ДӘСЛЕПКИ НЫҚ ҚӘДЕМЛЕРИ ҚУЎАНДЫРАДЫ
Президентимиз Ш.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасында экономикалық реформаларды табыслы әмелге асырыў ушын районларымызды қәнигелестиргенде шоманайшылардың пайына қусшылық тийискен еди.
Таўықты жети ғәзийнениң бирине санаған халқымыздың әзелден кетеги қуры болмай, күн көрис дерегине айландырып келген.
Жоқары мағлыўматлы экономист, банк филиалы баслығы, район ҳәкиминиң орынбасары лаўазымларында ислеген Бахтияр Жарылқағанов исбилерменликте өзин сынап көрмекши болады.
Пайтахттағы көп қабатлы үйде жасап, таўық сақлап көрмегенликтен алдына бир қысым дән шашпасам да келешекте «таўықшы»лықты кәсип-кәр етеримди ойламадым, - дейди Бахтияр гәпиниң бир жағын ҳәзилге алып.
Жақсы нийетимди әмелге асырыў ушын 2018-жылы «Үстиртгаз» унитар кәрханасының қәўендерлигинде банктен 16 процентли өсим менен 3,5 миллиард сумлық кредит алып, өз атыма гөш жетистириў бағдарындағы «Азизбек» қусшылық комплексин аштым. 50 мың бас сақлаўға (соннан 30 мың басы таўық, 20 мыңы шөже) мөлшерленген қусхана комплексин қурылысшылар қысқа ўақыт ишинде сапалы қурып питкерди. Узынлығы 17, ени 5 метрлик инкубациялық цехта 19200 дана мәйек сыятуғын 4 шкафта 18 күн даўамында жанландырылып, қалған шкафларда шөже шығарып басладық. Сойыў ҳәм музлатқышлар ханасына арнаўлы үскенелер қурылып монтажланды. Өткен жылдың май айынан баслап гөш жетистириў бағдарындағы «Рост» туқымының мәйеклерин бирге ислесип атырған Самарқанд қусшылық фабрикасынан әкелип қойғанымызда 22 күнде дәслепки шығарған шөжелеримиз халыққа сатылды. Рацион бойынша жем-суўы ўақтында берилип, жеткиликли болса, 42 күн ишинде еки килограммға шекем семиреди. Оның ушын ҳәр таўық бул аралықта 4 килограмм 600 граммнан жем жеўи керек. Таўық гөшиниң өзине түсер баҳасын арзанлатыўдың бирден-бир жолы азықлық затларын өзлеримиз жетистириўимиз керек. Оның ушын дийқаншылық пенен шуғылланып, ерте бәҳәрден дәслепки ажыратылған 87 гектар жерге қосымша 500 гектарды егисликке айландырып, мәкке, жүўери, жоңышқа, басқа да дәнли егинлерден витаминлерге бай таўық жемин таярлаўға кирисемиз.
Комплекске бурын бул тараўда ислеп, бираз тәжирийбе топлаған алты адам жумысқа алынды. Олардан Тимур Салимбетов, Ерполат Әўезовлар Самарқанд қусшылық фабрикасында ис-тәжирийбелерин жетилистирип қайтты.
Ҳәзирги ўақытта таўық гөшин шәртнама жасасқан районымыздағы емлеўхана, балалар бақшалары менен базарға, саўда орынларына жеткерип берсек, қарыйдарлары көплеп табылмақта.
Таўық гөшинен басқа пәри, дәрислерин сатып, сап дәрамат табыў мүмкиншилигине ийемиз. Әлбетте, барлығы айтар аўызға жеңил болғаны менен истиң көзин билип ислесек, қусшылықты пайдалы тараўға айландырыўға болады, - деп дәслепки нық қәдемлери қуўандырған хожалық баслығы Бахтияр Жарылқағановтың ужыбатлы сөзлерин қоллап-қуўатладық.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Шоманай районы.
СҮЎРЕТТЕ: (cолдан оңға қарай) Ислам Айназаров, хожалық баслығы
Б.Жарылқағанов ҳәм Н.Нәжиматдиновлар ис басында.
Автордың түсирген сүўрети.