Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:10:24, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚ БАЛЫҚ КОНСЕРВАСЫ ЖӘНЕ ЕЛ ДАСТУРХАНЫНДА

Әзелден теңиз, дәрья жағалап жасаған халқымыз онша ашырқамаған. Теңиз жағысын таслап қашқалы, дәрья суўы ҳәр жерден кесилип қалғаны менен ғәрезсизлик жыллары жарқын келешегинен үмидиўар хал­қымыз бул қыйыншылықларды мәртлерше жеңбекте.

Бүгинги жаңаланыўларды өткен әсирдиң 30-жыллары иске түсирилип, мазасы елеберин таңлайымызда татыған Мойнақ балық консервасын ислеп шығарыўды және өндирислик жолға қойғанымыз ақылға уғрас келмейтуғын нәрседей көриниўи мүм­кин.

2015-жылы Арал регионындағы ишки көллерди суўландырыў арқалы биринши гезекте адамлардың тиришилиги ушын қолайлы микроклимат жаратыў, балықшылық, шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде «Мойнақ аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы дүзилген еди. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2018-жылғы Мойнаққа сапарында бул мәселеге баслы дыққатын аўдарып, жобалы жумыслар ислениўи нәтийжесинде сөз бенен ис бирлиги сәйкес келди. Банклерден аз өсимдеги кредитлер ажыратылыўдан Россия менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўлер жолға қойылып, узақ мүддетли шәртнамалар жасасқанда киши қуўатлылықтағы балық заводы ушын үскенелер әкелинди. Заводтың қурылыс-монтажлаў жумысларында туўды-питти мойнақшы, Астрахань қаласындағы балықшылық хожалығы институтын 1966-жылы питкерип келиўден 2001-жылға шекем комбинатта түрли лаўазымларда жумыс ислеген Қыдырбай аға Қыдыралиевти ушыраттық.

­ Теңиз бенен қосыла из-түссиз кеткен Мойнақ балық консерва комбинатының қайта тикленгенин көриў бахтына миясар болдым. Толық қуўатлылығына өтип ислесек бир жумыс күнинде 5 мың, жылына 9 миллион қуты балық консервасын ислеп шығарамыз. Жыл даўамында үзликсиз жумыс пенен тәмийинлениў ушын 360 тонна шийки зат керек. Консерваға қосымша ярым фабрикатлар ислеп шығарыў ҳәм балықты ыслаў жолға қойылады. Өз есап-китапларымыз бойынша ишки көллерден жылына 200 тонна балық аўланса, қалғанын Россиядан сатып алыў ушын шәртнамалар дүзилген. Консерва қутысын соғыў ушын қаңылтыр, қақпақ, ишине қосылатуғын азықлық затлар қыйынлық пенен болса да табылмақта. Жақында ислеп шығарыў техноло­гияларын өз қолларымыз бенен монтажлап, сынаў жумысларын табыслы өт­кердик. Үлги ретинде шығарылған дәслепки балық консервалары Россиядан алып келинген 4,5 тонна «Килька»дан таярланып, ГОСТ талапларына толық жуўап берди.

Ишки мүмкиншиликлеримизди есапқа алсақ, Қазақдәрьядан балықлардың уўылдырығынан шабақ өршитетуғын инкубациялық цех қурылып, дәслепки 3,5 миллион шабақ өсириў ушын ишки көллерге жиберилди. «Шеге»деги ески балық өсиретуғын тәбийғый прудты жөнлеп, иске қосыўдың талабындамыз.

Балықтың жаны суўда болады. Дәрья суўын сағадан баслап теңизге қуяр аяғына шекем пайдаланыўшылар бир тамшысын да ысырап қылмай, үнемли пайдаланса, балықшылық санааты неге жолға қойылмас екен!! Халқымыздың көптен асыға күткен Мойнақ балық консерваларын және өз дастурханларында көретуғын ўақыт келди, - деген Қыдырбай ағаның жақсы нийетлери белимизге белбеў буўылғандай болды.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF