Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:02:03, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ ИСЕНИМИ — ПИДАЙЫЛЫҚ, ЎАТАНҒА САДЫҚЛЫҚ ҲӘМ ЖУЎАПКЕРШИЛИК

Мине үш жыл болды, мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжатын үлкен итибар ҳәм толқынланыўшылық пенен тыңлайман.

Ҳәр сапары бул баянатларда атап өтилген уллы табыс ҳәм ўазыйпалар ең дәслеп, усындай бийтәкирар журтта туўылып өскеним, қолыма қәлем алып, Ўатан­ға муҳаббатым ҳәм садықлығымды, халқымның кеңпейиллиги, уллы бабаларымыздың әўлады екенлигимди өз дөретиўшилигимде баян ете билгеним, журналист, депутат, сенатор сыпатында халық хызметине жарағанымды мақтаныш етип, кеўлим толып-тасып кетеди.

Бул сөзлер кимгедур бәлентпәрўаз сөзлердей түйилиўи мүмкин. Лекин, бул ҳақыйқат. Буны 40 жылға жақын депутатлық хызметим дәлиллеп бере алады.

Президентимиздиң Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисиндеги «Сенатор ­ бул бәринен бурын халық ҳәм мәмлекет исенимине ерискен инсан. Ол терең билим, бай турмыслық тәжирийбеге ийе болған, тынымсыз мийнет етип, инта көрсетип жасайтуғын, халық мәплерин мудамы биринши орынға қойып, өз тәғдирин ел-журт тәғдири менен тығыз байланыслы ҳалда көретуғын шахс» деген сөзлери әйне ҳақыйқат. Сол нәрсени және де тереңирек аңлап, түсинип атырмыз, биз енди кешеги депутат, кешеги сенатор емеспиз. Халық исеними, Президентимиз исеними биз ушын үлкен пидайылық, жуўапкершилик, садықлық, ўатансүйиўшилик, халық пенен бирге болыў, олардың аўырын жеңил етиўге көмеклесиў болып табылады. Биз енди жумысларымызды тек усы бағдарда алып барыўымыз керек.    

Мүрәжат бәршемизге жаңа қанат берди. Әсиресе, мәжилисте «Жәми­йет ­ реформалар басламашысы» деген сөзлер жаңлағанда елимиздеги уллы өзгерислер ҳәммемиздиң көз алдымыздан өтти. Кейинги үш жылда хал­қымызды разы етиў жолында социаллық-экономикалық тараўларда алып барылған реформалардың нәтийжесин пайтахтымыз Ташкенттен баслап, барлық ўәлаят, район, қала ҳәм узақ аўылларда да көриўимиз мүмкин.

Әлбетте, мен Қарақалпақстанымызда бул бағдардағы жаңаланыўларды, дөретиўшилик ислерди мақтаныш ететуғынымды ашық айтыўым керек. Қарақалпақстанда Президентимиздиң басламалары менен жер асты, жер үсти байлықлары турмысымыздың пәраўанлығы ушын хызмет етип атыр.  Бурынғы жайлаўлар тикленбекте. Олар­ға суў келип, шопанлардың турмысы жаңаланбақта.

Нөкистеги И.Юсупов атындағы талантлы балалар мектебиниң оқыўшылары жаңа шығармалар жаза баслады. Олар ҳәтте инглис, рус тиллеринде дөретиўшилик пенен шуғылланбақта. Бундай жаслар дөретиўшилигин «Қарақалпақ әдебияты» газетасы бетлеринде жәрияланып атырған қосық, гүрриңлер дәлиллемекте.

Дүньялық билимлерди жасларға халықаралық тәжирийбелерден келип шығып, жаңа усылда оқыта баслаған Президент мектеби қарақалпақ жасларының талантларын жүзеге шығарып атыр.

Бир ғана Мойнақ районы мысалында алып қарасақ, «Мойнақ парлақ текстил», «Мойнақ аква санаат» кәрханаларының иске түсиўи, мәденият сарайының ири оңлаўдан шығарылып, заманагөй көриниске ийе болғаны, футбол стадионы, ашық театр, «Арал теңизи тарийхы» музейи, мәмлекетлик хызметлер агентлиги районлық бөлиминиң жаңа имараты, көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылғаны қәлбимизде мақтаныш сезимлерин оятады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизи әтирапындағы экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға жақын жер майданы таярланып, 500 мың гектарға шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, быйылғы мәўсимде 700 мың гектарға егиў режелестирилген болып, бул бағдардағы ийгиликли ислер елимиздиң барлық аймақларынан келген механизатор ҳәм исшилердиң қатнасында қызғын алып барылмақта.

Бундай ири көлемдеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Бозатаў, Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм басқа да районларда жаңа турмыс­тың даўамлылығын дәлиллемекте.

Бундай көрсеткишлер менен мақтанбай бола ма? Президентимиз өз бая­натында Қарақалпақстан жасларының басламашылығын айрықша тилге алып өтти.

«Шығыс данышпанлары айт­қанындай, «Ең үлкен байлық ­ бул ақыл-ой ҳәм илим,  ең үлкен мийрас ­ бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағалшылық ­ бул саўатсызлық болып есапланады!». Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәнисинде мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыўымыз үзликсиз турмыслық зәрүрликке айланыўы керек», деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Ҳақыйқатында да, илим-пәнди раўажландырыў, жасларымыздың дүньялық илимлерди терең ийелеўи олардың бәркамал инсан болып жетилисиўине жәрдем береди. Бул болса, республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўында жаслардың қатнасын кеңейтеди. Экономикамыз бәсекиге шыдамлы тараўға айланады. Әйне усыларды есапқа алып, Президентимиз жаңа 2020-жылға ­ «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп атама берди. Елимизде мектепке шекемги билимлендириў, орта тәлимге үлкен итибар қаратылды. Әсиресе, педагоглардың шеберлигин арттырыў бул бағдардағы табыслардың тийкары екенлиги атап өтилди.

Мен Мүрәжатты тыңлар екенмен, Президентимиздиң алдынғы жылларда Парламентимизге жоллаған Мүрәжатларын еследим. Усы орында айрықша атап өтиўим лазым, Президентимиз өз Мүрәжатларында әйне ҳақыйқатты ­ яғный, халық қәлбиндеги арзыў-мақсетлерди, халық тилге алып атырған машқалаларды ашық-айдын көрсетип береди ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды да белгилейди.

Мүрәжатта жоқары оқыў орнына кирип оқыйман деген жасларымыз ушын мәмлекетлик грантлардың 2 есеге көбейтилиўи, 2020-жылда жоқары билимлендириўге қамтып алыўдың 25 процентке жеткерилиўин еситкен хал­қымыздың кеўли таўдай көтерилди.

Әсиресе, кем тәмийинленген халықты қоллап-қуўатлаў да дыққат орайында болды. «Мениң ең үлкен нийетим сол, - деди мәмлекетимиз басшысы, ­ Ўатанымыз ишинде ҳәр бир инсан, өзиниң «Киши Ўатанына» ­ баспанасына  ийе болса, бизден халқымыз да, Жаратқан да разы болады».

Бул кем тәмийинленген халықты қоллап-қуўатлаўдың ең айқын көриниси. 16 мың шаңараққа турақ жайға ийе болыўы ушын басланғыш төлем ­ кредит процентин қаплаўға бюджеттен 1 триллион сум субсидия ажыратылыўын еситкен пуқараларымыз, әлбетте, бундай ғамқорлықтан қуўанбақта, төбелери көкке жетпекте.

Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжатта «Биринши гезекте халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм оны социаллық қорғаўды күшейтиў ­ биз ушын баслы ўазыйпалардың бири болып қалады»,  деп атап өтти. Әсиресе, елимизде кәмбағаллықты азайтыўға бағдарланған тийкарғы ўазыйпаларға да тоқталды.

Президентимиз «Кәмбағаллықты азайтыў ­ бул халықта исбилерменлик руўхын оятыў, инсанның күш-қуўаты ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли экономикалық ҳәм социаллық сиясатты әмелге асырыў дегенди аңлатады», деп мәмлекетимизде ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық тараўда жүдә үлкен ўазыйпалардың белгиленип атырғанлығын анық режелер тийкарында көрсетип берди.

Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, қоршаған орталықты қорғаў, мәденият, көркем өнер, кинематография, ағартыўшы бабаларымыздың мийрасын үйрениў сыяқлы мәнаўиятымызды раўажландырыўға байланыслы мәселелер де кең орын алды, булардың ҳәммеси миллий тиклениўден ­ миллий раўажланыўға қарай алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, Мүрәжат ҳәр бир халық депутатын және бир мәрте сергекликке шақырды. Неге дегенде, енди халық депутатларының ең төмен буўыны ­ районлық, қалалық Кеңеслердиң ўәкилликлери кеңейип, статусы көтериледи, олардың халық алдында ҳәм абырайы, ҳәм жуўапкершилиги артады.

Президентимиз Парламенттиң алдына қойып атырған ҳәр бир ўазыйпасы биз сенаторлардың депутатлар менен бирге ислесиўди және де күшейтиўимиз лазымлығын талап етеди. Халықтың арасында болыў, ҳәр бир шаңарақтың тынышлығы, перзентлер тәрбиясы, ҳәр бир пуқараның мүрәжатларын терең үйрениў, ҳәр бир депутаттың ең актуал ҳәм әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады.

Мүрәжат бойынша өз пикирлеримди жуўмақлар екенмен, мәмлекетимиз басшысының мына сөзлерин келтирип өтпеўдиң ҳеш илажы жоқ: «Әмелий нәтийже менен беккемленген, өз жемисин, өнимин берип атырған реформа адамлардың кеўлине, жүрегине тез кирип барады. Ҳәм бундай реформаны, бундай жедел процессти ҳеш ким, ҳеш қандай күш тоқтата алмайды...».

Ўатанның раўажланыўы, халықтың пәраўанлығы ушын алдымызға қойылып атырған бундай даңқлы ўазыйпаларды орынлаўда, әлбетте, биз сенаторлар, депутатлар Президентимизге қол-қанат болып, халықтың арасына көбирек кирип барыўымыз керек. Ҳәр бир мәҳәллеге, ҳәр бир шаңараққа сапарымыз, сайлаўшылар менен ҳәр бир ушырасыўымыз нәтийжесинде, әлбетте, Президентимиздиң атап өткениндей, халқымыздың разылығы ушын хызмет етиўге ерисемиз, барлық реже ҳәм бағдарламаларымызды мине усындай ийгиликли ислер ушын сарплаймыз.

 

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF