ТУТЫНЫЎШЫЛАР БИЛИМИ ЖЕТИЛИСТИРИЛДИ
Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый ҳәм институционал системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, сондай-ақ, исбилерменлик ҳәм тутыныўшылық мәдениятын, халықтың тутыныўшылық билим ҳәм саўатлылығын жетилистириўге қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм тийисли мәкеме, шөлкемлер менен биргеликте семинар өткерилди.
Оған филиалдың, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент жаслары, қалалық орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери оқыўшылары қатнасты.
Ҳәр бир инсан қайсыдур мәниде тутыныўшы есапланады. Себеби, өз өмиримиз даўамында түрли хызметлерден пайдаланамыз, түрли товарлар сатып аламыз, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бөлим баслығы Султанбек Нажимов. Сонлықтан, тутыныўшы сыпатында өз ҳуқықларымызды билиў жүдә әҳмийетли. Бүгинги күни пуқаралардың бул бағдардағы билимин еле де арттырыў мақсетинде түрли семинарлар өткериў менен бирге барлық қала ҳәм район базарлары, саўда комплекслеринде «Тутыныўшы мүйеши»н орнатып атырмыз. Бул жерде ҳәр бир пуқара билиўи зәрүр болған мағлыўматлар орын алған. Мысалы, қарыйдар товар сатып алғанда оның сыртында ислеп шығарыўшының атамасы, пайдаланыў тәртиби, ислеп шығарылған сәнеси, жарамлылық мүддети, өлшеми, сақлаў қағыйдалары, қәўипсизлиги, азық-аўқат өнимлери қурамына кирген затларға айрықша итибар бериўи керек. Ең тийкарғысы, өз денсаўлығымыз ҳаққында қайғырған ҳалда базар аймағында сатылатуғын аўыл хожалығы өнимлерине ветеринария-санитария экспертизасы лабораториясының яки мәмлекетлик ветеринария хызмети уйымының жуўмағы барлығына исеним пайда еткеннен соң, сатып алыў әҳмийетли. Қарыйдар сатыўшыдан мәжбүрий тәртипте сертификатланатуғын өнимлердиң муўапықлық сертификаты барлығын сораўы, көриўи, сол қатары сатып алған товары ушын чек талап етиўине ҳақылы.
Семинар шеңберинде тийисли қәнигелер өз баянатлары арқалы қатнасыўшыларға толық мағлыўмат берди. Студент жаслар да өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.
Биз тез-тез тутыныўшы ҳуқықларының бузылыў жағдайларына дус келемиз, бирақ, негедур буған көнлигип баратырғандаймыз, - дейди Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы балықшылық ҳәм жипекшилик факультетиниң студенти Руслан Голбаев. Мысалы, шийшемби, жума ҳәм екшемби күнлери азанғы пайыт пайтахтымыздың қубла тәрепинде жайласқан КАТЕКС саўда комплексине (ЖШЖ ге) қатнайтуғын жөнелисли таксилер күнделикли жол ҳақысын еки есеге көбейтетуғын фактлер ушырасады. Кешки пайытлары да айырым жөнелислерге транспортлар сийрексип қалады. Нәтийжеде жөнелис саны болмаған айырым «ДАМАС»лар жол ҳақысын қымбатлатыў есабына жолаўшыларды өз мәнзиллерине жеткерип қояды. Бул бир ғана транспорт тараўындағы машқала. Дәриханалардағы дәри-дәрмақлар баҳасы, тәрезилер бойынша да көплеп түсинбеўшиликлер баршылық. Биз бундай кеўилсиз жағдайларды қандай сапластырыў мүмкинлиги бойынша бүгинги семинарда керекли мағлыўматлар алдық. Тийкарғысы, гәп дәлили (анық фактлер) менен болса, өз шешимин анық табады екен. Бизге бир қанша мәкемелердиң исеним телефонлары берилип, егер ҳуқықымыз бузылса, мүрәжат етип, әмелий жәрдем сораўымыз мүмкинлигин билдирди...
Несибели
МАМБЕТИРЗАЕВА.