ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ПАЙДАЛЫ ЖОЙБАР
Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў туўралы гәп кеткенде, биз тийкарынан қуяш ҳәм самал потенциалынан пайдаланыўды нәзерге аламыз.
Себеби, биз билген қуяш панеллери, жыл даўамында жақтылы, қуяшлы Өзбекстанымыз ушын ең оптимал қайта тиклениўши энергия дереги саналады.
Бундай жасыл дереклерден пайдаланыў тек ғана экологиялық жақтан пайдалы болып қалмай, ҳәтте, бундай электр станциясынан алынатуғын электр энергияның сапа көрсеткишлери ҳәм исенимлилиги де жоқары дәрежеде болады. Усыған бола бүгинги, күнде елимизде альтернативалы энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2019-жыл 22-августтағы «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыўдың тезлетилген илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаўды тәмийинлеў бойынша өткен жылдың ноябрь айында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң электр энергетикасы кафедрасы студентлериниң қәнигелик пәнлеринен тәжирийбе-шынығыўларын шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылар, өз үстинде излениўшилер, таяныш докторантлардың илимий-изертлеў жумысларын нәтийжели алып барыўы ҳәм сынаўдан өткериўи, электр үскенелери жағдайларын қадағалап барыўы мақсетинде университеттиң бас имараты алдына улыўма қуўатлылығы 3 кВт болған монокристалл қурамлы қуяш панеллери орнатылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Бул жойбар Қубла Кореяның WEE nеrgy, Hanbek Construction Co., Ltd компаниялары ҳәм Қуяш энергиясы халықаралық институты арасында дүзилген өз-ара бирге ислесиў шәртнамасы тийкарында әмелге асырылды. Жойбар ҳәр бириниң қуўатлылығы 350 Втдан, пайдалы жумыс коэффициенти болса 20 процентке жақын болған жәми 9 қуяш модулинен, 4 ҳәр бириниң сыйымлылығы 200 А саат болған аккумулятор батареялары ҳәм де «233 3000» маркалы заманагөй инвертордан ибарат.
Буннан тысқары, кадрлар таярлаўда, оқыў процесслерин тиккелей практика менен тығыз шөлкемлестириў ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дүньяның бир қатар абырайлы университетлери, илимий-изертлеў институтлары, ири ислеп шығарыў компаниялары менен бирге ислесиўди жолға қоймақта.
Алдағы ўақытлары усы сыяқлы жойбарларды WEE nеrgy, Hanbek Construction Co., Ltd компаниялары тәрепинен 2020-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районларында әмелге асырыў бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Жоқарыдағы жойбарлар елимизде қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыўда ҳәм энергетика тараўында кадрлар таярлаў системасының сапа жағынан жақсыланыўына хызмет етиўи менен әҳмийетли болып табылады.
Д.АЛЛИЯРОВ,
«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.