Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:53:08, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СОЦИАЛЛЫҚ  ҚОРҒАЎ — БАС  МАҚСЕТ

Ҳүрметли Президентимиздиң 2020-жыл 24-январь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында барлық депутатларға қарата: «Бүгинги күнде жәмийетимиздеги ең әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша көплеген ўәделер бердиңиз, енди болса сизлердиң ҳәр бириңизден халқымыз усы ўәделердиң әмелде орынланыўын күтпекте.

Оның ушын сизлер биринши гезекте Халық қабыллаўханалары менен биргеликте ҳәр бир аймаққа, әсиресе, ең шетки аўыл­ларға шекем кирип барып, орын алған машқалаларды тереңнен үйренип шығып, биргеликте шеше алсаңыз, онда мен де миннетдар болар едим», - деген еди.

Ҳақыйқаттан да, оның ушын ҳәр бир депутат өзлери сайланған аймақ сайлаўшыларына ушырасыўларда берген ўәделери ҳәм сөзиниң үстинен толық шығыўы, өзиниң ҳәм оны депутатлыққа талабан етип усынған партиясының абырайын сақлаўы ушын бүгиннен баслап ҳәрекет етиўи керек, деп ойлайман.

Президентимиз халқымызды көптен бери қыйнап киятырған ең тийкарғы мәселелердиң бири ­ халықтың социаллық турмыс шараятларын жақсылаў бас мәселе болыўын айрықша атап өтти. Буған жуўап ретинде «Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша быйылғы жылдың өзинде l6 мың шаңараққа турақ жай алыўға басланғыш төлем ҳәм кредит процентин қаплаўға бюджеттен l триллион сум муғдарында субсидия ажыратылады».

«Мениң ең үлкен нийетим сол, Ўатанымыз ишинде ҳәр бир инсан, өзиниң «киши ўатанына» ­ турақ жа­йына ийе болса, бизден хал­қымыз ҳәм, Жаратқан ҳәм разы болады», - деди Мәмлекетимиз басшысы.

Сондай-ақ, елимизде шаңарақлар арасында кәм­бағаллықты кемейтиў бо­йынша жаңа методология жаратыў, адамларға тек пулды тарқатып берип қоймастан, оларға жумыс ислеўди, исбилерменликти үйретиў, ең дәслеп олардың ишки туйғы сезимлерин өзгертиў, оларды қайта кәсипке оқытып алыў, кәмбағаллықтың алдын алыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў бойынша өз усынысын билдирди.

Соның менен бир қатарда, бүгинги күн талабына муўапық ҳәр бир пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) аймақлық профилактика инспекторы менен бирге ҳәр күни мәҳәлледе, ҳәр бир шаңарақта не жағдайлар болып атырғанын жақсы билиўи, өзи басшылық етип атырған мәҳәллесин «тыныш мәҳәлле ҳәм абат мәҳәлле»ге айландырыў тийкарғы ўазыйпасы екенин естен шығармаўы керек екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Президентимиз Мүрәжатында Қарақалпақстанға да айрықша итибар берип, урбанизация процесс­лерин жеделлестирген ҳалда, аймақларды комплекс раўажландырыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша 7 ең ири қала қатарында Нөкиске тутас болған жолдас қала таңлап алынып, оларды раўажландырыў бойынша комплексли ис-режелер ислеп шығарылыўы, Қоңырат ра­йонында еркин саўда зонасын шөлкемлестирип, ол арқалы шегара алды саўдасын раўажландырыўды ҳәм әлбетте, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша басланған мисли көрилмеген ислеримизди даўам еттирип, теңиздиң қурыған түбинен тоғайзарларды кеңейттириў, Нөкис, Үргениш ҳәм Хийўа қалалары әтирапында «жасыл белбеў»лер пайда етиў бойынша ўазыйпалар белгилеп бергени пүткил халқымызды қуўанышқа бөлеп, бәршемизге күш-ғайрат берди.

Мәмлекетимиз басшысының Мүрәжаты ­ бул әпиўайы шақырық емес, турмыс ҳақыйқатлығын жаратыў ушын жолланба, раўажланыў ушын қолланба болыўына исенемиз.

Тажибай РОМАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелер Кеңеси басқарыўы баслығы,

Жоқарғы Кеңес депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF