Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:24:41, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШОЛЛЕР  ЕЛЕ БОСТАН  БОЛАДЫ

  «Мың қайғы бир ис питирмес», деген гәп бар халқымызда. Бүгин Арал тәғдири усы журтта жасайтуғын ҳәр бир инсанды тәшўишке салып атырғанлығы ҳақыйқат. Лекин, қуры қайғырғаннан пайда жоқ.

«Ҳәрекетке — берекет», дегениндей қолды-қолға берип, бул аўыр сынаққа биргеликте шешим табыў мүмкин. Аралды қайта толтырыў илажсыз болса да, экологиялық аўҳалды жақсылаў имканы бар екенлигин билемиз.

Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Аралдың қурып қалған ултанында сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы өсимликлер егиў ислери қолға алынған еди. Өткен жылдың өзинде 500 мың гектар майданға сексеўил туқымлары егилип, оның дәслепки нәтийжелери халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи. Жерге меҳир менен қадалған нәл бир күн келип дараққа айланатуғынлығын әмелде көрип, күшимизге-күш қосылмақта. Өзин усы елдиң пуқарасы деп билген ҳәр бир азамат үмит пенен сексеўил туқымын шашыў ушын Арал тәрепке асықпақта. Әсиресе, бул исте жасларымыз белсенди.

Усындай үлкен ийгиликли иске үлес қосыў мениң де тийкарғы мақсетим еди. Өткен жылы шөлге ҳәм дузға шыдамлы өсимликлерди егиў бойынша жойбар ислеп шығып, август айында Алматы қаласында жақлап, халықаралық грант жеңимпазы болдым.

«Тоғай жердиң сәни» дегениндей, өсимлик дүньясының планетамыз, тиришилик ушын пайдасы жүдә көп. Мысалы бир ғана «саҳра мәликасы» деп ат алған сексеўил қум көшиўи ҳәм ҳаўаға шаң-тозаң көтерилиўиниң алдын алады. Алымлардың айтыўынша, бой жеткен бир түп сексеўил өз тамыры әтирапындағы 100 тонналап қумды услап турыў имканына ийе екен. Буннан тысқары бул дарақ шөлдиң, қумның тәбийийлесиўине, өнимдарлы топыраққа айланыўына да жәрдем береди. Нәтийжеде оның әтирапына басқа түрдеги өсимликлерди де өсириўге болады. Жақын келешекте бул бийпаян шөллер тоғайзарға айланса көплеп қуслар ҳәм ҳайўанатлар мәкан қурып, экологиялық жағдай турақласады деген нийеттемиз. Себеби, тәбиятта рәң-бәреңлик қанша көп болса (ҳайўанат ҳәм қуслар, өсимликлер түрлери) саламатлығымыз, социаллық жағдайы­мыз да сонша жақсы болады.

Умытпаўымыз керек ана жер тири. Тири нәрсе ғана тиришилик жарата алады. Оған көрсетилген жәрдем, меҳир, өзимизге он есе, бәлким оннан да зияда болып қайтады. Бүгинги изленислеримиз, мийнетлеримиз өзиниң мийўасын беретуғынлығына беккем исенемиз!

Гүлбану АЛЬМЕНОВА,

жас биолог.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF