Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:40:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЫПАКЕРЛЕРДИҢ АБЫРАЙЫН ҲӘМ ДӘРАМАТЛАРЫН АРТТЫРЫЎ ­ ТИЙКАРҒЫ МӘСЕЛЕЛЕРДИҢ БИРИ

Ҳүрметли Президентимиз Парламентке Мүрәжатында денсаўлықты сақлаў тараўында хызмет етип атыр­ған шыпакерлеримиздиң халық арасында абыра­йын арттырыўға, медицина хызметкерлериниң нәтийжели хызмет етиўи ушын толық шараят жаратып бериў, олардың ис ҳақыларын көбейтиў кереклигине айрықша итибар қаратты.

Бүгинги күнде республикада денсаўлықты сақлаў тараўында хызмет етип тур­ған барлық қәнигелестирилген илимий-әмелий орай­ларға шет ел инвестицияларын киргизиў, әмелиятқа жоқары технологияларды енгизиў, медицина тараўында санлы билимлерди, санлы экономиканы раўажландырыў ­ халықтың саламатлығын тиклеўге унамлы тәсир етеди. Медицина тараўында мәмлекетлик ҳәм жеке меншик кәрханалардың бирге ислесиўин көбейтиў, жеке меншик емлеў-профилактикалық мәкемелерин ашыўға кең мүмкиншилик бериў, электрон медицинаны раўажландырыў, республикада гематология ҳәм вирусология тараўын буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў бойынша қолайлы шараят жаратылады. Атап айтқанда, жоқары оқыў орнына кириў ушын бюджет квоталары еки есе көбейип, әсиресе, медицина кадрларына ­ шыпакерлерге болған дефицитлер ­ вакант орынлар толтырылып, жаслардың грант есабынан оқыўға кириўи ушын үлкен мүмкиншиликке ийе болады. Нәтийжеде елимиздиң узақ аймақларында жасап, хызмет етип атырған халқы­мызға сапалы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўге имканият жаратылады.

«Денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыўды түпкиликли реформалаў мақсетинде быйыл мәж­бүрий медициналық қамсызландырыўға байланыслы нызамларды қабыл етиў ҳәм оларды әмелге асырыў бо­йынша барлық шөлкемлестириўшилик илажларды ислеп шығыў лазым.

Усы системаны быйыл Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе сыпатында қолланыў басланады».

Президентимиз Ш.Мирзиёев дәрилик затлардың ҳәрекетин қадағалаў, контрафакт дәри-дәрмақлар айланыўына шек қойыў ҳәм дәрилердиң реал баҳасын «онлайн» тәртипте бақлап барыў системасын жаратыў да актуал ўазыйпалардан екенлигин атап өтти.

Бул белгиленген ўазыйпалар медицина тараўында хызмет етип атырған тараў қәнигелерине кең мүмкиншиликлер жаратып берип, халқымыздың денсаўлығын беккемлеўде белгили орынға ийе болады.

Алима МАТКАРИМОВА,

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине №29 «Жаслық» округинен депутат,

Республика балалар көп тармақлы медицина орайы бас шыпакери,

медицина илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF