ЕЛЛИКҚАЛАДА ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ПЕРСПЕКТИВАЛАРЫ
Елликқала районында «Елликқала-туризм ошағы» атамасында халықаралық илимий-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық әнжуманы болып өтти.
Илажда Бангладеш Халық Республикасы, Саудия Арабстанының мәмлекетимиздеги елшиханалары, Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы инвесторлары, бир қатар министрликлер, туристлик шөлкемлер, туроператорлар, сырт еллердиң ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда район ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, «HamkorStimulServis» инновациялық жойбарлар илимий-изертлеў орайының директоры Ш.Султанова, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң бөлим баслығы Т.Олимов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Археология бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қытай Халық Республикасы инвесторларының елимиздеги исенимли ўәкили Li Robert, «HONOBOD QB COIN» бас директоры Li Gem Cher ҳәм басқалар Президентимиздиң басшылығында елимизде туризмди раўажландырыў, бул тараўда шуғылланып атырған исбилерменлерге шараятлар жаратыў, тараўға кадрлар таярлаў, туристлерге хызмет көрсетиў сапасын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, өткен жыллар даўамында елимизде бул бағдарда Президентимиздиң бир қатар пәрманлары, қарарлары қабыл етилип, 2019-2025-жылларда туризм тараўын раўажландырыў бойынша Концепция тастыйықланды. Усы тийкарда тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Атап айтқанда, туризм инфраструктурасын, ишки туризмди раўажландырыў, туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, кадрлар потенциалын арттырыў бойынша унамлы жумыслар алып барылмақта.
Өткен жылы республикамызға 100 мыңнан аслам турист келген болса, быйылғы жылы олардың санын және де көбейтиў илажлары көрилмекте. «Мойнақ балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы, «Мойнақ Ралли» автожарысы, «Саҳра симфониясы» атамасында «Open air» фестивалы, «Стихия» электрон музыка фестивалы сыяқлы илажлар сырт елли мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Тараўдың раўажланып баратырғанлығын есапқа алған ҳалда, кадрлар таярлаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бүгинги күни жоқары оқыў орынларында, соның менен бирге Нөкис туризм ҳәм сервис хызмети колледжинде қәнигелер таярланбақта.
Президентимиздиң өткен жылдың 20-21-август күнлери республикамызға сапары ўақтында 2020-2021-жыллары туризм тараўын раўажландырыў бойынша белгилеп берген тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жәми 130 миллиард сумлық 40 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў, соның нәтийжесинде 400 ге шамалас жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.
— Бул әнжуманның Елликқала районында өтип атырғанлығы тосыннан емес. Себеби, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәдений-мийрас объектлериниң көпшилиги усы район аймағында жайласқан,-деп атап өтти шығып сөйлеўшилер. Президентимиздиң басламасы менен бул район туризм ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыўға қәнигелестирилмекте. Өткен жыл туризм тараўын раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болды,-десек асыра айтқан болмаймыз. Атап айтқанда, «Топыраққала» естелик қорғанында «Элликқалъа саҳовати» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 1000 гектар майданда улыўма баҳасы 30,2 миллиард сумлық жойбар тийкарында жүзим бағын шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди. Сырт елли ҳәм республикамыздан келген мийманларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде заманагөй 2 мийманхана, Ақшакөл бойында туристлик хызмет көрсетиў комплекси қурылды.
Усындай ийгиликли ислер нәтийжесинде өткен жыл даўамында районға 50 мыңнан зыят турист келген болса, олар тийкарынан «Топыраққала», «Аязқала», «Үлкен Гүлдирсин» тарийхый орынларына бармақта. Олардың қатарын көбейтиў, хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў мақсетинде быйылғы жылғы Инвестиция бағдарламасына муўапық «AFRIG TOUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма баҳасы 2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбары тийкарында заманагөй туристлик хызметлер көрсетиў комплекси, «Топыраққала-тур» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 1 миллиард 850 миллион сумлық кредит қаржысы есабынан Ақшакөл бойында шомылыў пляжи, жаслар дем алыў орынларын қурыў, «Бостан туризм» фермер хожалығы тәрепинен 800 миллион сумлық кредит есабынан туристлик хызметлер көрсетиў комплексин қурыў жумыслары алып барылмақта.
— Президентимиздиң басшылығында соңғы үш жыл даўамында туризмди раўажландырыў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды,-дейди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими Археология бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов. — Усының нәтийжесинде елимизге келип атырған туристлердиң саны 2018-жылға салыстырғанда дерлик еки есеге артты. Тараўдың жедел пәт пенен раўажланып атырғанын есапқа алған ҳалда Мойнақ ҳәм Елликқала районларын туризмди раўажландырыўға қәнигелестирилмекте. Бүгинги күни Елликқала районы аймағында 22 тарийхый археологиялық естелик дизимге алынған болып, олар мәмлекетимиз тәрепинен қорғалып келинбекте. Өткерилген илаж, тараўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў, туристлердиң ағымын арттырыў, оларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын еле де жақсылаўға хызмет етеди.
Илаж қатнасыўшылары «Аязқала» ҳәм «Топыраққала» тарийхый орынларында болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери