Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:04:24, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИССИОНЕРЛЕРДИҢ ҲИЙЛЕСИНЕ  АЛДАНБАҢ

Дин — миллий мәна­ўияттың қурамлық бөлими болып, ол миллетти бирлес­тирип турыўшы әҳмийетли факторлардан бири есапланады. Мис­сионерлик дин менен байланыслы ҳалда қәлиплескен ҳәм фанатизмге тийкарланған ҳәдийсе.

Бүгинги күнде миссионерлер жаслар кең пайдаланып атырған заманагөй техника ҳәм технология, ғалаба хабар ҳәм коммуникация қуралларының имканиятларынан да нәтий­жели пайдаланбақта. Түрли мәмлекет ҳәм регионларда ҳәрекет етип атыр­ған миссионерлер интернет тармағы арқалы өз жумысларын муўапықластырып атыр­ғаны, финанслық қәрежетлерди биймәлел бир мәмлекеттен екиншисине өткерип атыр­ғаны да усындай жуўмақ шығарыў ушын тийкар болады.

Ең дәслеп, заманагөй миссионерликке тән өзгешеликлер бундай ҳәрекетлерди республикамызда әмелге асырыўға умтылып атырған шөлкемлерге де анаў яки мынаў дәрежеде тән екенлигин атап өтиў лазым.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздеги турақлы социаллық-экономикалық жағдай, күшли ҳәм сис­темалы социаллық қорғаў сиясаты, миллий идея концепциясының ислеп шығылғаны ҳәм оған тийкарланған ҳалда алып барылып атырған идея­лық-тәрбиялық ҳәм руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумыслары, хал­қымыздың өз исенимине беккемлиги жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүрестиң дәлили болмақта.

Миссионерлер тий­карғы итибарын аралас миллет ўәкиллеринен ибарат шаңарақлардың перзентлерине, ҳеш бир динге исенбеген, аўыр кеселликке, жоқшылыққа, материаллық қы­йын­шы­лықларға дуўшар болған, дүзетиў мәкемелеринен шығып келген, яғный материаллық ҳәм мәнаўий жәрдемге мүтәж адамларға, белгили бир жумыс түри менен бәнт болмаған жасларға қаратпақта. Тилекке қарсы, бундай үгит-нә­сият­қа ерип атыр­ған пуқаралар, олар арасында  жаслардың да бар екенлигин атап өтиў лазым.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде өзлигимизди, миллийлигимизди қәстерлеп-сақлаў, диний қәдириятларға садықлық туйғысын өсип киятырған жас әўладтың санасына сиңдириў, ата-бабаларымыз қалдырған бийбаҳа мийрасты терең үйрениў ҳәм кең үгит-нәсиятлаў — ҳәр биримиздиң муқаддес инсаный миннетимиз болып табылады. Солай екен, биз жаслар хал­қымыздың ертеңги күни, айдын келешеги, жәмийетимиздиң ҳәм ўатанымыздың тәғдирине жуўапкер екенимизди умытпаўымыз, өз билим ҳәм көнликпелеримизди ел-журт мәплери, оның бирлиги ҳәм раўажланыўы жолында сарплаўымыз ти­йис.

Шахноза ТОЛЫБАЕВА,

Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF