Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:59:14, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 ТЕХНОЛОГИЯЛЫҚ ЖАҢАЛАНЫЎ ЖОЛЫНДАМЫЗ

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жолланған мүрәжатын телевидение арқалы тыңлап, газетадан оқыр екенбиз, Журт­басшымыз тәрепинен берилген усыныслар, тараўларға енгизилип атырған өзгерислер, жәмийетимиздеги жүргизилип атырған реформалар ҳаққындағы пикирлери халқымыздың жағдайын жақсылаўға қаратып атырған итибары бизди жүдә толқынландырды.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын пидәкерлик етип атыр­ған тараў хызметкерлериниң абырайын көтериў, әдалат орнатыў ҳәм коррупцияға жол қоймаў ҳаққында да айрықша тоқтап өтти. «Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың барлық қатламлары, ең жақсы қәнигелер тартылмас екен, жәми­йетимиздиң барлық ағзалары, айтыў орынлы болса, «ҳадаллық вакцинасы» менен емленбейди екен, алдымызға қойған жоқары нәтийжелерге ерисе алмаймыз. Биз коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден оның ертерек алдын алыўға өтиўимиз керек»,-деген  еди. Шынында, жумыс әдил алып барылса, үлкен шыңларға ерисиўимиз анық.

2020-жыл — «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп белгилениўи бәршемизди өзгеше руўхландырды. Президентимиздиң шығыс данышпанларынан мысал келтиргениндей, «Ең үлкен байлық — бул ақыл-ой ҳәм илим, ең үлкен мийрас — бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағалшылық — бул саўатсызлық болып есапланады». Сол себепли заман менен тең қәдем таслап атырған оқытыўшылар ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәнисинде мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыўымыз турмыслық талапқа айланбақта. Биз устаз-оқытыўшылар бул үлкен ҳақыйқатты терең аңлаған ҳалда, жуўапкершиликти сезинип, заманагөй  технологиялар бо­йынша жаңа қәдемлер тасламақшымыз. Оқыўшылар менен биргеликте жаңа жойбарлар үстинде изленислер алып бармақтамыз. Бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атырған әсирде санлы билимлер ҳәм заманагөй информациялық технологияларды жетик ийе­леўимиз бизге үлкен нәтийжелерге ерисиўимизге имканият есиклерин ашып береди.

Р.ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,

Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети

Нөкис филиалы академиялық лицейиниң оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF