ТОҒАЙДАН ТОҒАЙ ТУЎЫЛМАҚТА...
Мойнақ тоғай хожалығының бас тоғайтөреси Тоқтамыс Шүкирбаевты қол телефонынан аңсат таўып, сәўбетлесиўге ўақыт белгилегенимиз бенен барлық жумыслар оған қарап турғанлықтан бираз кешиккенине өкпелемедик.
Аспанды гүрилдиге толтырып, сексеўил туқымын сеўип жүрген «АН-2» самолётларына минип, гә теңиз ултанын машиналы шарлап, егистиң сапасын тексергенде изине көлеңкедей ере бергенимиз ушын аңсатлық пенен қутыла алмасын билди. Сәлем-әлик, аманлық-есенликтен соң ҳармасын айтып, Жаңа жыл менен қоса тынымсыз мийнетлерин баҳалап берилген «Дослық» ордени менен қутлықладық.
Ислеген жумысларың көзге көринсе ҳасла ҳарып-шаршаўды билмейсең. Қас пенен көздиң арасында теңиздиң суўы қурыған ултаны сексеўилзарлыққа айланды. Биринши жылы ҳүкиметлик қарар тийкарында 500 мың гектар жерге шөлге шыдамлы сексеўил егилди. Президентимиз Ш.Мирзиёев 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Мойнақ районына сапарында суўы қурыған теңиз ултанында самалдың тәсиринен дузлы қум, шаң-тозаңлардың ушыўы, адам денсаўлығына зыянлы тәсирин азайтыў бағдарындағы басламасын пүткил ел-халқымыз қоллап-қуўатлады.
Үлкен аўызбиршилик пенен жәмлесип, бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарғанымыздай, егис мапазына мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятынан 3 мыңға жуўық адам күшлери, еки самолёт, 500ден аслам түрли маркадағы арнаўлы техникалар қатнастырылды. 1126 гектар жерди егиске таярлап, қарықлар жардық. Мойнақтың халқы 1532 тонна сексеўил, қарабарақ, басқа да шөлге шыдамлы өсимликлердиң туқымларын жыйнап берди. 93 километр аралықта көшпели қумларды иркиў ушын қамыстан тосқынлықлар жасалды. Тоғай хожалығына жоқары өнимдарлықта ислеўши шет елдиң 11 техникасы лизингке алынды. Сондай-ақ, көклемзарластырыў жумыслары ушын саяманлы тереклердиң нәллерин өз нәлханамызда жетистиретуғын болдық.
Екинши атланыс, ҳәзирги исленип атырған жумыслардың барысы туўралы айтып өтсеңиз?
Быйылғы жумыс, теңиздиң қақ ортасындағы «Возрождение» атаўының дөгереклери, сондай-ақ, «Сүргил» ҳәм «Ахантай» участкаларында қызғын пәтлер менен алып барылмақта. Бир қуўанышлы жери, өткен жылы қолға-қол усласып ислескен 2 мыңнан аслам барлық ўәлаятлардың тоғай хызметкерлери баслаған ислерин даўам етиў ушын өз тилеклери менен келипти. 300ден аслам арнаўлы механизмлер, 4 самолёт жәрдеминде реже бойынша 15-мартқа шекем 700 мың гектар теңиз ултанына шөлге шыдамлы өсимликлер егиўди режелестирип алдық. Мойнақшылар жақыннан жәрдемге келип, қысқа ўақыт ишинде 350 тоннадан зыят сексеўил туқымын жыйнап берди...
Халқымызда «тоғайдан тоғай туўылады» деген ибратлы сөз бар. Теңиз ултанындағы көп жыллық шақалары билектей, балдағы балтырдай жуўан сексеўилзарлықлар самал менен толқындай тербелсе, балық орнында ерни жырық қашақ қоянлар адым жерде секеңлеп қашқаны жумыс адамларының шаршағанын шығарып, кеўлин көтереди...
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Мойнақ районы.