СУДЛАР ХЫЗМЕТИ: МӘЛИМЛЕМЕ БЕРИЛДИ
Елимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалар, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының екинши бағдары нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық реформасын және де раўажландырыўға қаратылыўы турмысымызда өз нәтийжесин бермекте.
Нызамшылықты беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда суд мәжилислериниң тәрбиялық орны ҳәм әҳмийетин арттырыў мақсетинде жәмийетшиликти тартқан ҳалда суд ислерин көбирек ашық ҳәм көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, суд-ҳуқық хызметкерлериниң халықтың кең қатламы арасында болыўы да пуқаралардың ҳуқықый мәдениятының көтерилиўине қаратылған. Булардың барлығы халқымыздың өз ҳуқықларын билиўи арқалы билип-билмей жынаятлы ислерге қол урыўдан өзлерин тыйыўға умтылдырады. Бул, әлбетте, жынаятшылықтың азайыўына себеп болады.
Буған дәлил, жақында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының мәжилислер залында болып өткен брифингте республикамызда әмел етип турған суд баслықларының берген мәлимлемелеринде айқын болды. Итибарлы тәрепи, жылдың ҳәр шерегинде халықтың кең қатламын республикамыз аймағындағы судлар хызмети ҳаққында таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен брифинглердиң шөлкемлестирилиўин де атап өткен мақул.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен өткен 2019-жыл даўамында 1.245 шахсқа қарата 1.040 жынаят иси көрилген. 2018-жыл менен салыстырғанда шахслар бойынша 30,5 процентке, судқа келип түскен ислер бойынша 28 процентке азайған. Көрип тамамланған ислерден судланған шахслар саны 761. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 33 процентке кемейген.
Ал, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судларының ис жүргизиўине улыўма 9.435 пуқаралық ис келип түскен болса, бул көрсеткиш 2018-жыл менен салыстырғанда 11,7 процентке кемейгенин көремиз.
Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судлары тәрепинен өткен жылы 7.784, ал, Ҳәкимшилик судлары тәрепинен 23.731 шахстың қарсысына 21.038 ҳәкимшилик ислер көрип шығылған.
Ҳақыйқатын айтып өтиў орынлы, - деди Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығы А.Адилов, келип түскен ҳәкимшилик ислердиң 6.809 ы келешегимиз деп исеним билдирген 30 жасқа шекемги жаслар тәрепинен, 4.517 жынаят миллетимиз тәрбияшылары ҳаял-қызлар тәрепинен ислениўи ойландырарлық мәселе. Ал, ақыл-нәсиятын берип басқаларға өрнек болатуғын жасы 60 тан асқан мыңнан зыят пуқаралардың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа жол қойыўы кимди болса да тынышсызландырады. Демек, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң еле де халықтың кең қатламына тереңирек барып, үгит-нәсият жумысларын жанландырыўы лазым екенлигин билдиреди. Бул исте кең жәмийетшилик те биргеликте жумыс алып барса нәтийжели болады, деген пикирдемиз...
2019-жылдың жуўмағына байланыслы болып өткен брифингте Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы Қ.Тарийхов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығы А.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды баслығы Г.Зариповалар республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, Ҳаял-қызлар комитети ҳәм басқа да жуўапкер мәкеме-шөлкем ўәкиллерине судлар хызмети бойынша мәлимлемелер берди.
Суд-ҳуқық тараўындағы айырым мәселелер бойынша брифинг қатнасыўшылары өз-ара пикир алысты.
Б.КАРАМАТДИНОВА.