ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ ТИЙКАРЫН САЛЫЎШЫ
Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки шерек әсирлик дәўиринде ҳәр қандай тараўда ерисилген табыслар ҳәм жәҳән жәмийетшилигиниң итибарына ерисиўде елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың тутқан орны айрықша.
Ол мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын халық хожалығының барлық тараўларына көплеген өзгерислер киргизди. И.Кәримовтың басламасы менен Өзбекстанда кең көлемли структуралық реформалар әмелге асырылды, нефть химиясы, химия, автомобиль санааты, аўыл хожалығы ҳәм темир жол, машина қурылысы материаллары сыяқлы жоқары технологияларға тийкарланған улыўма жаңа санаат тармақларына тийкар салынды. Ол миллий-руўхый қәдириятларымызға ҳүрмет-иззет пенен қатнаста болыў, муқаддес динимизди, үрп-әдетлеримизди, бийбаҳа тарийхый мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўды мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерди, халықаралық майданда Өзбекстанның абырайын ҳәм мәртебесин арттырыўға үлкен үлесин қосты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳәр жылы 30-январь оның туўылған күни ҳәм 2-сентябрь еслеў күни сыпатында еске алынады.
Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис социал-экономикалық колледжинде Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик сиясий ғайраткер Ислам Кәримовтың туўылған күнине бағышланған «Ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы» атамасындағы кешеге партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Атқарыў аппараты хызметкерлери, колледж оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары, партия белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда кеңестиң Атқарыў комитети аппаратының баслығы Л.Әбдимуратов, қәнигеси Х.Қабулов, партияның Нөкис қалалық кеңеси баслығы, өнермент А.Нурымбетовалар сөзге шығып, И.Кәримовтың елимиз ушын ислеген мийнетлери ҳаққында кең түрде тоқтап өтти. Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Биринши Президентимиздиң тиккелей басшылығы астында Қарақалпақстанда әмелге асырылған үлкен социаллық-экономикалық, қурылыс тараўларындағы жетискенликлерди санап, шегине жетиў мүмкин емес. И.Кәримовтың басламасы менен Орайлық Азияда бирден-бир есапланған, «Сахра қойнындағы кәрамат» деп ат алған Қоңырат сода заводы бүгинги күнде ең заманагөй ҳәм ири санаат объектлериниң бирине айланған болса, Сүргил кәни негизинде Үстирт газ-химия комплекси, Хожели шийше заводы, Үрге газ кәни, 345 километрлик «Наўайы-Нөкис» темир жолы, «Саҳрадағы лувр» аты менен жәҳәнге танылған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Көркем өнер музейиниң жаңа имаратлары, Ташкент информация технологиялары университетиниң Нөкис филиалы, сондай-ақ, көплеген билимлендириў мәкемелериниң имаратлары қурылды.
Халқымыздың исеними менен шексиз мухаббатына ерискен мәмлекетимиздиң Биринши Президенти И.Кәримов қәлбимизде мәңги қалады, - дейди ӨзМТДП ҚР Кеңесиниң жетекши қәнигеси М.Тәжимуратов. Келешек әўладлардың ядында ол тынышлық, турақлылық, абат турмыс ҳәм раўажланыў жолбасшысы, уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында мәңги жасайды...
Илаж қатнасыўшылары кеше соңында Ислам Кәримовтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған «Ғәрезсизлигимиздиң қурыўшысы» ҳүжжетли фильмин тамаша етти.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.