Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:52:58, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН  ЖАСЛАРЫНЫҢ ЖҮРЕКТЕН ШЫҚҚАН СӨЗЛЕРИ

«Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген  тийкарынан бул — Мойнақ халқы. Олардың сабыр-тақаты, Ўатансүйгишлиги ҳәм мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек».

Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Президенти.

Бүгин биз жедел раўажланып атырған бир дәўирде жасап атырмыз. Мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз басламалары менен әмелге асырылып атырған реформалар болса кимди болса да таңландырады. Журтымызда бүгин инсан қолы ҳәр жерде, ҳәр орында әжайыбатлар жаратпақта. Жаңа Өзбекстанның ғайраты ҳәм талпыныслары пүткил дүньяны өзине қаратпақта.

Әне усындай жаңаланыўлар процесинде жас­ларға бүгин жаңа бир дәўир келди! Журтбасшымыз жоқары минберден турып, жас әўлад ўәкиллерине үлкен үмит ҳәм исеним билдирди. Жаслардың үлкен күшке ийе екенлигин, бәрше басламаны өз қолларына алатуғын ўақыт келгенин мақтаныш пенен атап өтти. Ҳәр бир министрлик, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшыларына жаслар менен ҳәмийше ушырасып турыў, ҳәр бир тараўда олар менен биргеликте жумыс алып барыў кереклигин атап өтти.

Соны да атап өтиў керек, бул ўақыя Өзбекстан, әсиресе, Қарақалпақстан жасларының турмысында жаңа ҳәм бийтәкирар жол ашты. Сондай-ақ, Мойнақ районында абаданластырыў, қурылыс жумыслары, Арал теңизиниң қурып қалған ултанында тоғай пайда етиў, тәбиятты қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылып атырған бир ўақытта Президентимиздиң мәмлекетимиз жасларына үлкен исеним билдиргени ­ бул аймаққа және де кеўил көтериңкилик, нийетлерди әмелге асырыўға умтылыў, уллы ислерге өзгеше берекет бағышлады.

Пүткил Өзбекстан, Қарақалпақстанның ийгиликли ислерине қарай жең түрген жаслар Мойнақ районына, Аралдың қурыған ултанына сеңдей ығысып келмекте. Қурыған Арал журт перзентлериниң меҳир нуры менен толып басламақта. Жас әўладтың күш-ғайраты арқаның ҳаўасына ыссы леп алып келди...

Мине, бир неше күннен бери Қарақалпақстанның Мойнақ районы аймағында көшелер, шаңарақлар, кең далаңлықлар олардың шадлы күлкилерине толған. Кеўилли сәўбет қурыў, жаратыў, дала жумыслары қызғын. Бул жерде Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси, Айрықша жағдайлар министри, генерал-лейтенант Турсынхан Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов ҳәм де қатар министрлик, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары районның түрли аймақларында жас әўлад ўәкиллери менен қызғын ушырасыўлар шөлкемлестирмекте. Қус ушса ҳәтте қанаты музлайтуғын, кең саҳра, арзыўлар киби ыссы ҳәм лаўлап жанған от әтирапында жас әўлад ўәкиллери менен шын кеўилден сәўбет қурмақта, келешек режелерин дүзбекте.

Бундай ушырасыўлардан биз ­ Жаслар аўқамы ағзалары, оқыўшы жаслар, әскер-сержантлар, жас офицерлер берилип атыр­ған көплеген имканиятлардан кеўлимиз тасып атыр. Ең тийкарғысы, журтымыз ҳәм халқымыздың пәраўанлығын тәми­йинлеўде басламаны қолға алыўда үлкен исеним билдирип атырғанлығы бир күшимизге он күш, ғайраты­мызға ғайрат қоспақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси биз бенен жүзбе-жүз ушырасыўында Президентимиздиң Жаслар арасында «Мен сизиң жаныңызда турып, қол-қанатыңыз боламан!» деп көзлери жанып турған билимли, жигерли жигит-қызлар бар екенлигине исенемен. Жетекшиликтиң, өз изинен ертиўдиң ең туўры жолы ­ жеке өрнек ҳәм үлги болыў», деп айтқан сөзлерине айрықша дыққат қаратар екен:

­ Сизлерден бизиң илтимасымыз сол, Журтбасшымыз сизлерге қаратып атырған жоқары исеним ҳәм ғамқорлықларын қәдирлең!

 

«Барлық жумысларымыз, реформаларымыз Өзбекстанның ертеңги күни ушын. Келешегимиз тийкары болса — сиз, жаслар. Көзлериңизден көрип турман: сизлер билимли, Ўатаныңызға мүнәсип перзент болып жетисесиз. Бул ушын барлық шараятларды жаратып беремиз».

Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Президенти.

 

 

Мәмлекетимиз басшысы, минис­трлик, кәрхана ҳәм мәкемелер бүгин Сизиң қорғаныңыз, жарқын келешегиңиз, бахтыңыз ушын хызмет етиўди гөзлеп атырған бир ўақытта Сиз де жуўап ретинде жақсылықты қәдирлейтуғын, Ўатансүйиўши, сақый, ҳадал, ҳақ кеўилли перзентлер болып өнип-өсиўиңизди сорап қаламыз! - деп жасларды өз-ара бирлик ҳәм аўызбиршиликке жетеледи.

Ҳақыйқатында да, биз бүгин мәмлекетимиз басшыларының жас әўладқа қаратып атырған итибар ҳәм ғамқорлығына өзимиздиң күш-жигеримиз ҳәм пидайылығымыз бенен мүнәсип жуўап бериўимиз зәрүр. Бүгин биз сыяқлы жаслар менен биргеликте Арал теңизиниң қурыған ултанларында ушырасыўлар шөлкемлестирилиўинде де өзгеше мәни жәмленген. Себеби, ҳеш ким Арал тәғдирине бийпарық емес. Бундай ийгиликли ҳәм саўаплы исте де, биз жаслар белсендиликти өз мойнымызға алыўымыз тийис.

Соның ушын да бүгин биз ­ пидайы жаслар топары ҳәм мәмлекетимиздиң экологиялық ҳәрекети ағзалары, Аралдың қурыған түбинде Ана-Ўатанды қорғаў жолында жан-тәни менен хызмет етип атырған әскерий сержантлар, жас офицерлер ҳәм тәжирийбели қәнигелер менен бирге мийнет етип атырмыз.

Бүгин Аралдың қурыған ултанына барсаңыз, күш-ғайрат пенен ислеп атырған жасларды көресиз. Ҳәзир биз ҳәр бир нәпесимизде қәнигелер менен бирге мийнет майданында күш-жигер менен жумыс алып барып атырмыз. Бәршемиз, яғный, жас жигит-қызлар механизаторлардың қасында техникаларды басқара отырып, күшине толған жанажан Аралымыз ушын бар зүрәәтти мине, ал, деп турған сексеўиллердиң туқымларын жыйнап, арзыў-үмитлеримиз нышаны болған нәллерди трактор менен жерге егип барамыз, қумларды қақ жарып, суўлар ағатуғын қарықлар ашып атырмыз.

Авиация самолётларында ушып, Арал теңизин көклерден гүзетер екенбиз, оның дәрт-ҳәсиретлерине даўа болып, ҳаўада жүрип, сексеўил туқымларын сеўип атырмыз. Бул ислеп атырған ислеримиз, әлбетте, күш-ғайрат бағышлайды, себеби, биз жаслар елимиздиң жүгин көтерер екенбиз, оның аўырын жеңиллестириўге өз үлесимизди қосыўдан шаршамаймыз.

Тийкарында бундай хызметимиз билим ҳәм тәжирийбелеримизди арт­тырыў ушын үлкен бир имка­ният. Мийнет отрядлары, ҳақыйқатында турмыс мектеплери болып есапланады. Елимиз ­ үлкен имканиятлар журты, отрядлар болса усы имканиятларды жүзеге шығаратуғын ҳақыйқый гүрес, билим ҳәм тәжирийбе майданы. Биз жалғыз емеспиз, көпшиликпиз. Биз ­ пидайы ҳәм жанкүйер жаслар отрядымыз.

Буған тарийхтан да көп мысаллар келтириўге болады. Атап айтсақ, 1940-жылы мыңлаған колхозшыларға бир-бирине тирек болған жаслар жәмәәти 270 км узақлықтағы «Үлкен Фер­ғана» каналын 45 күнде қазып ҳәм иске түсирип, мәртлик көрсетти. Аралбойы аймағында бүгин жаслар отрядлары мине усындай пидайылық үлгилерин көрсетип келмекте.

Қәнигелердиң айтыўынша, бул аймаққа 2018-2019-жыллар арасында жәми 500 000 гектар майданға сексеўил туқымлары егилди. 2019-2020-жыллар ишинде тоғайзарлықлар пайда етиў жумыслары 700 000 гектар аймақты қамтып алыўы көзде тутыл­ған. Бүгин Аралдың қурыған түбине 2700ге жақын жумысшылар жәрдемге келген болса, енди жаслар отрядларының саны буннан да бетер арттырылады.

­ Мен пидайы жаслар отрядында ислеп атырғаныма мақтанаман, - деди топарымыз ағзаларының бири, жас исбилермен Саҳибжамал Утемуратова. ­ Бул иске мени биреў мәжбүр еткен жоқ, өз қәлеўим менен киристим. Себеби, өз теңлеслериң менен бир топарда ислеў сени келешекте бийғәрез, еркин пикирлеўши, әсиресе, елимизге, шаңараққа керекли инсан сыпатында тәрбиялайды. Сабыр-тақатыңды беккемлейди, физикалық жақтан саламат боласаң.

Қала берсе, өз мийнетиң менен, маңлай териң менен тапқан ис ҳақыңды қолыңа аласаң. Буннан рәҳәтленесең. Гәп ис ҳақы ҳаққында емес, ал, өз мийнетиңниң жемисин көриўде, ел-журтқа мүнәсип хызмет етиўде...

­ Мәмлекетимиз Президенти, Қураллы Күшлеримиз Бас Сәркардасының биз жасларға итибар ҳәм ғамқорлықлары себеп бүгин мен мүддетли әскерий хызметти өзимниң туўылған жерим, Мойнақта өтемектемен. Бул маған еки есе күш бағышлайды. Бириншиден, мен жақынларым қушағындаман. Екиншиден, өз аўылым, қаламның пәраўанлығы ушын өз перзентлик үлесимди қосып атырман. Соның ушын да кеўлим тоқ, исимде алға илгерилеўшилик, өмирим қуўанышқа толы, - дейди Мойнақ районында жайлас­қан Арнаўлы тәбиятты тиклеў     батальонының мүддетли әскерий хызметкери, қатардағы әскер Бахытбай Медетов.

­ Дурысы, алдын Арал ҳаққында, бул жерде исленип атырған жумысларды еситкенимизде, әпиўайы ғана мақул деп қоятуғын едим. Бирақ, бул аймаққа келип, әпиўайы адамлардың күнди-күн, түнди-түн, суўықты-суўық демей, машақатлы мийнет етип, бир сексеўил туқымын өндириў жолында «жан алып, жан берип», өнип шыққан кишкене сексеўил нәллерине өзлериниң жас балаларындай қарап, қуўанып атыр­ғанын көрип, кеўлим әллеқандай болып кетти.

«Зер қәдирин зергер билер» дегениндей, ерксиз көзлериме жас келди. Сондай шексиз саҳра бойлап өсип атырған бир дана сексеўилдиң қәдирин, оны «балам» деп қәстерлеп-абайлап өсирип атырған пидайы, мийнеткеш тоғай хожалығы хызметкерлери биледи, - дейди теңлеслеримизден бири Руслан Сайлаўбаев.

­ Өткен жылы шөлге ҳәм дузға шыдамлы өсимликлерди егиў бо­йынша жойбар ислеп шығып, август айында Алматы қаласында жақладым ҳәм халықаралық грант жеңимпазы болдым, - дейди жас биолог Гүлбану Альменова. ­ Өзимниң туўылып өскен жеримниң гүллеп-жаснаўына аз да болса үлес қоса алғанымнан оғада қуўа­нышлыман...  

Усы жылдың 10-январь күни Арал теңизиниң қурыған ултанында биз Қарақалпақстан жаслары, минис­трлик, шөлкемлердиң басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында халықаралық Пресс-клуб көрсетиўи шөлкемлестирилди.

Көрсетиўдиң бул саны Арал ҳәм жаслар темасына бағышланып, онда усы аймақта әмелге асырылып атыр­ған саўаплы ислерде жаслардың белсендилигин арттырыў мәселеси додаланды.

Илажда Өзбекстан Республикасы  Жаслар аў­қамының баслығы Алишер Садуллаев сөзге шығып, 2020-жылда Арал теңизинде әмелге асырылатуғын жумысларда жаслардың қатнасыўы, олардың белсендилиги, алға қойған мақсетлери ҳаққында атап өтти.

Туўрыдан-туўры эфирге узатылған қызғын сәўбет қатнасыўшылары, әсиресе, биз Қарақалпақстан жасларына көтериңки руўх бағышлап, дөретиўшиликке жетелейди. Ең итибарлысы сонда, ушырасыўда Журтбасшымыздың усыныс еткениндей, бул аймақта жаслардан ибарат «Ўатанымыз мақтанышлары» шөлкемлерин дүзиў журтымызда ғана емес, ал, пүткил дүнья жасларын усы аймаққа қаратыў. Олар менен биргеликте Аралды қутқарыў режелерин әмелге асырыў, ҳәр бир шаңарақ Арал теңизиниң қурыған аймағында өз нәллерин егип, бул иске өз үлесин қосыўы, саўаплы мақсет жолында шөлкемлестирилген қайыр­қомлық фондына ҳәр бир пуқара өз ықтыяры менен пул өткериўи сыяқлы усыныс-пикирлери ҳеш кимди бийпарық қалдырмады.

Сондай-ақ, бүгинги күнде Аралбойында мисли көрилмеген ислер әмелге асырылады екен, усы аймаққа бир мәрте болса да келип, өзиниң инсаныйлық үлесин қоспаған пуқара Өзбекстан пуқарасы емес!-деген жуўмаққа келинди.

Бул өз нәўбетинде қатнасыўшылар ҳәм жаслар тәрепинен толық қоллап-қуўатланды.

Илаж жуўмағында жасы үлкенлер, тәжирийбели қәнигелер сөзге шығып, жас әўладты Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында болып атырған тарийхый ўақыяға белсене қатнасыўға шақырды.

Соның менен бирге, илажда Жаслар аўқамы ағзалары да сөзге шықты. Олар Журтбасшымыздың жоқары итибары ҳәм ғамқорлықларынан жуўмақ шығара отырып, бәрше жасларды өз-ара бирлестирип, жанажан Арал машқаласын шешиўде бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарыўға сөз берди.

Әлбетте, бундай ийгиликли мақсетлер сөзсиз әмелге асады. Арал теңизиниң қурыған аймақларының орнында көркем тоғайзарлықлар пайда болады. Жылдан-жылға бой созып, өнип-өсип атыр­ған сексеўиллер күн келип, саўлат пенен сап тартады.

Әне, сонда көресизлер, қум барханлары тынып қалады. Дузлы қатламлар орнында жумсақ өнимдарлы жерлер жайнап-жаснайды. Тоғайлар арасында қоянлар, сондай-ақ, әтирапты гүзетиўши балпақ тышқанлар ҳәм жуўас кийиклер жуўырып жүреди. Оларды көрип көзимиз қуўанады.

Биз не дейсиз бе?! Жыллар өтеди: Биз сыяқлы жаслар да тур­мыста өз орнымызды табамыз, шаңарақ қурамыз, күнлер өтип, перзентли ҳәм ақлықлы боламыз, әне сол ўақытта ақлықларымыз бенен усы жерлерге келип, оларға:

­ Көрдиңиз бе, мине усы жердеги сексеўиллерди өз қолларымыз бенен еккенбиз, - деп мақтаныш етемиз.

Кейин оларға усы бүгинги күнди, яғный, Мойнақтағы қайнаған мийнет процесин шын кеўилден гүрриң етип беремиз.

Ақлықларымыз болса сөзлеримизди тап ертек, әпсаналардай тыңлайды. Сөзлеримизден тәсир­ленип: «Усы айтқанларыңыз ҳақыйқат па?! Усындай шек-шегарасыз аймақта туқым егип шығып, көгертилген болса?!

Биз болсақ оларға мыйық тартып күлип қоямыз да: «Аўа, булардың ҳәммеси шын ҳақыйқат», деп жуўап беремиз...

Шынында да, ҳәр бир халық өз тарийхын өз қолы менен жаратады. Бул жақсылық ислеримиз тарийх бетлеринде алтын сыялар менен жазылып қалады.

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы бойынша илим докторы, бизиң З.Б.Новицкийдиң айтқанындай, «Еле Мойнақ ра­йоны гүллеп-жаснайды, әлбетте. Мойнақта қурылыс топарлары дүзиледи. Оған 300 ден аслам ғайратлы, искер жаслар қамтып алынады. Арал теңизиниң қурыған түбинде Мойнақ жасларының үйлери бой тиклейди. Жүзлеп әскер ҳәм сержантлар бул жерде әскерий хызметин өтеп, ана-Ўатанымыздың раўажланыўы ушын өз үлесин қосады. 100ден артық қолы гүл, өнермент жигитлер ҳәм қызлар дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў ислерине қатнасады. 150ге жақын жигит-қызлар тийисли кәсиплер бойынша оқытылып, қайта таярланады. Мине көресиз, еле пүткил дүнья халқы бизлер ислеген әжа­йыбатларымыздың алдында таң қалып, бармағын тислеп қалады».

«Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы Шарап Уснатдиновтың сөзи менен айтқанда, «Дүньяда теңизи, дәрьясы қурып қалған еллер болған, бирақ, бундай жумыслар ҳеш жерде исленбеген. Журтбасшымыздың бул ислери дүнья жүзине үлги болып келмекте. Биз билемиз, Арал теңизимиз 60-жыллардан қурып баслады. 80-жылларда теңизимиз көринбей қалды. Бирақ, бизлерге биреў жәрдем береди, деген пикирлер менен жасадық.

2017-жылдан баслап Президент шақырығы менен Арал теңизи ултанында үлкен жумыс басланды. Ҳәмме жерден, соның ишинде барлық ўәлаяттан да басшылар келип, Арал теңизиниң қурыған ултанын гүллендириўде белсендилик көрсетпекте. Өзин Өзбекстан пуқарасы деген адам Мойнаққа келиўи керек. Биз жасыүлкенлер, басшылар жасларға ҳәр тәреплеме үлги болыўымыз тийис».

Президентимиздиң басламасы басқа еллерге, дүнья халықларына үлги болады. «Аўызбиршилик қайда болса, берекет те сонда болады». Бул ушын тек мийнет ислеўимиз керек.

Бул итибар ким ушын?! Әлбетте, биз жаслар ушын, солай екен, буннан руўхланып, бир топар қарақалпақстанлы жаслар шын жүрегимиздеги сөзлеримизди билдирдик. Бизлерди қуўатлайсыз деп исенемиз.

Буннан тийкарғы мақсетимиз ­ Ҳүрметли Президентимизге үлкен миннетдаршылық билдиремиз.

Ҳүрметли Журт­бас­шымыз!

Сизге биз ­ жаслардың тәғдирине жанкүйерлигиңиз, Ана-Аралымызды қутқарыўдай қайырлы иске бас болып атырғанлығыңыз, жас әўлад ушын жаратып берип атырған үлкен имканият ҳәм жоқары дәрежедеги итибарыңыз ушын үлкен миннетдаршылық билдирип қаламыз!

Сөзимиздиң соңында өзимиздиң жақсы нийет уранымызды айт­пақ­шымыз: «Арал шегинсе де, биз шегинбеймиз! Оған қайта өмир инәм етиўдей саўап жолында ҳасла тоқтамаймыз!».

Жоқары ҳүрмет ҳәм итибар менен гүллән Қарақалпақстан жаслары атынан:

 

Айбек ОРЫНБАЕВ,

қәнигелестирилген тәбиятты тиклеў батальонының

мүддетли әскерий хызметкери, қатардағы әскер. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF