ЖУРНАЛИСТЛЕР ЗАМАНАГӨЙ БИЛИМГЕ ИЙЕ БОЛДЫ
Бүгинги дәўир талабына сай журналистлердиң жумыс искерлигин арттырыў, заманагөй журналистиканың жаңа бағытларынан хабардар етиў мақсетинде пайтахтымыздағы «Жипек жолы» мийманханасының конференция залында республикамыз ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын «Мағлыўматлар журналистикасы» курсы бойынша семинар-тренинг өткерилди.
Бул оқыў курсы ЮНЕСКОның Ташкенттеги ўәкилханасы, Уллыбританияның Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм Өзбекстанның Заманагөй журналистикасын раўажландырыў орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген.
Онда ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасының тренери, медиаэксперт Эмиль Фахреев қатнасыўшыларға мағлыўматлар үстинде ислеў тийкарлары ҳәм басқа да усы бағдардағы темалар бойынша көргизбели қураллар арқалы әмелий шынығыўлар менен сабақ өтти.
Тренингте журналистика тараўына жаңадан енгизилген «Мағлыўматлар журналистикасы» термининиң мәниси, медиаөзлестириў ҳәм хабарды жеткериўдиң жаңа усыллары, ашық мағлыўматлардан пайдаланыў, жеке дата-тармақлар жаратыў бойынша мәсләҳәтлер берилип, компьютердеги Exsel программасында ислеўди үйрениў, тийкарғы көнликпелер, яғный, таблицалар дүзиў, фильтрлер ҳәм кейслер менен ислеў, мағлыўматлар дереклери, оларды қай жерден излеў кереклиги, визуализация, мағлыўматларды визуализация етиўдиң қағыйдалары, инфографика, интерактив карталар, квизлер, дизим ҳәм текстлер үстинде ислеў қағыйдалары, заманагөй усыллары кеңнен түсиндирилди.
Семинар-тренинг шеңберинде журналистлер ашық мағлыўматлар, халықаралық мағлыўматлар базалары ҳаққында билимге ийе болып, үлкен көлемдеги санлы мағлыўматларды қайта ислеўге, визуализациялаўға арналған сервислерден әмелиятта пайдаланып көрди. Қатнасыўшылар темалар излеў ҳәм эксклюзив материаллар таярлаў бойынша өз тәжирийбелери менен бөлисип, мағлыўматларды қайта ислейтуғын, информатика ҳәм анимация программалары менен танысты.
Тренинг интерактив усылда өтти. Қатнасыўшылар әмелий шынығыўлар менен билимлерин жетилистирди, топланған тәжирийбелер менен өз-ара пикир алысты.
Г.ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы
хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: тренинг қатнасыўшылары.