Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:21:20, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУЛ МУҚАДДЕС ЎАТАН — БӘРШЕМИЗДИКИ!

Биз бахытлы елдиң бахытлы перзентлеримиз. Себеби, биз жасларды қәстерлеп сақлайтуғын, олардың айдын келешегин тәмийинлейтуғын ел басшылары, ўатансүйиўши халқы бар журтта жасап атырмыз.

Бүгинги күнде республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Мойнақ районында бурын көз көрип, қулақ еситпеген жаңаланыўлар менен өзгерислер жүз бермекте. Усы жылдың 7-январь сәнесинде биз жаслар Арал тенизиниң қурыған ултанына, яғный, 105-километр деп аталатуғын жерине бардық. Биз соған гүўа болдық, ол жерде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай ийгиликли ислерге өз үлесимизди қосыў ушын тракторларға минип, сексеўил нәллерин ектик. Күн суўық, бирақ, бизиң жүрегимизде қайнап турған Ўатанға, туўылған жеримизге муҳаббат сезимлери бул суўықты писент еттирмес еди.

Сол нәрсени мақтаныш пенен айта аламан, усындай журтта туўылып, жасап атырғанымыздан жүдә қуўанышлыман. Өзбекстан сыяқлы қүдиретли мәмлекеттиң айдын келешегин қурыўдай уллы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаны биз жаслар өз мойнымызға аламыз ҳәм елимиздиң раўажланыўы жолында өзлеримиздиң үлесимизди қосыў ушын ҳеш қашан шаршамаймыз, дегим келеди. Себеби, бул муқаддес Ўатан бәр­ше­миздики!

Арайлым КЕМАЛОВА,

Мойнақ районындағы 4-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF