ТАМШЫ СУЎДА ТЕҢИЗ СӘЎЛЕСИ
Бул әлемде ҳәммеге түсиникли, бәрше адамлар сөзсиз, тек жүрек арқалы тиллесетуғын бир тил бар. Оны — муҳаббат деп атайды. Ол ең әзиз, ең әййемги, ең қүдиретли туйғы.
Ол бар жерде тасқа да гүл питеди, дүнья да, кеўиллер де абат болады. Ҳәммесинен де Ўатанға деген муҳаббат уллыдур. Бул муҳаббат мың тәнниң бир жаны киби бизди бирлестирип турыпты. Бул муҳаббат бизге күш, йош бағышлайды. «Ким өз журтын сүймесе, басқа ҳеш нәрсени сүйиўге қәбилетли емес», деген ҳикмет ҳақыйқат. Ўатан муҳаббаты өзинде терең мәнис-мазмун жәмлегени менен де гөззал. Ҳәр ким ўатанын өзинше сүйеди, өзинше ардақлайды. Бирақ, адамлар не ушын Ана журтын сүйетуғынлығын түсиндирип бере алмайды. Бул тәбийғый. Муҳаббат ҳеш бир дәлилге, сөзге мүтәж емес. Ол — илаҳый. Ол — ең пәк сезим. Сонлықтан сүйиў, ашық болыў ең үлкен бахытдур. Негизинде ўатанның барлығы — инсанның ең үлкен бахты. Бахытлы адам ғана басқаларға шадлық, қуўаныш, тийкарғысы меҳир бере алады. Әжинияз бабамыздың «Еллерим барды» қосығын еситкенде яки оқығанда өз-өзиңнен толқынланып кетесең. Неге? Косық туўылған жерге деген муҳаббат сезими менен суўғарылған. Әпиўайы тилде, әжайып тәризде тәрийпленген. Муҳаббат ушын бәлентпәрўаз гәплер шәрт емес. Әдебиятымыздың және бир ўәкили Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың уллылығы да сонда, ол да туўылған жер тәрийпин өзинше сүўретлейди. Филология илимлериниң докторы, профессор Қурбанбай Жәримбетов «Мәңги булақ» («И.Юсупов поэзиясы ҳаққында гейпара ойлар») атлы мақаласында келтиргениндей: «Ўатан темасын шаўқымлы, дәбдебели қызыл сөзлер менен емес, ал, кишкене бөлекшелер, затлық сүўретлеўлер менен ашып бериўди қарақалпақ әдебиятында стиллик өзгешелик, стиллик бағдар сыпатында И.Юсупов баслап берди. Оның көплеген қосықларында туўылған жер, ўатан темасы өзлеримиз ескере бермейтуғын, ўатан деп есапламайтуғын кишкене бир белгилер, затлар, детальлар арқалы кеўилге қонымлы, жүрекке жағымлы етип жырланады. Мысалы, пошша торғай, қырғаўыл, тыррыўлаған тырналар, қублаға қарай ғаңқылдап ушып баратырған ғазлар, шықылықлаған ҳәкке, самал менен шайқатылған саўлатлы қаратал, қолларын жайып ербейген сексеўил, сарғайған саҳра ҳ.т.б жанлы, жансыз затлардың ҳәр бирине шайыр бирнеше қосықлар арнаған. Буған шайырдың «Қара тал», «Сексеўил», «Кесирткениң көзлери», «Пошша торғайға», «Қырғаўыл», «Байыўлыға», «Тырналар», «Қоңыр ғаз», «Ғаррылар», «Шөгирме», «Қарақалпақ ҳаққында сөз» ҳ.т.б қосықларын мысал етип келтириўге болады...»
Қақшыйып қыйынлыққа төс кериўди,
Билмейди қула дүзде сескениўди,
Салмағы мысалы пил сүйегиндей,
Сүйемен шөл перзенти сексеўилди.
Туқымы жер таңламай өнип кетер,
Жасында көк шыршадай дөнип кетер,
Жанса да тегин жанбай адамзатқа —
Бойдағы бар қызыўын берип кетер.
Әпиўайы шөл өсимлигин өз даласын жаўлардан қорғап турған әййемги массагеттиң ләшкерине уқсатқан, отлы әптап пенен айқасып қыйынлыққа көнген, тамыры шөл төсине терең енискен сексеўилди шайыр инсанға ибрат етип көрсеткендей болады. Қыйыншылық келсе көксин қалқан етиў мәрттиң иси. Ўатанға деген муҳаббат та сонда билинеди.
Ўатан муҳаббаты неден басланады? деген сораўға ҳәр ким түрлише жуўап береди, көпшилик жуўап бере алмаса да керек. Мениңше, Ўатан муҳаббаты өзликти аңлаўдан басланады. Адам өзин аңлаў, өзин таныў ушын жақсы тәлим-тәрбия алыўы керек.
Орайлық базар алдында жақсы кийинген, үлкен жастағы ақсақал шегип болған сигарета қалдығын ылақтырып жиберди. Узағырақта турған жас ҳуқықты қорғаў хызметкери келип, сигарета қалдығын шығынды қутыға апарып таслаўын өтиниш етти.
«Уят емес пе, ақсақал!» деп гәп баслаған ҳуқықты қорғаў хызметкериниң гәпи аўзында қалды.
«Қойсаң-ә, ақылыңды. Билесең бе, Европаға жетиў ушын бизге жыллар емес, әсир керек».
Олар бир-бирин түсинисе алмады. Ақсақал «Не қылсаң қыл, керек болса жәрийма пулыңды да төлеймен, бирақ, сигерата қалдығын шығынды қутыға апарып тасламайман» деп ерегисти. Өзин ар-намысы бәлент етип көрсеткен ақсақал ушын мәденият түсиниги жат еди. Мәденият болмаған жерде муҳаббат та болмайды. «Жақсылық етиў қолыңнан келмесе жаманлық та етпе», деген ибратлы гәп бар. Өзиң жасап турған жердиң тазалығы, абаданлығы ушын жан күйдирмес екенсең, сени ўатансүйиўши инсан деп ким айтады? Ўатаныңның гүллеп-жаснаўы, дүньяға танылыўы сениң жүзиңди жарқын етпей ме? Сен дүнья тән алған елде жасаўды қәлемейсең бе? Не ушын усы мақсет жолында ат салыспаймыз?! Бизди баққан, адам қатарына қосқан, жығылсақ сүйеген, тийкарғы тирегимиз — ўатанымыз ушын неге жан күйдирмеймиз?! Басқаға ҳәўес етип таңлай қаққанша, қолдан келетуғын исти еткенде ме еди.
Ҳәр бәҳәрде бир түп нәл отырғызғанымызда ана жеримиз қаншелли гөззалланар еди. Жасыл тәбият инсанияттың саламат болыўы ушын зәрүр тийкарғы фактор. Оннан да әпиўайы мысал, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў. Бул өзимиздиң денсаўлығымыз ушын керек, негизинде. Сен айтпасаң, мен айтпасам, ким айтады, заманлас? Қуры ўатаным, жаным, деп көкирекке урғанды қояйық? Туўылған топырағымыз маңлай теримиз, меҳримиз бенен гүллесин!
Ўатанды сүйиў бул пидайылықты аңлатады. Пидайылық — жақсылық етиўден ибарат. Жақсылықтың үлкен-кишиси болмайды. Тазалықты сақлаў, жасыл тәбият ушын гүресиў, терең билим алыў, жақсы жаңалықларды, жаңа инновацияларды турмысымызға ендириў, өз кәсибин сүйген ҳалда шын кеўилден мийнет етиў — бәри-бәри бизиң Ўатанға деген муҳаббатымыз. Тийкарғы байлығымыз суўды бийкар сарпламаў, электр энергиясы, газден үнемли пайдаланыў киби әпиўайы қағыйдаларға әмел етиў де жоқары мәденият белгиси. Адамларға жақсы мүнәсибетте болыў, жақсы сөйлеў де садақа, делинген. Бул әпиўайы мысалларға әмел етиў ушын да инсан өзин тәрбиялаўы керек.
Тийкарғы тәрбия қуралы — китаплар! Адам оқыўдан тоқтаған пайыты — пикирлеўден де тоқтайды екен. Пикир болмаған жерде прогресс те болмайды. Жаңалық жаратыў ушын ҳәр күни оқыў керек. Ҳүрметли Президентимиз бийкарға китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳаққында Бийлик шығармады. Китап — жақсы жасаў ушын ең жақсы қолланба. Оны дос тутынған, оған сүйенген инсаннан шын ўатансүйиўшилер жетисип шығады. Олар өз мийнети, дөретиўшилиги менен өз елин дүньяға танытады. Мысалы, белгили шайыр-жазыўшылар, художниклер, композиторлар, алымлар, сиясий ғайраткерлер, сәркардалар атын айтқанымызда биринши орында олар жасап өткен мәкан тилге алынады. Олар өз халқының ўәкили. Демек, ўатанды сүйиў ушын әскер яки спортшы болыў шәрт емес екен. Ўатансүйиўшилик шын инсан болыў жолында излениўден ибарат. Өзиңди таны, өзиңди тәрбияла! Сен жақсылық ушын жансаң ғана әтирап нурға толады. Умытпайық: биз ўатанның бир бөлегимиз. Суўдың бир тамшысы асаў толқынлы дәрья, теңизлер ҳаққында, қумның бир уўысы шексиз саҳралар барлығы ҳаққында дәрек бергениндей, ҳәр биримиз өзимизде ўатан тымсалын алып жүремиз. Еткен исимизге бағып, дүнья бизге, биз арқалы халқымызға, елимизге баҳа бережақ!
Несибели
МАМБЕТИРЗАЕВА.