Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:55:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУСТАН  САҚЛАНЫҢ!

2019-жыл 31-декабрь. Қытай ҳүкимети Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемине Ухан қаласында белгисиз пневмония эпидемиясы жүзеге келгени ҳаққында хабар берген еди.

Кеселлениўдиң биринши жағдайының келип шығыўы теңиз өнимлери сатылатуғын базар менен байланыстырылмақта. Усы жылдың 7-январь күни қытайлы қәнигелер кеселлик қоздырыўшысы коронавирус 2019-nCОV екенин анықлады.

2020-жыл, 23-январь.  “ХҚы арқалы тарқалған мағлыўматқа қарағанда, кеселликтен 617 жағдай дизимге алынған, соннан 17 жағдай өлимшилик пенен тамам­ланған.  Кеселлик келип шығыўы орайы Ухан қаласында 444 жағдай дизимге алынған, буннан тыс­қары кеселлик Қытайдың Гуандун ҳәм Чжэцзян провинцияларында анықланған. Эпидемияның мәмлекетте ҳәўиж алыўының алдын алыў, оның тарқалыў итималын кемейтиў мақсетинде Ухан ҳәм Хуанган қалаларынан кейин және 8 қалада карантин жәрияланған ҳәм қалаға кириў ҳәм шығыў қадаған етилген.

Тилекке қарсы, кеселлик Қытай шегарасынан шығып, басқа мәмлекетлер аймақларына да тарқалмақта. 20-январь күни Қубла Кореяда коронавирус пенен кеселленген Қытай пуқарасы анықланды. Қытайдан басқа Таиланд, Япония, Россия ҳәм АҚШта да бир неше жағдайлар дизимге алынған.

Буннан тысқары, Қытай ҳүкимети пневмонияның жаңа түри адамнан адамға жуғыўын тастыйықлады (алдын бул кеселлик адамнан адамға жуқпайтуғынлығы айтылған еди). Усы фактти кеселликтиң жаңа түри — коронавирустың кеминде 14 и медицина хызметкерине жуққанлығы дәлиллейди. Қытайлы алымлар кеселликтиң тарқалыўына жыланлар ҳәм жарғанатлар да себепши болыўы мүмкин деп шамалап отыр.

2020-жыл, 22-январь күни Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усы жағдайға байланыслы айрықша жағдайлар бойынша комитетиниң қыстаўлы мәжилиси шақырылды. Жыйналыста жаңа вирустың қәўпи баҳаланып, оның менен гүресиў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Ҳәзирги ўақытта Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми кең жәмийетшиликке бир қатар усынысларды бермекте.

- Қолларыңызды сабын яки спиртли араласпа менен жуўың;

- жөтелгенде түшкиргенде аўзыңыз ҳәм мурныңызды медициналық маска, салфетка, жеңиңиз яки бүгилген шығанағыңыз бенен жабың;

- аязлаў яки грипп белгилери болғанлар менен қорғалмаған байланыста болыўдан узақласың және сизде ысытпа, жөтел ҳәм дем қысыў жағдайлары пайда болғанында медициналық жәрдем алыў ушын мүрәжат етиң;

- тири өнимлер сатылатуғын базарда болғаныңызда ҳайўанлар ҳәм олар тийиўи мүмкин болған затларға қорғалмаған жағдайда тийиўден абайлы болың;

- аўқатты, әсиресе, гөшти толық ҳәм жақсылап қайнатып писириң.

Соны айтып өтиў керек, Мәмлекетимизде халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў, кеселликтиң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги тәрепинен қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Тийкарынан, «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм де «Өзбекстан темир  жоллары» АЖ медико-санитария хызмети тәрепинен мәмлекет шегарасын, әсиресе, Қытайды кесип өткен пуқараларды нәтийжели медициналық мониторингин әмелге асырыў илажлары көрилмекте. Ол жерлерде ислеўши хызметкерлер қатнасында эпидемиологиялық жағдай ҳәм оның алдын алыў бойынша семинарлар өткерилди. Мәмлекет шегарасы кесилискен орынлардағы санитария-карантин пунктлеринен өтип атырған жолаўшыларды нәтийжели медициналық-санитариялық тексериўден өткизиўге айрықша итибар қаратылып, пневмония ҳәм басқа өткир респиратор кеселликлери белгилери анықланған наўқасларды бөлеклеў, лабораторияға сынама алыў ҳәм емлеўханаларға жатқарыў тәртиби белгилеп қойылған. Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен ушыўшылар, борт ҳәм темир жол гүзетиўшилериниң билимин асырыў мақсетинде грипп, өткир респиратор инфекциялар ҳәм өткир пневмония кеселликлериниң клиникаси, лаборатория диагностикасы, профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы ис-илажлар ҳаққында кең түсиник жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен коронавирус инфек­циясының жаңа түриниң мәмлекетимиз аймағына шеттен кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў  режеси ҳәм әмелге асырыў ҳаққында методикалық қолланба ислеп шығылған.

2020-жыл, 24-январь. ӨзР ДССМ жанындағы санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлигинде республиканың қоңсы мәмлекетлер менен шегаралас орынларында жайлас­қан санитария-карантин пунктлеринде санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайының жуўапкер қәнигелери усы мәселе бойынша семинарға қатнаспақта. 

ӨзР Сыртқы ислер минис­трлиги жоқарыдағы жағдайларды есапқа алып сырт елде болып турған яки шет елге, тийкарынан Қытайға барыўды режелестирген ўатанласларымызды қырағылықты асырыўына ҳәм зәрүр сақланыў шаралар көриўге шақырмақта.

Қарақалпақстан Республикасы

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық

Орайы жәми­йетшилик пенен ислесиў бөлими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF