БҮГИН ҲӘМ ЕРТЕҢГИ КҮН ҮМИТИ
Ҳүрметли Президентимиздиң Мүрәжатын тыңлар екенмен, кеўлимде зор арзыў-үмитлер оянды. Дүньяда жүз берип атырған өзгерислер көз алдымда жанланды.
Мүрәжат сөзлери ҳәр бир жүрекке: ол үй бийкеси ме, фермер ме, студент пе, министр ме, ҳәммесине жетип барыўға таяр, қәдимгидей түсиникли ҳәм әҳмийетли еди, оның мазмун-мәниси бүгин ҳәм ертең исленетуғын дөретиўшилик ислерге тырнақ болып хызмет етиўи анық еди.
Президентимиздиң Мүрәжатында айтылғанындай, жәмийет — қайта қурыўлардың басламашысы болып хызмет етеди. Сиз ҳәм бизден, бизге уқсаған миллионлардан қуралған жәмийет бирлессе, Тянь-Шань таўларын жемирип таслаў бизге ҳеш гәп емес. Баслы мәселе, ҳәммени бирлестириўде, мақсетлер тәрепке жөнелис бериўде. Мүрәжат ҳәм мийнеткеш, пидәкер халқымызды дөретиўшиликке қарай бағдарлаўға қаратылған.
Бир шети шөл, бир шети бағ, бир шети теңиз, бир шети таў шексиз Өзбекстанымыз жер асты ҳәм жер үсти байлықларына кән, бәринен де зыяты мийнеткеш, ақ кеўил, таўды талқан етиўге қүдирети жететуғын адамлары менен мақтанса арзыйды. Оларды бир мақсет — туўылған журтты абат етиў ушын бағдарлаў жолбасшының мойнына жүкленген. Ҳүрметли ҳәм оғада машақатлы ўазыйпаны жүректен сезинген Журтбасшымыз усы жыл ҳәм жақын келешекте иске асырыўы дәркар болған жөнелислерге әҳмийет қаратты.
Өткен үш жыл ишинде елимизде исленген ислерди бирме-бир атап өтиўдиң өзи көп ўақыт алған болар еди. Аўыл ҳәм қалаларымызға нәзер тасласақ, өткен жылда абаданластырылған сәл-кем 500 аўылдың ҳәм 100 ден зыят мәҳәллелердиң салмақлы үлеси Қарақалпақстан аймағына туўры келеди. Нөкисте ҳәм район орайларында мыңлаған турақ жайлар қурылды. Пайтахт Нөкисте усы жылдың өзинде 16 этажлы 3 имарат қурылысы басланыўы күтилмекте. Үлкен жолда баратырып шетки аўыллардың көк, жасыл реңли шиферли үйлерин көрип, көз қуўанады. Халықтың турақ жай қурыўы, адамлардың дәраматы артқаны, қурылыс материаллары санааты ислеп атырғанынан, турмыс пәраўанлығынан дерек береди.
Қарақалпақстанда өткен жылларда инвестиция киргизиў есабынан қурылыс материаллары, қағаз, телевизор, шаң жутқыш, полиэтилен трубалар, трансформаторлар, тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўшы қатар кәрханалар иске түсирилгени, 150 түрли, 400 миллион АҚШ доллары муғдарында өнимлер экспорт етилгени, үлкемиздиң өндирис қуўатының артып атырғанынан дерек береди.
Президентимиз глобалласқан ҳәм жедел пәт пенен өсип баратырған дүнья базарында Өзбекстан өз орнын ийелеўи ушын, халық хожалығының барлық тараўларын жәҳән стандартларына сай рәўиште жетилистириў зәрүрлигин уқтырды. Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў ушын әлбетте, билимли, өз ислериниң устасы болған кадрлар таярлаў зәрүр. Мақсетлеримизге ерисиўди мектепке шекемги тәрбия орынларын аяққа турғызыўдан баслаў бийкарға емес. Президентимиз бул тараўды реформалаўды Қарақалпақстан мысалында көрген ҳәм жеке меншик бала бақшаларын қурыўға көрсетпе берген еди. Жақын жылларда елимизде мектепке шекемги тәлим тараўына 60 процент балалар қамтып алынады. Бул ушын мәмлекет 2 триллион сум қаржы ажыратады. Демек, жаңа жумыс орынлары ашылады, балаларымыздың интеллектуал санасы өседи, мыңлаған жас аналар елимиздың пәраўанлығы жолында мийнет етиўге атланады.
Педагог кадрларды таярлаўды жеделлестириў, анық илимлерди раўажландырыў, жасларымыздың билимин арттырыў, әсиресе, олардың виртуаль тараўдағы имканиятларын жүзеге шығарыў ушын аитипарклер шөлкемлестириў, 1 миллион программист таярлаў бойынша бағдарламаның басланыўын, журтымыз келешегине болған ғамқорлықтың бир көриниси сыпатында түсинсе болады.
Ҳәр қандай илимди ийелеў мүмкин. Инсанның ҳақгөйлиги, ҳадаллығы жүрегинде жасайды. Президентимиз халықтың 12-15 проценти кем тәмийинленгенлер қатарында екенлигин ашық-айдын айтып берди, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықтан шығып алыўы ушын шараят жаратыў зәрүрлигин уқтырды. Бул жолда коррупция бәлесин арамыздан сақыт етиў, илажы болса «ҳадаллық вакцина»сын табыў дәркар екенин ярым ҳәзил, ярым шын айтқан пайытта, кеўилгеF «Азат Ўатан, абат Ўатан, жамалына бағамыз, ҳадаллық вакцинасын ҳәм, Биз әлбетте табамыз», деген сөзлер қуйылып келди. Көркем фильмлер, театр спектакльлери, сондай-ақ, көркем әдебиятта ҳадал, халықтың ертеңги күни жөнинде тәшўиш шегетуғын, жасларымыз үлги алса арзыйтуғын миллий қаҳарманлар образын жарата алмай атырғанымызды өкиниш пенен еследим.
Мүрәжатта Арал машқаласы, жасларымыз, әсиресе, баслама көтерген қарақалпақстанлы жаслар айрықша тилге алынды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде экологиялық апатқа ушыраған аймақ ҳаққында сөз етип ғана қоймастан, «суўға кеткен тал қармайды», деген халық нақылына әмел етип, «шеттен жәрдем келеди», деп күтип отырмастан апатты сапластырыўға кирискен Президентимиз басламасы пүткил ел ҳәм жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланған еди.
Өткен, 2019-жылда Арал теңизиниң суўсыз қалған ултанында 500 мың гектардан зыят қумлықларға сексеўил туқымы егилди. Олардың дерлик басым көпшилиги көгерип шықты. Бул истен руўхланған халық, өткен жыл декабрь айынан баслап, тағы иске киристи. Әсиресе, қарақалпақстанлы жаслардың басламасы Өзбекстан бойлап қоллап-қуўатланыўы, жаслар ортасында «кеўиллилер» ҳәрекетиниң жүзеге шығыўы жаслар санасында, туўылған журтқа деген муҳаббат туйғыларын оятты.
2020-жылдың 10-январында Мойнақтан жүзлеген шақырым алыстағы теңиз ултанындағы 0-инши километрде жайласқан, экологиялық апатты сапластырыў фронты штабында болып өткен әнжуманға барғанымызда «кеўиллилер» ҳәрекетин шөлкемлестирген жаслар менен ушырастық. Теңиз ултанындағы жазықлықта он-онбес градус суўықты писент етпей, сексеўил егип атырған жаслардың көзлеринде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның уллы келешегине деген беккем исенимди көриўге болар еди.
Усы жерде «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлими баслығы, ақсақал жазыўшы Шарап Уснатдиновтың: — Егер кимниңдур теңизи, қудай көрсетпесин, усындай жағдайға келип қалса, не ислеў кереклигин бизден келип үйренетуғын болды, — мазмунындағы сөзин «халқымыздың, жаслардың кеўлинде ертеңги күнге исеним, мәрт ҳәм алдын болжайтуғын Президентке, Ўатанға, оның гөззал ҳәм бийтәкирар тәбиятына деген муҳаббат оянды», деп даўамлағым келеди.
Президент Мүрәжаты ҳеш кимди бийпарқ қалдырмайды, себеби, ол бизиң ҳәр биримизге қаратылған. Ондағы санлар, дәлиллер, терең мазмунлы ибараларды ҳәр ким өзинше түсинеди. Бирақ, барлық жоллар Римге апаратуғыны киби, Мүрәжаттың мазмуны бир, ол да болса бүгин ҳәм ертеңги күни халқымыз ушын пәраўан турмыс шараятын жаратыў жолында ислениўи тийис болған ислердиң тийкарғы бағдарыдур. Оларды орынлаўда бизлердиң ҳәр биримиз жуўапкермиз.
К.Каримов,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы.