Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:48:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«САЛАМАТ ӘЎЛАД УШЫН» ҚОРЫНЫҢ ИНСАНЫЙЛЫҚ ЖӘРДЕМИ

«Саламат әўлад ушын» халықаралық қайыр­қомлық қоры тәрепинен экологиялық апатшылық аймағында жасап атырған Қарақалпақстан халқының денсаўлығын беккемлеў, әсиресе шетки аймақларда жасаўшы халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, халықтың репродуктивлик саламатлығын буннан былай да беккемлеў, аналар, балалар ҳәм жас өспиримлердиң денсаўлығын қорғаў бойынша қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

— Президентимиздиң басламасы менен халқы­мызға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлық нәтийжесинде  «Саламат әўлад ушын» халық­аралық қайырқомлық қоры тәрепинен өткен жылы улыўма 67084,24 дана дәри-дәрмақтан ибарат 6 мәрте ықтыярлы қайырқомлық жәрдем келди,-дейди «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық қорының Қарақалпақстан филиалы директоры Оразгүл Ембергенова. — Буннан тысқары, өткен жылдың сентябрь айында  «Өзбекстан темир жоллары» мәмлекетлик акционерлик компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген гезектеги «Саламатлық поезды» республикамызда болды. Онда Ташкент қаласынан келген жоқары қәнигели шыпакерлер қордың Қарақалпақстан Республикасындағы көшпели медициналық патронаж бригадасы хызметкерлери менен биргеликте Төрткүл районы орайында, соның менен бирге, ең шетки «Мискин» станциясы «Оққамиш» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди. Атап өтилген аймақ турғынларына, бир қатар емлеў мәкемелерине, арнаўлы мектеп-интернатларына, «Меҳрибанлық», «Мүриўбет» үйлерине улыўма 28493 дана дәри-дәрмақ, азық-аўқат, кийим-кеншек, медициналық әсбап-үскенелер, санитария-гигиеналық бу­йымлары тапсырылды.

Нөкис қаласы ҳәм Шоманай районынан қоянжырық ҳәм таңлайы тесик болып туўылған еки бала Ташкент мәмлекетлик стоматология институтының хирургия бөлиминде операция жолы менен бийпул емленди. Беруний районынан туўма жүрек нуқсаны менен кеселленген 1 бала Ҳиндстан мәмлекетинде, Беруний, Кегейли, Тақыятас ра­йонларынан ҳәм Нөкис қаласынан 4 бала Ташкент педиатрия медицина институтының кардиохирургия бөлиминде ҳәм Эрамед клиникасында табыслы операция исленип, саўалландырылды.

 «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық қоры тәрепинен бундай қа­йырқомлық илажлары бы­йылғы жылы да даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF