Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:08:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА «БИР МИЛЛИОН ТЕРЕК» АКЦИЯСЫ ДАЎАМ ЕТЕДИ

Өзбекстанның раўажланыўына бийпарқ емес пуқаралар ҳәм шет елдеги ўатанласларымызды бүгинги реформалар әтирапында бирлестириў мақсетинде шөлкемлестирилген «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети өткен жылдың октябрь айында «Бир миллион терек» акция­сын өткериўди жәриялаған еди.

«Юксалиш»тиң бул акциясы көпшилик жерлеслеримиз, ҳәтте, сырт елдеги шөлкемлер тәрепинен де қоллап-қуўатланды. Бул ийгиликли иске қоршаған орталықты қорғаў жолында өз үлесин қосыў нийетинде бол­ған шөлкемлер, жәмәәтлер ҳәм пуқаралар тартылды. Банктен арнаўлы есап бети ашылып, социаллық тармақлар арқалы дағазалар берилди. Жыйнал­ған пул қаржылары керекли төгин ҳәм суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм нәллер (декоратив ҳәм мийўели) сатып алыўға жумсалатуғынлығы мәлим етилди.

Өткен жылдың 24-октябрь күни Нөкис қаласында «Бир миллион терек» акциясына старт берилди.  Усы күни таң азаннан волонтёрлар, орай хызметкерлери, мәмлекетлик дүзилмелер ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери, яғный, ықлым өзгерислери менен тереклердиң кесилиўине бийпарқ болмаған нөкислилер Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы аймағына терек егиў ушын жыйналды. Олар 100 түп можжевельник нәллерин инновация аймағы орайына отырғызды. Усы орында бул илаж БМШниң Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен де қоллап-қуўатланғанлығын айтып өтиў орынлы.

Акцияның Қарақалпақстан Республикасында басланыўының да мәниси бар. Өзлериңиз көрип жүргениңиздей, Арал теңизи бир әўладтың көз алдында жоқ болып бармақта. Бул апатшылық регионның ықлымын барған са­йын аўырластырмақта. Апатшылық Орайлық Азиядан да өтип, бүгин глобаллық машқалаға айланды. Сонлықтан да, ҳәзирги ўақытта аймақта тәбийғый зыянларды кемейтиў мақсетинде саҳра аймағын жасыл тоғайға айландырыў ислери қолға алынбақта.

Акцияның 24-октябрь сәнеси күни басланыўы да тосыннан емес.  Себеби, 24-октябрь сәнеси ­ БМШ шөлкемлестирилген күн болып табылады. Бул әҳмийетли сәне кең жәми­йетшилик итибарын және бир мәрте экологиялық машқалаларға қаратыў, жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықты тәшўишке салып атыр­ған мәселелер бойынша мағлыўматлар бериў, глобаллық мәселелерди шешиў ушын халықты, сиясий еркти ҳәм ресурсларды тартыўға себеп болды деўге болады. Мойнақ районында да усындай акция өткерилди. Орай оған акция ушын қурамалы ықлым шараятларына шыдамлы терек нәллерин жеткерип берди.

­  «Бир миллион терек» акциясын өткериўден гөзленген бас мақсет ­ терекзарлықлардың кемейип барыўы ҳәм ықлым өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў ис-илажларын күшейтиўге үлес қосыўдан ибарат. Адамларды ықтыярый бирлестириў арқалы Өзбекстанда тереклерди сақлаў, тиклеў ҳәм көбейтиў машқалаларына кең жәмийетшилик итибарын қаратыўды нийет еткенбиз, - дейди «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң жетекшиси А.Бурханов.

Оның жәмәәти усы акция шеңберинде өзине сай жол тутқанын тән алыў керек. Бул болса, жойбардың табысына кепил болмақта. Шөлкемлестириўшилер бул акцияны ҳәр жылы еки мәрте ­ гүз (октябрь-декабрь) ҳәм бәҳәрде (февральдан апрельге шекем) өткериўди режелестирген. Сондай-ақ, акция шеңберинде Европа аўқамы тәрепинен қаржыландырылатуғын «UzWaterAware» Орайлық Азия аймақлық экология орайының Өзбекстандағы филиалы жойбары ҳәм жергиликли ҳәкимликлер көмегинде нәл егиў бойынша экомарафон өткерилиўи белгиленбекте.

Тек ғана ықтыярыйлық тийкарында шөлкемлестирилип атырған усы илажға жерлеслеримиз пуқаралық позициясын көрсетиў ушын шараятлар жаратыў тийкарғы өлшем сыпатында белгилеп алынғанлығын айтып өтиў лазым.

Өз гезегинде биз де жерлеслеримизди усы акция шеңберинде өткерилетуғын илажларға белсене қатнасыўға шақырамыз. Себеби, бул илажлар бизди қоршаған орталық ­ ана-тәбиятымыздың тәбийғыйлығын сақлап қалыўда, экологиялық апатшылықтың ра­йын қайтарыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин умытпаўымыз керек.

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: акция барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF