Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:44:35, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТЕХНИКАЛАРЫНДА ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

Ташкент қаласында «Өзагротехсанаатхолдинг АЖ», «Өзагросервис АЖ», Жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў министрлиги менен биргеликте барлық ўәлаятлар ҳәм республикамыздың кәсип өнер колледжлериниң арнаўлы пән оқытыўшылары, өндирислик оқыў усталары қатнасыўында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинар-тренинг даўамында қатнасыўшылар Аўыл хожалығы машина қурылысы  Конструкторлық Технологиялық орайында болып, жаңа техникаларды өндирислик ислеп шығарыўда  қатнасып атырған инженер-технолог алымлардың жойбарлаў процеси менен ҳәр тәреплеме танысты. Буннан басқа Ташкент қаласындағы тәжирийбели аўыл хожалығы «Өзагротехсанаатхолдинг АЖ», «Өзагросервис АЖ», «Өзагротехмаш АЖ» ҳәм бас­қа да белгили техникалары заводларында болып, ондағы  ислеп шығарылып атырған техникалардың жыйналыўы, детальлардың таярланыў барысы, металларды қуйыў, жоныў, бояў, кесиў, лазерли кепсерлеў жумысы технологияларын жақыннан үйренди. Заводтың жетекши қәнигелери менен ушырасыўлар ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди, маркетинг тараўы бойынша кеңеслер берилди. Сондай-ақ, жаңа техникалардың жаңа мүмкиншиликлерин әмелиятта сынап көрди. Буннан соң Ташкент аўыл хожалығын ирригацияластырыў ҳәм механизацияластырыў инженерлери институтында болып, ол жерде сырт елли «LANDTECH» жер жүзилик компанияларының Өзбекстандағы рәсмий дистрибьюторы тәрепинен «John DEERE» компаниясы дүзген заманагөй МКТ пенен үскенеленген оқыў ханаларында сабақлар өтти.

Нөкис районы Қутанкөл агроэкономика колледжи базасында шөлкемлестирилип атырған «Аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиў ҳәм эксплуатациялаў бойынша қәнигелер таярлаў, квалификациясын арт­тырыў» оқыў орайынан бул семинар тренингке арнаўлы пән оқытыўшылары қатнасып, бай тәжирийбеге ийе болды.

Семинарда Президентимиздиң «Аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды жергиликлилестириў дәрежесин ҳәм инвестициялық жойбарларды иске асырыў ҳаққында»ғы    қарарының орынланыўын тәми­йинлеў бойынша үлкен ўазыйпалар жүкленди ҳәм жаңа режелер дүзилди. Оқыў орайы ҳәм Қарақалпақстан «Агросервис МТП» ЖШЖ ҳәм Нөкис районы Қутанкөл агроэкономика колледжи арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды. Район МТПне оқыў орайы хызметкерлери барып, орынлардағы жумыс процеси, мүмкиншиликлер, бар болған техникалар ҳәм аўыл хожалығы машиналары, олардың қыс мәўсиминде техникалық талапларға сай сақланыў жағдайы менен танысып шықты.

З.РАМАЗАНОВА,

Республикалық «Аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиў ҳәм эксплуатациялаў бойынша қәнигелер таярлаў, квалификациясын арттырыў» оқыў орайының арнаўлы пән оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF