Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:38:48, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙҚЫН ТАПСЫРМАЛАР БЕРИЛДИ

29-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўапкер ўәкили Б.Юсупов пенен биргеликте Бозатаў районында болды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы ўақытлары қайта ашылған районды социал-экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў бо­йынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Ол жерде М.Ерниязов бир қатар министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары, исбилерменлер, фермерлер ҳәм қурылысшылар менен ушырасып, аймақта жумысларды еле де жеделлестириў бойынша ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында өз-ара пикирлести ҳәм бүгинги күни орын алып атырған айырым кемшиликлерди сапластырыў бо­йынша район ҳәкими М. Қайпанов, тийисли министрлик ҳәм шөлкем басшыларына қатаң тапсырмалар берди.

Ә.Оразов,

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң

Мәлимлеме хызмети баслығы,

Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF