ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗДИ АИВдан САҚЛАЙЫҚ
Арттырылған иммунитет вирусы адамнан-адамға тек үш түрли жоллар — жынысый, қан арқалы ҳәм де анадан балаға жуғыўы дәлилленген. Бала организмине вирус қан ҳәм вертикал жол арқалы өтиўи ушырасады.
Ең биринши иммун системасының СD 4 клеткаларына тәсир етеди. Балада вирустың бар екенлиги тосаттан анықланыўы мүмкин. Эпидемиологиялық тәрептен бул дәўир қәўипли есапланады, себеби, балада вирус бар екенлигин ата-анасы яки өзи билмейди, сонлықтан басқаларға жуқтырыўы мүмкин. Адам организминде вирустың бар екенлигин лабораториялық тексериў арқалы билиўге болады.
Өспирим балаларға вирус поренатерал жол арқалы, мысалы, антисептика режимлери сақланбаған ҳәр түрли операциялық манипуляциялар ислетилгенде, қан қуйылғанда, тис алдырғанда ямаса емлеткенде, салонларда татуаж, пирсинг ислеткенде, тери-силекей қабатының пүтинлигине патасланған медициналық ямаса медициналық емес әсбап-үскенелерди қолланғаннан кейин жуғыўы мүмкин. Кеселлик тәбийғый (терапиясыз) кешкен жағдайларда ҳәр түрли жуқпалы кеселликлерге уқсас симптомлар менен басланады. Өспирим жастаға балаларда АИВ инфекциясы көп жыллар даўамында раўажланады. 80 процент балаларда 6-9 жыл, 20 процент балаларда 5 жыл ишинде АИЖСқа алып келеди. Бул ўақта кеселликтиң ҳеш қандай белгилери көринбейди. Көбинесе организмде бурыннан бар болған иммунитет есабынан клиникалық симптомлар өз-өзинен өтип кетеди, бул дәўир жасырын ямаса латент дәўири деп аталады.
Латент дәўирде кеселликтиң клиникалық белгилери бирден билинбейди, бирнеше жыллар даўамында белгилерсиз кешеди. Соңынан АИВның өткир дәўири басланады.
Өткир дәўирде балалар тез-тез шамаллап, иммунитети пәсейгеннен кейин ҳәр түрли инфекцияларға сезиўшең болып қалады, мәўсимлерде ушырасатуғын инфекциялардың ҳәммеси менен кеселлениўи мүмкин. Лимфа безлери ноқатсыман тәризде исинеди. Лимфа безлерин басып көргенде аўырмайды, себепсиз иши өтип азып кетеди, терисине ҳәр түрли аллергиялық таспалар тасады. Орайлық нерв системасында энцефалопатия, уйқысызлық, бас аўырыў, депрессив ямаса керисинше агрессив жағдайлар гүзетиледи. Бундай балаларды өзлериниң теңлеслери менен салыстырғанда физикалық ҳәм психикалық тәрептен раўажланыўының артта қалғанлығын көриўге болады, бойларының өсиўи пәсейеди, азып кетеди, есте сақлаў қәбилетиниң пәсейиўи, тез шаршаў, анемия, сүйек-булшық етиниң қақсаў симптомлары болады. Буннан басқа екилемши ямаса оппортунистлик инфекциялар қосылады. Кандидозлы инфекциялар — аўыз бослығында, тилдиң үстинде ақ творогқа уқсас қапламалар көринеди. Әпиўайы герпес инфекциялары — аўыз әтирапында, аўыз ишинде, бет-жүзинде бир-бирине тығыз жайласқан везикулезли (ишинде суйықлық бар) таспалар менен тасады.
Жаңа туўылған балаларға вирус анадан жатыр арқалы, туўыў жоллары ямаса туўғаннан кейин көкирек сүти арқалы өтиўи мүмкин. Жаңа туўылған балаларда кеселликтиң белгилери өмириниң биринши еки жыллығында көринеди. Кеселлик бир қатар лимфа безлериниң исиниўи, тымаў белгилери, ҳәр түрли таспалардың тасыўы (аллергиялық белгилер), асқазан-ишек жоллары искерлигиниң бузылыўы, дене температурасының жоқары дәрежедеги ысытпасы менен кешеди, бул дәўир өткир ысытпа ямаса «ретровирус синдром» дәўири деп аталады. Бундай жағдайларда тез, асығыс жәрдем көрсетилмесе балада екилемши инфекцияның себебинен баланың өлимине алып келеди.
АИВның ҳәмилеге жуқпаўының алдын алыў ушын ҳаял ҳәмиледарлықтың 12 ҳәптесинен кешикпей АИВ инфекциясына қан тапсырыўы керек. Егер де, анадан вирус анықланған жағдайда, жатырдағы балаға өтип кетпеўи ушын ҳәмиледарға Анти Ретро Вирусқа қарсы терапия басланады. Дүнья жүзиндеги алымлардың илимий-изертлеў нәтийжесинде Анти Ретро Вируслы терапия АИВ вирусынан тысқары, ҳәмиледар ҳаялға да, балаға да зыянсыз екенлиги дәлилленген.
АИВға шалынған аналардан туўылған балаларға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2018-жыл 30-апрельдеги «АИВ инфекциялы наўқаслардың диспансер бақланыўы бойынша миллий протокол»ы тийкарында ис-илажлар алып барылады. Анти Ретро Вируслы терапияны қолланыў нәтийжесинде кеселликтиң тәбийғый кешиўи өзгереди. Балаларда кеселликтиң кешиўи бир қанша жеңиллеседи, қосымша инфекциялардың қосылыўы кемейеди, балалар физикалық, руўхый жақтан өзлериниң жасларына сай раўажланады.
АИВ вирусының көбейиўин тоқтатыў мақсетинде ҳәмме жастағы наўқасларға Анти Ретро Вируслы терапия қолланылады. Әлбетте, бул терапияның да өзине тән узақ мүддетке даўам етиўи, дәри ишиў режимин сақлаў, дәриниң организмге кери тәсир етиўи сыяқлы ҳәм басқа да қыйыншылықлары бар, бирақ, бул қыйыншылықлар адамның өзин жақсы сезип жасаўы алдында ҳеш гәп емес.
АИЖС шаңараққа ямаса шахсқа қойылған тамға емес екенлигин ядта тутыў керек! Себеби, бүгинги күнде Адам Иммунитет жетиспеўшилиги Вирусын жуқтырып алмаслықтан ҳеш ким жүз процент кепилленбеген.
Г.ГАИПОВА,
З.ҚАЛМУРАТОВА,
ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакерлери.