«TASHKENT PHARMA PARK» ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИЛИМИЙ-ӨНДИРИСЛИК ФАРМАЦЕВТИКА КЛАСТЕРИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Инновациялық ҳәм жоқары сапалы дәри-дәрмақларды, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, халықтың усы өнимлерге болған талабын қанаатландырыў, фармацевтика тараўы қәнигелерин халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында ҳәм талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша таярлаўды, фармацевтика билимлендириўиниң халықаралық илимий жәмийетшилик системасына избе-из интеграцияланыўын тәмийинлеў ҳәм республикада фармацевтика тармағын және де раўажландырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң Ташкент ўәлаяты Қибрай районында «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин (кейинги орынларда — Кластер) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Кластер өз ишине төмендегилерди шөлкемлестириўди қамтып алатуғыны белгиленсин:
а) төмендегилерден ибарат өз инфраструктурасына ийе болған Фармацевтика техникалық университети (кейинги орынларда — Университет):
илимий-изертлеў орайлары ҳәм лабораториялар;
оқыў-илимий лабораториялар ҳәм виварийлер;
фармакопея орайы;
мийманханаға ийе симпозиумлар орайы;
студентлер, оқытыўшылар ҳәм сырт ел хызметкерлери ушын турақ жай;
спорт-саламатландырыў комплекси, суў бассейни ҳәм стадион;
б) инновациялық дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар ислеп шығарыўға мөлшерленген өндирис майданларынан ибарат санаат зонасы (кейинги орынларда — санаат зонасы).
- Төмендегилер:
а) Кластердиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
халықаралық тәжирийбени қолланған ҳалда инновациялық шешимлер (ноу-хау) ҳәм жоқары технологияларды енгизиў арқалы республиканың фармацевтика тармағын раўажландырыў;
фармацевтика тармағында талап жоқары болған қәнигелер бойынша халықаралық оқытыў бағдарламаларына муўапық маман кадрлар таярлаў ушын қәнигелестирилген билимлендириў инфраструктурасын жаратыў;
халықаралық инновациялық системаға интеграцияласыў, заманагөй оқыў-лабораториялары ҳәм илимий-изертлеў орайлары, сондай-ақ, инновациялық инфраструктураны жаратыў арқалы илимий-изертлеў базасын раўажландырыў;
инновациялық ҳәм жоқары сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы ислеп шығарыўға мөлшерленген заманагөй бәсекиге шыдамлы өндирислерди шөлкемлестириў ушын, соның ишинде, сырт ел фармацевтика компанияларының инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларын тартыў;
илимий-билимлендириў ҳәм изертлеў орайларының илимий-техникалық ҳәм инновациялық бағдарламалар, таңлаўлар және грантларда қатнасыўы ушын шараятларды тәмийинлеў;
тәжирийбе ҳәм мағлыўматлардың турақлы алмасыўын шөлкемлестириў арқалы сырт елдиң усы бағдардағы илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, халықаралық изертлеў бағдарламалары, әнжуманлар ҳәм симпозиумларда әмелий қатнасыўды тәмийинлеў;
б) Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника ислеп шығарыў, косметология, тармақ ҳәм бизнести басқарыў тараўларында халықаралық билимлендириў стандартларына муўапық маман кадрларды таярлаў;
фармацевтика тармағында кадрларды таярлаў системасын жетилистириў ҳәм модернизациялаўға бағдарланған инновациялық және нәтийжели билимлендириў бағдарламаларын ҳәм оқытыў түрлерин енгизиў;
билимлендириў ҳәм пәнниң үзликсизлиги ҳәм избе-излиги, сондай-ақ, олардың дүньялық билимлендириўге ҳәм илимий жәмийетшиликке интеграцияланыўы есабынан қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыўды әмелге асырыў;
фармацевтика билимлендириўи, илим ҳәм өндиристиң тығыз интеграциясы ушын шараятлар жаратыў;
фармация, биотехнология, биофармация, фармацевтика тармағы ушын дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар ислеп шығыў және оларды қолланыў тараўында фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер өткериў;
сырт еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары ҳәм исбилерменлер топарлары менен узақ мүддетли байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў.
Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажландырыў қоры (EDCF) линиялары бойынша Корея Республикасы Ҳүкиметиниң узақ мүддетли жеңилликли кредитлерин тартыў арқалы өз инфраструктурасына ийе болған Университетти шөлкемлестириў ҳаққында дәслепки келисимге ерисилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- ТөмендегилерF
«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин шөлкемлестириў концепциясы 1-қосымшаға муўапық;
«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин шөлкемлестириў бойынша әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық;
«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағында жайластырыў усыныс етилип атырған перспективалы инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизими 3-қосымшаға муўапық;
«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағында транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер:
«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластериниң қәўендерлик кеңеси 5-қосымшаға муўапық қурамда;
мәмлекетлик мәкеме түриндеги «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин раўажландырыў дирекциясы (кейинги орынларда — Дирекция) шөлкемлестирилсин.
Дирекцияның жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда - Агентлик) тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
а) Қәўендерлик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Кластер аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў;
илимий-техникалық қолланбаларды қаржыландырыў ҳәм стратегиялық жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық грантларды тартыўда жәрдемлесиў;
Кластердиң илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў потенциалын раўажландырыў бағдарларын белгилеў;
Университеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, оны заманагөй оқыў-лаборатория ҳәм тәжирийбе-санаат үскенелери менен тәмийинлеўде жәрдемлесиў;
Усы қарар менен белгиленген ўазыйпалар Дирекция тәрепинен орынланыўын мониторинг етиў;
б) Дирекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
алдынғы сырт ел тәжирийбесин, Кластерди халықаралық жәмийетшиликке интеграциялаўды инабатқа алған ҳалда оны раўажландырыў, сондай-ақ, Кластердиң илимий-изертлеў ҳәм өндирис шөлкемлери арасында турақлы кооперациялық байланысларды жолға қойыў;
фармацевтика тараўында биринши илимий қалашаны жаратыўда билимлендириў, илимий ҳәм өндирислик потенциалдан нәтийжели пайдаланыў;
биргеликтеги илимий-изертлеўлерди әмелге асырыўда академиялық, билимлендириў ҳәм тармақлық илим арасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў;
Кластер ағзаларын дизимнен өткериў ҳәм оларға тийисли гүўалықларды бериў, Кластер қатнасыўшыларының реестрин жүргизиў;
Инвесторлар ҳәм Кластер қатнасыўшылары өз мойнына алған миннетлемелериниң зәрүр дәрежеде орынлаўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
Дирекция тәрепинен ислеп шығылған бас режеге муўапық, Агентликтиң қарарына тийкарланып тастыйықланған инвестициялық жойбарларды Кластер аймағында жайластырыў;
санаат зонасы аймағында инвестициялық жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы, иске түсирилиўи ҳәм Кластер қатнасыўшылары нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў ушын оларға зәрүр инфраструктура (электр энергиясы, газ ҳәм суў тәмийнаты, канализация, кириў жоллары ҳәм басқалар) жаратыўға байланыслы мәселелерди шешиўде әмелий жәрдем бериў;
Кластерди раўажландырыўға сырт ел қәнигелерин ҳәм мәсләҳәтшилерин тартыў;
республика фармацевтика тармағын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыўда стратегиялық инвесторларды анықлаў көзқарасынан Кластер аймағында жайластырыў ушын усынылып атырған инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм экспертиза етиў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Дирекцияның жумысын шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- а) Кластер санаат зонасы аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў тиккелей инвестицияларды, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан әмелге асырылатуғыны;
б) инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында қарар усы жойбарға алдынғы технологияларды тартыў, инновацияларды енгизиў дәрежеси ҳәм өндиристиң бәсекиге шыдамлылығы ҳаққында Дирекцияның унамлы жуўмағы алынғаннан кейин Агентлик тәрепинен қабыл етилетуғыны;
в) Кластер ағзалары ҳәм Дирекцияға байланыслы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 26-октябрьдеги «Еркин экономикалық зоналардың жумысын жеделлестириў ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4853-санлы пәрманының 3 ҳәм 4-бәнтлери қолланылатуғыны белгиленсин;
г) Дирекцияны тәмийинлеў, соның ишинде, оның хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў, сондай-ақ, тийкарғы қуралларды сатып алыў төмендеги дәреклер есабынан әмелге асырыладыF
Агентлик жанындағы Өзбекстан Республикасы Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бюджеттен тысқары қоры қаржылары;
Дирекция басқарыўындағы жер участкалары, имаратлар ҳәм объектлерди ижараға бериўден түскен түсимлер;
Дирекция тәрепинен шәртнама тийкарында көрсетилетуғын хызметлерди реализациялаўдан түскен түсимлер;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;
сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;
нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Агентликке Кластерди шөлкемлестириў мақсетинде Дирекцияның талапларына бола Өзбекстан Республикасы Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бюджеттен тысқары қоры қаржылары есабынан төмендеги илажларға төлемлерди әмелге асырыўға рухсат берилсин:
Кластер аймағының бас режеси ҳәм ҳәр тәреплеме режелестириў жойбары, жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў және қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў;
Консалтинг ҳәм инжиниринг хызметлерин көрсетиўде қатнасатуғын сырт ел қәнигелери ҳәм мәсләҳәтшилериниң мийнетине ҳақы төлеў;
Университет профессор-оқытыўшыларының сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде әмелият өтеўи бойынша қәрежетлер;
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған жер участкасында жайласқан турақ жай, өндирис имаратлары ҳәм басқа да имаратлар, объектлер ҳәм дарақлардың бузылыўы себепли, жер участкасы алып қойылғанда мүлк ийелерине келтирилген зыянды қаплаў.
- Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Дирекция менен биргеликте жер участкасының шегараларын белгилеген ҳалда Кластерди жайластырыў ушын ажыратылатуғын аймақларды топографиялық сүўретке алыўды тәмийинлесин;
Кластер шөлкемлестириў ушын Ташкент ўәлаяты Қибрай районында соңынан кеңейтиў имканиятын инабатқа алған ҳалда, улыўма майданы 43,75 гектар жер участкасы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Кластер қурылысы шеңберинде Дирекция, бурынғысынан басқаша тәризде, аўыл хожалығына мөлшерленбеген мақсетлерде алып қойылатуғын суўғарылатуғын жерлер ушын компенсация төлемлерин төлеўден азат етилсин.
- Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәр жылы тийисли жыллар ушын Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасының параметрлерин қәлиплестириўде «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағында транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў ушын капитал қойылмалар лимитлерин ҳәм зәрүр орайластырылған инвестициялар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Агентлик буйыртпаларына бола белгиленген тәртипте Кластер аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў дәўиринде тартылатуғын сырт ел қәнигелери, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларына консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей кириў визалары рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Агентлик буйыртпаларына байланыслы белгиленген тәртипте Кластер аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў дәўиринде тартылатуғын сырт ел қәнигелерине, мәмлекетлик бажы өндирмей көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм созылыўын, сондай-ақ, ўақтынша жасаў орны бойынша ўақытша прописка етилиўин ҳәм оның мүддети созылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги белгиленген тәртипте республикаға жумысшы күшин (Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмағанлар арасынан) тартыўға рухсатнамалар берилиўин (мүддети созылыўын), сондай-ақ, усы пуқараларға Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў менен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў хатлары берилиўин (мүддети созылыўын) тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаўда төмендеги тәртип орнатылсын:
инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқов — узақ мүддетли сырт ел жеңилликли кредитлерин өз ўақтында тартқан ҳалда белгиленген мүддетлерде Кластерди, соның ишинде, Университет ҳәм санаат зонасын шөлкемлестириў бойынша жумыслардың нәтийжели шөлкемлестирилиўин, жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы муўапықластырылыўын, анықланған машқалалар ҳәм кемшиликлердиң тез сапластырылыўын тәмийинлесин;
Агентлик директоры ў.а. С.Х.Кариев — Кластерди нәтийжели басқарыў системасын жаратыў, оны қәлиплестириў процесинде пайда болатуғын күнделикли мәселелерди шешиў, санаат зонасы аймағында жоқары сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника ислеп шығарыў бойынша инновациялық қуўатлылықларды жайластырыў, ислеп шығарылып атырған фармацевтика өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, усы тараўдағы академиялық ҳәм илимий-изертлеў орталығын раўажландырыўды тәмийинлесин;
Ташкент ўәлаяты ҳәкими Р.К.Холматов — жер участкасының шегараларын анықласын ҳәм транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын тәмийинлеген ҳалда оны Кластер шөлкемлестириў ушын ажыратсын, Кластер, соның ишинде, Университет санаат зонасының жумысын шөлкемлестириўде ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2020-жыл 28-январь.