ЖӘМИЙЕТЛИК ТӘРТИПТИ БЕККЕМЛЕЎ УШЫН
Ҳәзирги ўақытта халықтың ишки ислер уйымларына болған исеними күннен-күнге артпақта. Себеби, олар менен бирге елдиң тынышлығы ушын ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйыны жумыс алып бармақта.
Нәтийжеде елимиз тыныш, халқымыз абаданшылықта жасамақта. Нөкис қаласында ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы тәрепинен 6 ишки ислер бөлими шөлкемлестирилип, оларда тергеў, миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў хызметлери енгизилди.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жумысларын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде шөлкемлестирилген «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында алып барылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар» атамасындағы баспасөз конференциясына тараў хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, полковник А.Темирханов шығып сөйлеп, 2019-жылдың жуўмағы бойынша республика бойынша жүз берген жынаятлар 2018-жылға салыстырғанда 5 процентке, жынаят қыдырыў тараўындағы жынаятлар 18 процентке кемейгенлигин, республикамызда улыўма 411 мәкан пуқаралар жыйынларынан 96сында жынаятлар саны азайып, 161 мәкан пуқаралар жыйынында болса, бирде-бир жынаят жүз бермегенлиги ҳаққында мағлыўмат берди.
Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм жасларға айрықша итибар қаратылыўы нәтийжесинде ишки ислер уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар барысында ҳәр бир қала ҳәм районларда ишки ислер бөлими баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымлары енгизилгени, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде көмеклесиў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳаял-қызлар жынаятшылығының алдын алыў мақсетинде министрликтиң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасында ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бөлим шөлкемлестирилгени ҳәм де ҳәр бир қала-район ишки ислер бөлиминде ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактика аға инспекторы лаўазымлары енгизилгени нәтийжесинде жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында жынаятлар жүз бериўиниң кескин кемейиўине ерисилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы баслығы Ш.Абдуллаев сөзге шығып, Нөкис қаласында «Қәўипсиз қала» концепциясы бойынша 3 басқышлы патруль хызмети шөлкемлестирилген болып, онда патруль топарларының күн даўамында хызмет алып барыўы жолға қойылғанлығы ҳаққында айтып өтти. Ҳәзирги ўақытта пайтахтымызда бақлаў камерасы жәрдеминде қаланың 80 проценти қадағалаўға алынған. Жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2018-2019-жылларда Нөкис қаласында 9, Төрткүл районында 1 үлкен көшелер кесилиспелеринде қағыйдабузарлықларды анықлаўшы видео бақлаў камералары орнатылыўы нәтийжесинде бирде-бир жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бермеген.
Камералардан тысқары қаламызда ең көп адам жыйналатуғын орынларға «SOS камералары» да орнатылған. Олар үш секунд ишинде ситуациялық орайға байланысып, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алады. Буннан басқа да ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында үш жердеF Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан», Төрткүл районындағы «Мискин», Нөкис қаласындағы «Бройлер» жол-патруль хызмети постларында кинология хызметкерлери де жумыс алып бармақта.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде елимиздиң тынышлығының тәмийинлениўинде ишки ислер уйымы хызметкерлери еле де халықтың ишине кирип, пуқаралардың машқалаларын унамлы шешиўге көмеклессе ғана халық арасында наразылықлар пайда болмайды.
Конференция жуўмағында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.