды санлы технологияларды қолланыў тийкарында әмелге асырыў системасы. Айырым жағдайларда ол интернет экономикасы, жаңа экономика, сондай-ақ, веб-экономика терминлери менен де сәўлелендириледи.

«Санлы экономика» термини әмелиятқа 1995-жылда америкалы программист Николас Негропонте тәрепинен киргизилген. Ҳәзирги ўақытта бул термин пүткил дүнья жүзиндеги дерлик барлық сиясатшылар, экономистлер, журналистлер, сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен қолланылмақта. 2016-жылда Жер жүзилик банк дүньядағы санлы экономиканың жағдайы ҳақ­қында биринши мәрте баянатын жәриялады.

Санлы экономиканың әпиўайы экономикадан өзгешелиги неде?

Санлы экономиканың әпиўайы экономикадан тийкарғы өзгешелигин төмендеги мысалларда түсиниўимиз мүмкин. Мысалы, қарыйдарға пальто, куртка ямаса аяқ кийим керек. Оны базарға барып өзи тиккелей таңласа ҳәм нақ пул­ға сатып алса, бул әпиўайы биз билетуғын товар хожалығына тийкарланған экономика.

Телеграмдағы қандай да саўда системасы арқалы өзине мақул товарды таңлап, товар ийесине пулды электрон төлеў системасы арқалы төлеў ҳәм товарды жеткерип бериў хызмети арқалы алыў — санлы экономика деп жүргизиледи. Бул мәселениң ең әпиўайы турмыслық хызмет мысалында түсиндириў есапланады. 

Анығырақ етип айтқанда, биз ҳәммемиз әлле қашан санлы экономиканың ишиндемиз, оның қолайлылықларынан пайдаланып атырмыз. Мысалы, хызмет ҳақы, пенсия, стипендия сыяқлы дәраматларымыз плас­тик карталарға түседи ҳәм биз электрон төлеў системасы арқалы коммуналлық хызметлер, телефон, интернет ҳәм бас­қа да өним ҳәм хызметлерге төлеймиз, электрон тәризде салық декларациясын тапсырамыз, картадан картаға пул өткеремиз, үйге товарлар буйырт­па беремиз. Мине усылардың өзи бизиң санлы экономикаға кирип келгенлигимизди аңлатады.

Халқымыз соны туўры түсиниўи керек, санлы экономика — бул нольден баслап жаратылыўы тийис бол­ған қандай да басқаша экономика емес.  Бул жаңа технологиялар ҳәм бизнес моделлерин жаратыў ҳәм де оларды күнделикли турмыс­қа енгизиў арқалы әмелдеги экономиканы жаңаша системаға айландырыў дегени.

Санлы экономика төмендеги белгилерге ҳәм қолайлылықларға ийе.

Белгилери:

- жоқары дәрежеде авто­мат­ластырылғанлық;

- электрон ҳүжжет алма­сыўы;

- бухгалтериялық ҳәм бас­қарыў системаларының электрон интегра­ция­ласыўы;

- мағлыўматлардың элек­трон базалары;

- CRM (клиентлер менен өз-ара қатнасық системасының) бар екенлиги.

Қолайлылықлары:

  1. Төлемлер ушын қәрежетлер кемейеди (мысалы, банкке барыў ушын жол ҳақы ҳәм басқа ресурслар үнемленеди).
  2. Товарлар ҳәм хызметлер ҳаққында көбирек ҳәм қысқа мүддетте мағлыўматлар алынады.
  3. Санлы дүньядағы товар ҳәм хызметлердиң дүнья базарына шығыў имканиятлары үлкен.
  4. Тутыныўшының пикирин тез алыў есабынан товар ҳәм хызметлер жедел жетилистириледи.
  5. Қысқа мүддетли, сапалырақ, қолайлырақ.

Санлы экономиканы раўажландырыў бизге не береди?

Санлы экономика инсанлардың турмыс дәрежесин сезилерли дәрежеде арт­тырады, бул оның тийкарғы пайдасы.

Санлы экономика коррупция ҳәм «жасырын экономика»ға қарсы гүресиўши тийкағы қурал есапланады. Себеби, санлар барлық нәрсени мөрлеп қояды, ядта сақлайды, керекли ўақытта мағлыўматлар тез усыныс етиледи. Бундай шараятта қандай да мағлыўматты жасырыў, жасырын келисимлер дүзиў, қандай да хызмет ҳаққында толық мағлыўмат бермеўдиң илажы жоқ, компьютер ҳәммесин көрсетип береди.

Мағлыўматлардың көп­лиги ҳәм системалылығы жалған ҳәм қыңыр ислерге жол бермейди, себеби, системаны алдаўдың имканияты жоқ. Нәтийжеде қаржыларды урлаў, нәтийжесиз ҳәм мақсетсиз жумсаў, көбейтип ямаса жасырып көрсетиўге мүмкиншилик қалмайды. Бул болса экономикаға легал (нызамлы) қаржылардың ағымын арттырады, салықлар өз ўақтында ҳәм туўры төленеди, бюджеттиң бөлис­тирилиўи ашық болады, социаллық тараўға бағдарланған қаржылар урланбайды, мектеплер, емлеўханалар, жолларға ажыратыл­ған пуллар толық жетип барады.

Мәмлекеттиң санлы экономиканы раўажландырыў жолын таңлағанлығы информациялық технологиялар тараўында ҳәм улыўма, электрон ҳүжжетлер айланысы тараўында жаңа бағдарлар ашып береди. Санлы технологияларға қарай бағдар алыўға пүткил дүнья жүзлик интернет тармағы ҳәм сапалы байланыстың раўажланыўына себепши болды.

Өзбекстанда санлы экономика қандай дәрежеде раўажланған?

Бул жерде соны айтыў керек, бүгинги күнде пайдаланыўшылар азық-аўқат ҳәм басқа да  өнимлерге бу­йыртпа бериў ушын Телеграмдағы саўда системасынан (ботлардан) белсене пайдаланбақта. Сондай-ақ, түрли интернет дүканлар, электрон төлеў системалары да жедел раўажланып бармақта. Демек, пуқараларымыз элек­трон келисимлерди әмелге асырыўға исенип атыр. Ҳәзирги ўақытта пуқараларымыз үлкен қәрежет талап етпейтуғын киши келисимлерди әмелге асырмақта, орташа сатып алыў муғдарын арттырыўға болса оншелли таяр емес. Ендиги мәселе орташа, ири келисимлер ҳәм финанслық операцияларды санлы технологиялар арқалы әмелге асырыўды раўажландырыўдан ибарат.

Санлы экономиканы ким раўажландырады?

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы миллий агентлиги санлы экономиканы енгизиў ҳәм раўажландырыў тараўында ўәкилликли уйым есапланады. Буннан тысқары, Экономика ҳәм санаат, Қаржы, Информациялық технологиялар, Әдиллик министрликлери, Орайлық банк ҳәм бас­қа бир қатар мәмлекетлик структуралар санлы экономиканы раўажландырыў ушын өзине тән жуўапкершилик ҳәм ўазыйпаларға ийе.

Президентимиз өз Мүрәжатында атап көрсеткениндей, 2020-жыл ҳәр биримиз ушын үлкен сынақ ҳәм жуўапкершиликли жыл болады. Сонлықтан жасырын экономиканы сапластырыў, санлы экономиканы раўажландырыў ҳәр биримизден үлкен жуўапкершилик ҳәм базар нызамларына сәйкес белсендилик пенен ҳәрекет етиўди талап етеди.

Әдилбай ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

«Экономикалық теория» кафедрасы доценти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF