Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:26:49, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚМУДА «ҚУЯШ ФОТОЭЛЕКТРО СТАНЦИЯСЫ» АШЫЛДЫ

Усы жылдың 14-январь сәнесинде Қубла Кореяның КЕА (Korea Energy Agency-Корея энергетика агентлиги), Weenergy, Hanbеk Construction Co., Ltd компаниялары ҳәм Өзбекстандағы шериклеси «Қуяш энергиясы Халықаралық институты» ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте университеттиң гелиополигонында 3 кВт қуўатлылығындағы қуяш фотоэлектро станциясының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Дәслеп Қубла Кореялы мийманлар университет алдында нан-дуз бенен күтип алынды ҳәм ҚМУ ректоры қабыллаўында болды.

Ушырасыў даўамында еки тәреп бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша өз-ара пикирлесип алды.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ж.Ембергенов, Қубла Кореяның “Hanbek Construction Co., Ltd” компания­сының директоры Ин Сеунг Рюль, ҚМУ профессоры Б.Абдикамалов ҳәм басқалар шығып сөйледи ҳәм университет гелиополигонында иске түсип атырған қуяш фотоэлектро станциясының ашылыўы менен бәршени қутлықлады.

Әзелден Қубла Корея көп жыллық тарийхый мийрасы, қәдириятлары, мәнаўияты менен дүнья илиминде жетекшилерден саналады. Узақ өтмишке нәзер аўдарсақ, мәмлекетлеримиз ортасындағы дипломатиялық байланысларды, илим, саўда-сатық байланысларын «Уллы жипек жолы» байланыстырып турған.

Қубла Корея мәмлекети ҳәзирги ўақытта қуяш энергиясынан пайдаланыў бойынша ири жойбарларды әмелге асырып келмекте. Әсиресе, қуяш энергиясын электр энергиясына өзгертиўши ярым өткизгишли қуяш элементлери, қуяш суў ысытыў коллекторлары ҳәм ҳәр қыйлы энергетикалық мақсетлер ушын гөзленген қуяш қурылмаларын экспорт етиў бойынша жетекши мәмлекетлерден есапланады.

Бүгин күнделикли турмысымызды электр энергиясысыз көз адымызға келтириўимиз қыйын. Лекин, соңғы жыллары оған бол­ған талаптың көбейиўи ислеп шығарыўдан да артып кетиўине себеп болмақта. Мине, усы тәрептен тараўға иннова­циялық технологияларды кең түрде енгизиў арқалы оны еле де раўажландырыў арқалы тәбийғый газ, нефть, көмир сыяқлы углеводород шийки зат ресурсларын тежеўимиз тийис.

Сонлықтан да, бүгинги күнде  Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимиз экономикасында әмелге асырылып атыр­ған жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер, санаат тармақларында «Жасыл экономика» системасын енгизиў, инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, тәбийғый ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәселен, Наўайы ўәлаятында Бирлескен Араб Әмирлигиниң Масдар компаниясы тәрепинен 100 МВт (Мегаватт) қуўатлылығындағы қуяш фото­электро станциясын, Бухара ўәлаятында 200 МВт (Мегаватт) ҳәм Қарақалпақстанда 100 МВт (Мегаватт) самал электростанцияларын жойбарлаў ҳәм қурыў жумыслары басланыўы көзде тутылмақта.

Бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Энергетика», «Электроэнергетика», «Электротехника», «Электромеханика ҳәм электр технологиялары», «Метрология, стандартластырыў ҳәм өним сапасы менеджменти» тәлим бағдарларында кадрлар таярлаў жақсы жолға қойылған. Ҳәзирги ўақытта бул тәлим бағдарларында 700 ден аслам бакалавр басқышы студентлери тәлим алмақта.

Ҳақыйқатында да, университетте ашылып атырған қуяш фотоэлектро станциясы ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория ханасы студент-жаслар ушын теориялық алған билимлерин әмелият пенен бирге алып барыўында ҳәм жас илимпазларымыздың изертлеў алып барыў объекти ўазыйпасын өтеўде өзиниң үлкен нәтийжесин береди.

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: салтанатлы илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF