Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:34:37, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА  ҚАЙТА ЕГИНЛЕР  АГРОБИОЛОГИЯСЫ

Соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен гүзлик бийдайдан босаған жерлерге тәкирарый егинлер егиў жолға қойылды. Бундағы гөзленген мақсет — халқымызды сапалы азық-аўқатлық өнимлер менен тәми­йинлеў болып табылады.

Қағыйда бо­йынша бул егинлер июль-август айларында егилип ҳәм олардың көпшилиги ноябрь айын­да жыйнап алынады. Себеби, бул егинлер вегетациялық дәўириниң қысқа болыўы менен характерленип, булардың раўажланыўы ушын гүзги ҳаўа райы оптималь жағдай есапланады.

Бундай мақсетлер ушын өсимликлердиң бир неше түрлери қолланылады. Олар өз-ара сыртқы көриниси (морфологиясы), реңи, бойы ҳәм де мийўе-жемислери менен өзгеше болса да, олардың тез писерлик қәсийетлери бир-бирине уқсас болады. Азық-аўқат ушын пайдаланыўына қарай олар шәртли түрде төмендегише классификацияланады:

  1. Жер үсти бөлимлери (жапырағы, пақалы ҳәм топ гүли) аўқат ушын пайдаланатуғын өсимликлер топарына: салат өсимлиги, капусталар жатады. Салат бир жыллық өсимлик болып, оның жапырағында А. В ҳәм Вl витаминлери көп болып, ол егилгеннен соң 30-35 күнде аўқатқа пайдаланыўға жарамлы болады. Ал, капуста 60-80 күнде үзиўге таяр болады. Күнделикли аўқатланыўда капуста қуўырыл­ған ҳәм писирилген түринде желинеди.

Капуста ­ ең көп таралған овощ өсимликлеринен болып, ол Өзбекстанда XVIII әсирдиң ақырында егиле баслаған ҳәм оннан борщ сыяқлы жеңил сиңиўши аўқатлар, ал, Қытай капустасынан көп муғдарда дузланған салатлар, яғный «чимчи»лер таярланады. Капустадан гектарына 120-160 центнер өним алыўға болады.

  1. Жер асты бөлими аўқат ушын пайдаланатуғын өсимликлер топары болып, олар «тамыр-жемисли» егинлер деп аталады ҳәм бул топарға ләблеби (қызылша), редиска, түрпи, шал­ғам және гешир жатады.

Бул егинлер гүзги 6-80 суўыққа шыдам береди ҳәм олардан гектарына 100-200 центнер өним алынады. Күнделикли аўқатланыўда олар көбинесе шийкилей ҳәм писирилген ҳалында пайдаланылады. Сондай-ақ, олардан иштейди ашыўшы ҳәр қыйлы суўсынлар, пюре ҳәм «винегрет»лер таярланады және де олардың жер үсти жапырақлары үй ҳайўанлары (таўық ҳәм қоян)- ларға жақсы азық болады. Ләблеби туқымы егилгеннен соң 40-45 күнде, шалғам ҳәм гешир 60-70 күнде, ал, түрпи 65-80 күнде аўқатқа пайдаланыўға таяр болады ҳәм олар қазып (геўлеп) алынады. Булардың жемислеринде кальций, темир ҳәм фосфор дузлары болып, олар жас өспиримлердиң сүйеклериниң беккемлениўинде үлкен роль атқарады. Сондай-ақ, геширде көздиң көриўин жақсылаўшы А витамини (каротин) болады.

3.Собықлы өсимликлер топары болып, оларF көк буршақ (зеленый горошек), мәш ҳәм лобиялардан ибарат. Булардан көк буршақ көгерип шыққан соң 45-55 күнде аўқат ушын пайдаланыўға жарамлы болады. Ал, мәш ҳәм лобия 55-70 күнде писип жетилиседи. Көк буршақтың бойы 65-75 сантиметрге шекем өседи, оның собығының узынлығы 7-12 сантиметр, ҳәр бир собығында сарғыш реңли 6-8 дәни болады. Оның дәнинде 5-6 процент белок, 30-40 процент крахмал, 4-6 процент қантлы бирикпе ҳәм витаминлер көп болып, оннан қойыў және суйық аўқатлық «гарнир»лер таярланады. Көк буршақтың өними собығы менен есаплағанда гектарына 30-50 центнерге шекем жетеди.

Мәш ­ халқымыздың ерте заманлардан егилип киятырған тийкарғы азық-аўқатлық дақылы есапланады. Собық ишиндеги дәни майда, жасыл реңде ҳәм оның қурамында 16-32 процент белок болады. Сонлықтан, мәштен таярланған аўқатлар адамға күш-қуўат береди. Мәш гектарына 10-14 центнер өним береди ҳәм ол Орайлық Азиядан тысқары, Әзербайжан, Грузия, сондай-ақ, Қытай, Корея, Япония ҳәм Ҳиндстанда көплеп егиледи.

Жер бетинде лобияның жигирмаға жақын түри, ал, ҒМДА мәмлекетлеринде бес түри егиледи ҳәм олардың айырымлары қызыл реңли болады. Қызыл лобиядан (красная фасоль) консерва заводларында соуслар таярланады ҳәм усы өнимниң экспорты бойынша Мексика дүньяда жетекши орынды ийелейди.

Бизиң шараятымызда «Қарақас лобия» түри егиледи, оның бойы 60-80 сантиметрге шекем өседи ҳәм собығындағы дәни ақ түсли, бүйрек тәризли болып, оның ортасы қара реңли болады, гектарына 10-20 центнерге шекем өним береди. Дәнинде 20-27 процент белок және В1 ҳәм В2 витаминлери болып, ол жас балаларды ләң кеселлиги ҳәм шаш түсиўден сақлайды. Лобиядан да мәш сыяқлы ҳәр қыйлы тойымлы аўқатлар таярланады. Сондай-ақ, собықлы өсимликлер жерди азот пенен байытыў қәсийетине де ийе болып, олар гектарына 50 килограммға шекем азот топлайды.

  1. Дәнли өсимликлер топарына тары, жүўери ҳәм мәккени көрсетиўге болады. Тары ­ қурғақшылыққа шыдамлы бир жыллық шөп денели өсимлик болып, ол 1,0-1,5 метрге шекем өседи. Оның дәни шала қуўырылып, оннан сөк ҳәм тақан таярланады. Сондай-ақ, гүзги егин ушын мәккениң пәс бойлы (100-120 сантиметр) «карликовая» түри егиледи ҳәм ол егилгеннен соң 70-75 күнде писип жетилиседи. Мәкке дәнинде 60-65 процент крахмал болады, ал, жүўери пақалында (шиңгиригинде) 13-18 процент қантлы бирикпе болады. Сондай-ақ, тарыдан гектарына 20-30 центнер, жүўериден 30-60 центнер ҳәм мәккеден 60-80 центнер өним алынады және де олардың сабаны, пақалы ҳәм жапырағы мал шарўашылығында жуғымлы от-жемлик «силос»лар таярлаўда үлкен әҳми­йетке ийе.
  2. Палыз егинлери топары болып, оған: қыяр ҳәм кабачки ямаса тамаша қабақ мысал болады.

Қыяр 1,5-2,0 метрге шекем пәлек жаяды ҳәм 45-55 күнде дәслепки өними териледи. Және де оған жақсылап қаралса, ол қысқы қыраў түскенге шекем териле береди. Қыяр ­ күнделикли аўқатланыўда тазадан үзилген ҳәм дузланған түринде және де оннан ҳәр қыйлы салатлар таярлаўда пайдаланылады ҳәм ол гектарына 100-200 центнерге шекем өним береди.

Ўатаны Италия ҳәм Франция болған кабачки ямаса тамаша қабақ илимде «Патиссон» (Тарельчатая тыква) деп жүргизиледи (1-сүўрет). Ол қыяр сыяқлы асқабақлар туқымласына киретуғын, бир жыллық егин болып, оның түйнеги домалақ, «тарелка» ҳәм узынша «цилиндр» тәризли болады. Ол 40-45 күнде аўқат таярлаўға жарамлы болады, яғный, «техник» писип жетилиседи ҳәм ол қуўырылған және шала писирилген ҳалында аўқатқа пайдаланылады. Ал, консерва санаатында (заводларында) оннан көплеп кабачки «икра»сы таярланады. 

  1. Пиязшалы өсимликлер топарын пияз ҳәм чеснок қурайды. Олар бир үлесли, еки жыллық өсимликлер болып, туқымлары егилгеннен соң 15-30 күнде көгерип шығады ҳәм гүздиң ақырына шекем олардың бойы 20 сантиметрге шекем жетеди, ал, қыслап қалған (түби) пиязшасы 10-120суўыққа шыдайды. Бул «фитонцид», яғный, өткир ашшы дәмге ийе өсимликлер грипп ҳәм тағы басқа жуқпалы кеселликлердиң алдын алады. Бундай қәси­йети олардағы эфир майы ҳәм оның қурамындағы «Диалил-Диссульфид» муғдарына байланыслы болады. Бул бирикпе чесноктың 100 грамында 0.275-0.375 миллиграммды қурайды, ал, пиязда оның муғдары әдеўир кем болады. Гектарына орташа чеснок 10 тоннаға шекем, ал, пияз l5 тонна өним береди.
  2. Гүзги картошка жетистириў өзгешеликлери:

Картошка Түслик Америкадағы Чили мәмлекетинен келип шыққан. Ол XVI әсирде Италия ҳәм Францияға, XVIII әсирде Россияға ҳәм де XIX әсирдиң екинши ярымында Өзбекстанда таралған. Көпшилик еллерде оны «екинши нан» деп атайды, себеби, азық-аўқатлық әҳмийети жағынан картошка дәнли өсимликлерден кейин екинши орында турады. Өними гектарына 18-20 тонна.

Гүзлик картошканы екпестен алдын оны «яровизациялаў», яғный, шынықтырыў мол өним дереги есапланады. Себеби, бул усылда жасыл реңли, жуўан бүртик (көзше)лер пайда болады. Нәтийжеде туқым тез ҳәм бир тегис көгереди ҳәм кеселликлерге шыдамлы болады.

  1. Май бериўши өсимликлер ямаса майлы өсимликлерден бизиң шараятымызда гүнжи ҳәм пәс бойлы айғабағар түрлерин егип, өним алыўға болады. Егер де пахта шигитинде 24-26 процент май болса, булардың туқымларында 30-70 процентке шекем май топланады. Гүнжи Африкадан келип шыққан болып, ол қурғақ ҳәм ыссы ҳаўа райында жақсы өседи. Дийқаншылықта оннан гектарына 12 центнерге шекем өним алынады ҳәм оның туқымы ҳәм майынан кондитер өнимлери: печенье, булочка ҳәм ҳал­ўалар таярлаўда пайдаланады. Ал, айғабағар туқымынан санаатта аўқатлық май алынады ҳәм ол жәми майлы егинлер майданының 76 процентин ийелейди. Бул егинлер Орайлық Азиядан тысқары Арқа Кавказ, Украина, сондай-ақ, Россияның Волга бойы, Урал ҳәм де Батыс Сибирь аймақларында егиледи. Мал шарўашылығы ушын олардың көк пақалы майдаланып, жуғымлы от-жем таярланады.

Соның менен бирге, қайта егинлер арасына ҳәм олардың атыз шетлерине «аўқатқа мазалы ҳәм дәм бериўши»  көк шөплерден: укроп, петрушка, сельдерей ҳәм пастернак егип өсириўге болады. Булардан укроп ҳәм петрушканың жапырағын 20-25 күнде пайдаланыўға болады. Ал, булардың пақалы болса қыяр, помидор ҳәм тағы басқа овощларды дузлаўда жийи қолланылады. Сондай-ақ, петрушка, сельдерей ҳәм пастернактың жапырағы сыяқлы олардың жер асты бөлимлери де жағымлы ийиске ийе болып, олар «приправа» ушын гөш ҳәм балық өнимлерин консервалаўда пайдаланылады. Сельдерейдиң жер асты бөлими домалақ болып, узынлығы 6-13 сантиметр ҳәм ени 5-8 сантиметр болады, ал, петрушканың жер асты бөлими гешир сыяқлы ҳәм пастернакьта ақ реңли уршық тәризли көринисте болады. Олардың диаметри 6-10 сантиметр ҳәм узынлығы 15-25 сантиметр тереңликке жетеди. Укроптың жер үсти бөлими орылғанда гектарына 50-60 центнер, ал, петрушка ҳәм пастернактың жер асты бөлиминен 100-300 центнерге шекем өним алынады.

Сондай-ақ, бул егинлердиң биологиялық өзгешеликке ийе болыўы, олар­ға алып барылатуғын агротехникалық илажларда көзге тасланады, яғный, оларды егиў усыллары, суўғарыў тәртиби ҳәм азықландырыў муғдарлары ҳәр қыйлы болады. Мәселен: укроп, тары, жүўери, мәш, пияз ҳәм петрушка туқымлары жалпыламай усылда себиледи және де булар ушын минерал төгинлер гектарына 30 килограмм муғдарында азот, 60 килограмм фосфор ҳәм 15 килограмм калий төгини сүрим астына бериледи. Ал, картошка, қыяр, патиссон, лобия, капуста, мәкке ҳәм де «тамыр жемис»ли егинлер, сондай-ақ, чеснок пиязшасы бөлекленип, қатарлап егиледи. Лекин, буларды суўғарыў нормасы ҳәммеси ушын бирдей болып, гектарына 250-350 м3 муғдарында алып барылады. Бунда мәш, тары, гүнжи ҳәм жасыл буршақ август айында үш рет суўғарылады, соң суўғарылмайды. Ал, қалған егинлер августта үш рет ҳәм октябрь айында еки мәрте суўғарылады ҳәм оларды азықландырыў ушын гектарына 60 килограмм азот, 90 килограмм фосфор және 30 килограмм муғдарында калий төгини бериледи. Бунда калий төгини өсимликтиң суўыққа шыдамлылығын арттырады.

Өсимлик зыянкеслеринен: ләблеби шырынжасы, пияз ҳәм буршақ трипси, гешир шыбыны ҳәм капуста ақ гүбелеги өнимди жеўге жарамсыз етеди. Буларға қарсы гүресиўдиң химиялық усылында суйылтылған препаратлар менен бирге унтақ түриндеги А- ҳәм ­ инсектоцидлерин пайдаланыў жақсы нәтийже береди. Олардың 24 грамм муғдары 5 литр суўға араластырылып, егинлерге бүркиў жолы менен себиледи.

Жуўмақлап айтқанда, қайта егинлер дастурханымыздың молшылығын тәмийинлеў ҳәм базарда баҳалардың арзанланыўына хызмет етеди. Оның ушын егинлердиң агробиологиясы, яғный, дийқаншылық сырлары бойынша тараўға жаңа инновациялық технологиялар енгизиў, олардың ықлым-шараятымызға сәйкес жаңа, тез писер сортларын ҳәм гибридлерин жаратыў бойынша алып барылатуғын илимий изленислер ушын инвестициялар киргизиў, агротехникалық илажларда олардың биологиялық өзгешеликлерин есапқа алыў тийкарында илим менен өндиристиң интеграциясын күшейтиў нәзерде тутылады.

 

 

Қурбанбек БАЙЖАНОВ,

үлкен илимий хызметкер, Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы агрономы.

Наргиза БАЙЖАНОВА,

 илимий излениўши.  

Бағдагүл БАЙЖАНОВА,

Хожели қаласы 29-санлы орта мектептиң биология пәни муғаллими. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF