Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:43:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТЫ АҒЗАЛАРЫ САЙЛАНДЫ

Усы жыл 17-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бо­йынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтти.

 Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутаты болып сайланғаны менен қутлықлады.

Сайлаў кодексиниң 78-статьясына муўапық, қоспа мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов  кирис сөз бенен ашты. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине өткерилген сайлаўлардың жуўмағына жоқары баҳа берилди. Соның менен бирге, Сайлаў кодексине муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.

Мәжилиске басшылық етиўге 22-санлы «Наўайы» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Ҳамраевты усыныс етти. Бул усыныс депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Буннан кейин қоспа мәжилис жумысын тәми­йинлеў ҳәм жүргизиў ушын жумысшы қурамы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бо­йынша Мәсләҳәт кеңеси, мәжилис секретариаты, есап-санақ комиссиясының ағзалары ашық даўыс бериў жолы менен сайлап алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларынан сайланған Мәсләҳәт кеңеси ағзаларының басқа бөлмеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша мәжилиси болып өтти.

Мәсләҳәт кеңесиниң баслығы 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У.Жалменов мәжилисте қабыл етилген қарар бойынша мәлимлеме берди. Сенат ағзаларын сайлаў бойынша өткерилетуғын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў ушын таңлап алын­ған алты депутаттың кандидатурасы қоспа мәжилис додалаўына усынылды.

Қоспа мәжилис Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен Сенат ағзаларын сайлаў бойынша сайлаў бюллетенине киргизиў ушын 26-санлы «Жийдели-Байсын» сайлаў округинен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы Г.Аннақлычева, 36-санлы Хожели сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Ташкент  педиатрия медицина институты Нөкис филиалының директоры О.Атаниязова, 54-санлы «Халқабад» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров, 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, 29-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң депутаты,  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдиновлар усынылды. 

Ашық-айдынлық пенен өткен додалаўлардан соң депутатларға талабанлардың ҳәр бириниң мийнет жолы, турмыслық тәжирийбеси, исшеңлик, шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери бо­йынша пикир-усыныслар билдирилди. Ашық даўыс бериў жолы менен Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен усыныл­ған алты депутаттың кандидатурасын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў бо­йынша қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Сенат ағзаларын сайлаў болып өтти. Демократиялық принциплер тийкарында өткен сайлаўда ҳәр бир депутаттың жабық даўыс бериўи шөл­кем­лестирилди.

Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанларға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.

Нәтийжелер бойынша көрсетилген алты талабанның барлығы депутатлар тәрепинен жоқары даўысқа ийе болып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF