Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:51:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕН ҲУҚЫҚЛАРЫ ҚОРҒАЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў сис­темасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 14-майдағы Пәрманы тийкарында Тақыятас районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы өз жумысын алып бармақта.

Исбилерменлер қабыллаўханасында шөлкемлестирилген исши топар тәрепинен исбилерменлердиң мүрәжатларының өз ўақтында шешилиўи тәмийинленип атыр­ған болса, қабыллаўхана жанындағы Исбилерменлердиң жәмийетшилик кеңеси тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде ушырасып атырған системалы машқалалар анықланып, оларды сапластырыў, нызамшылықта белгиленген тәртип-қағыйдаларға өзгерислер киргизиў бойынша турақлы жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Тақыятас районындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен тастыйықланған «Көшпели қабыллаў»лар режеси тийкарында мәмлекетлик басқарыў уйымлары, кәрхана ҳәм мәкемелер, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери қатнасында 2019-жыл август-декабрь айларында 12 орында көшпели қабыллаўлар өткерилди. Онда 217 исбилерменлик субъектлери, шет ел инвесторлары ҳәм өз исбилерменлик жумысын басламақшы болған пуқаралар қатнасты. Өткерилген қабыллаўларда исбилерменлик субъектлеринен келип түскен 31 мүрәжат үйренилип, 16 мүрәжат қанаатландырылды, 15 мүрәжатта билдирилген мәселелер бо­йынша қосымша үйрениў жумыслары ушын ўақыт талап етилетуғынлығы, жоқары мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрип шығылыўы тийис болғанлығы ушын ти­йисли тәртипте түсиник жумыслары алып барылды ҳәм мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қабыллаўханаға 2020-жыл 1-январь күнине шекем жәми 107 мүрәжат келип түсти. Соннан 9 ы Өзбекстан Республикасы дәрежесинде, 16 сы Қарақалпақстан Республикасы, 82 си район дәрежесиндеги мүрәжатлардан ибарат болып, солардың 52 си қанаат­ландырылды ҳәм 54 мүрәжат ийелерине түсиниклер берилди.

Әмелге асырылып атырған унамлы ислер нәтийжесинде жергиликли исбилерменлик субъектлери ҳәм шет ел инвесторларының жақыннан жәрдемшиси ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтшиси болып, ушырасып атырған машқалаларының унамлы шешилиўине ерисилмекте. Атап айтқанда, «Prime agro commodities» ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасы баслығы Пакистан Республикасы пуқарасы, инвестор Хусайн Сайд Иқрар  тәрепинен боян тамыры қайта исленип, бир қатар шет мәмлекетлерге экспорт етилип атырғанлығы, бирақ, газ тәмийнаты менен тәмийинленбегенлигин билдирип, кәрхананы тәбийғый газ бенен тәмийинлеўде әмелий жәрдем сорап еткен мүрәжаты унамлы шешилип, газ бенен тәмийинлениўине ерисилди.

Жеке исбилермен Ахмедов Баҳрам Артиқовичтиң 2017-жыл 27-сентябрьде банкрот деп табылған «Тақыятас АТП-l09» АЖниң асхана имаратын инвестиция киргизиў мақсетинде «ноль» баҳада алғанлығы, 2019-жыл 1-апрельден баслап ийелик етиў ҳуқықы берилгенлиги, Тақыятас районы мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен 2017-жылдан баслап 1 млн. 412 мың 900 сум салық төлениўи кереклиги билдирилип, артықша төлем талап етилип атырғанлығы ҳаққында мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып, салық суммасы надурыс есапланғанлығы анықланды ҳәм исбилермен ҳуқықы қорғалды.

  

Қ.ЕМБЕРГЕНОВ,

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Тақыятас районындағы

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF