Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:29:00, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕНИҢ МОЙНАҒЫМ — МЕНИҢ МАҚТАНЫШЫМ

Мен Мойнақ районының перзенти сыпатында соны мақтаныш пенен айта аламан, Мойнақ ра­йонымыз қайтадан «туўылды» десем болады.

Мойнақ районында ески имаратлардың қайтадан бой тиклеўи, консерва заводының қайтадан иске түсиўи, тазадан текстиль фабрикасы қурылғанлығы ҳәм басқа да көплеген имаратлардың Мойнақ хал­қы ушын пайдаланыўға тапсырылғанлығы мойнақшылар ушын үлкен жаңалық болды.

Мойнақ районын көклемзарластырыў илажлары Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында көтериңки руўхта әмелге асырылып бармақта. Мысалы, өткен 2018-2019-жыллар даўамында қурыған Арал теңизиниң ултанында 500 мың гектар жерге сексеўил, қандым ҳәм басқа да Арал ултанынан көтерилген шаң, дузларды иркиўши өсимликлер егилди. Усы егис процесине мен де жаслар қатарында қурыған Арал теңизи ултанын көклемзарластырыў илажларына биримиз трактор айдап, биримиз сексеўил егип, бул саўаплы илажға белсене қатнастық.

Быйылғы жылға қойған алдымыздағы мақсет — 700 мың гектар жерди көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен алып барыўдан ибарат. Мине, усы илажда жеке өзим де Мойнағымның садық перзенти сыпатында өз белсендилигимди көрсетемен.

Бул алдымызға қойылған мақсет кешеги болып өткен  Халықаралық пресс-клубта баслы мәселе ретинде айтылды ҳәм сол жерде биз жаслар усы саўаплы жумысты қолымызға аламыз, деп исеним билдирдик.

Күнниң ызғырық суўықларында да, жаздың мыс қайнаған жәзийрама ыссыларында да ықлымына ысылып, киндик қаным тамған мәканым — Мойнағым менен барлық бахытлы күнлеримди бөлисип келмектемен.

Әскерий хызметти айрықша баҳаларға тамамлап, жоқары оқыў орнына кириўге әскерий усыныснамаға ийе болдым. Нәтийжеде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетине оқыўға кириў бахтына миясар болдым.

Өткен 2019-жыл 28-декабрь күни елимиз басшысы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязовтың қолынан «Үмит ушқыны» көкирек нышаны менен сыйлықланыў бахтына миясар болдым.

Бул сыйлық маған үлкен күш бағышлады. Ендиги жағында туўылып өскен диярым — Мойнақ районының гүллеп-жаснаўына ҳәм көклемзарласыўына өз үлесимди қосып, аянбай хызмет етиўге ҳәрекет етемен.

Келешекте халқыма пайдам тийетуғын, қала берди, Мойнақ районының раўажланыўы, жарқын келешеги ушын жаңадан-жаңа идеяларымды иске асыратуғын кадр болып жетилиўге ўәде беремен.

Артур САГИДУЛЛАЕВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика

факультетиниң 1-курс студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF