РЕПЕТИТОР «БИЛИМ», МЕКТЕП «АТТЕСТАТ» БЕРЕДИ...
Соңғы жыллары халық билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар табыслы әмелге асырылмақта. И.Юсупов атындағы талантлы балалар, Президент мектеплериниң ашылыўлары түпкиликли бурылыслар жасады.
Нур бар жерге сая түскениндей, немқурайдылығымыз себепли көрсек те көрмегендей, билсек те билмегендей болып жүрген бул иллет көпшиликти қыйнап жүрсе керек.
Жақында, алыс районлардың бириндеги ески танысым сәлемлесиўден, «Жәрдемиңиз керек, туңғышымыз ендиги жылы мектепти питкереди. «Мектеплик билим» менен жоқары оқыў орнына кириўи неғайбыл. Төлемлисине илингени менен оқытыўға жағдайым жоқ. Адамлардың жуўырған жағына жуўырып, пайтахтқа күшли репетитор излеп келдим...», -деп мүсәпирсиди.
Сабақларына ықлас қойып оқысын, өз бетинше таярланғаны жақсы, муғаллимлери жәрдемлеседи. Қалалы жерде жасасаңыз сәл жеңилирек болар еди. Қаршадайынан ағайин-туўғанларыңыздың ямаса жора-жолдаслары менен кирейде турыўға қыйналып қалмай ма? - деп жанашырлық шырай таныттым.
Мектепте жөнли оқытпайды. «Репетитор» билим, мектеп «аттестат» беретуғынын билмейсең бе? - деп кеўлиндегисин ашық айтып, мәселени айқынластырғаннан соң көшеде жақ жарыстырып турғым келмеди.
Самал болмаса шөптиң басы қалай қыймылдасын, «жаны бар» гәплер. Билим, илим-ҳикметти үйреткенниң неси айып, күнделикли турмысымызға сиңисип кеткен репетиторлық хызметке жеке өзим қарсы емеспен. Ул-қызларым мектеп питкерерде алдыларына бардым, жәрдемлери тийди...
Өткен әсирдиң 1960-80-жылларына шекем мектеплерде билим бериўдиң сапасы жақсы еди. Қәлеген жоқары оқыў орынларына репетиторлардың жәрдемисиз-ақ кирди. Өзим билим алған Шымбай районындағы М.Горький аты берилген орта мектепти 1970-1971-оқыў жылын үш класстан 90 питкериўшиниң 58 и өз билимлери менен университет, институтларға, қалғанлары училище, техникумларға кирип оқыды. Орайдан шығатуғын «Математика в школе» журналындағы олимпиадалық есапларды республикамыздан турақлы шешип баратуғын үш муғаллимниң бири, әжайып устазымыз Қәдирбай аға Әмирбаев математика, физика пәнлеринен сабақ беретуғын еди. «Жеткиншек» газетасында «Жас математиклер» дөгерегин шөлкемлестирип, ҳәр айдағы арнаўлы бетинде оқыўшылар шешкен конкурслық мәселелердиң жуўмағын жәриялап, жеңимпазларын анықлап барды. Тийкарғы билимди 45 минутлық сабақ ўақтында берип, қанаатланбағанлары менен төмен оқыйтуғынларын айырып, дөгерекке қатнатты. Бул пәнлерге онша ықласым болмаса да озық ойлы досларым менен бирге жүриў ушын қатнасып турдым. Есап шығарыўға бир доска жетпесе ҳәр ким не тапқанын, үлкен картон қағазларына шекем апарып, жарыспаққа есап шығарғанларына қарайсаң да турасаң. Бир сапары, Т.Жумамуратовтың қосық китабын оқып отырғанымды көрип: «Жасымда әдебиятқа қызықтым. 1949-жылы қоңсы ғаррыдан көширип алған Бердақ шайырдың қосықлары еле баспа жүзин көрмегенлери екен» деп кеўлимди алып қойды.
Қоңыратлы қаҳарман муғаллим Хожамберген Ийембергенов болса, үй тапсырмасын орынламай келген оқыўшылар саны көбейсе: «Айып сизлерде емес, сабақты түсиникли етип өте алмағаным ушын кеширим сорайман» деп өткен теманы қайталапты.
Бүгинги күнниң муғаллимине келсек, тез-тез сабақ қалдыра беретуғын оқыўшысын азанда үйине излеп барса, «Неге келип, уйқымды бузасыз?» деп жекирингени аздай, баласының тәрепин алып, үстинен күлген ата-анасы ҳаққында жыламсырап сөз етти.
Хош, не ушын бүгинги күндеги басым көпшилик оқыўшылардың билим, илим ийелеўге деген қызығыўшылығы пәсейип кеткен? Ата-бабаларымыздың басларынан нелер кешпеди. Ызғар жертөледеги шыпта үстинде қолларына қызыл шыбық услаған молланың алдында басын көтере алмай, саққа жүгинисип отырғанлары ертек емес, ҳақыйқатлық. Сабақлықларын айтпасақ та, қағаз-қәлемниң жетиспеўшилиги, шүтик шыра жақтысында таныған ҳәриплерин умытпай, еки аўыз сөздиң басын қурап жазғаны, ежелеп оқығанларына қуўанып, өзлерин саўатлы адам санар екен...
Саўатсызлықты сапластырыў дәўириниң оқыўшыларына «Келешекте қандай кәсипти таңлайсыз?» деген сораў берилсе, барлығы дерлик түсирими мол бажбанлықты қәлепти. Жақын жыллардағы мектеп питкериўшилер арасында усындай мазмунда сораў-жуўаплар өткерилсе «Суд, прокурор боламыз» дегенлериндеги қандай да үнлеслик, түсиник дүньясы айтарлықтай өзгермегени ойландырады.
Ҳәммеси адамның өзине байланыслы, ҳәр кимниң өз қәлеўи, наўқас билгир шыпакер излейди. Ул-қызларының келешегин ойлап, билимли, илимли болыўы ушын жақсы муғаллим яки репетитор излегенин ҳеш ким айыпқа санамас...
Заманына қарай адамлары туўылғанындай, илим-техника мисли көрилмеген дәрежеде раўажланған бүгинги космослық, бир түймесин басса пүткил әлем көз алдына келетуғын интернет дәўиринде билим, илимсиз жасап болмасын аңлап жетистик. Бүгинги күнде материаллық байлықтан көре руўхый дүньясын жоқары сана-сезим менен билим ҳәм илим арқалы жетилистиргенлер ғана интеллектуал бай адамға саналады.
Алжасықтың басы, көпшилик ата-аналар ул-қызларының неге қәбилетли ямаса қызығыўшылықларын есапқа алмай, ерк-ықтыярына қарамастан биринши гезекте өзлери таңлаған кәсипти ийелеўи ушын репетиторларға оқытқысы келеди. Репетитор ким?! Жақсы нийеттеги, мудамы оқып, изленисте жүретуғын илимли-билимли, ақыллы инсан сыпатында танығанымыз мақул болар. Өзиң қызыққан нәрсеңди оқып билиў арқалы аңсат меңгергениң менен басқаларға үйретиў күтә мүшкил ис. Ақыл мийнети менен топлаған билим-илимин басқаларға тегинге емес, төлемли хызмет көрсетиў арқалы инам еткениңниң нызамға қайшы келмеси анық.
Мектепте тыянақлы билим алмаған оқыўшы репетиторға барғаны менен бир-еки жыл ишинде төрт-бес пәннен тест сынақларының қурамалы сораўларына толық жуўап беретуғындай билим аларына исенгиң келмейди. Билим сандықтың қақпағын ашып, ишине лақ еттирип қуятуғын суйық зат емеслиги белгили. Репетитор өз оқыўшысын қанша саралап қабыллағаны менен таңлағанлары шала саўатлы болса мектептегидей «Әлипбе»ден баслап үйрете алмағанлықтан аңсатына көшип, бурынғы жыллардағы тест сораўларының тайын жуўапларын «дурыс», «қәте» деп ядлатыў менен шекленеди. Солардан қатықулақлары илип қалса жоқары балл топлап, оқыўға кирген жағдайда репетитор абырайын асырғаны менен ядланды билими тез умыт болады.
Репетиторлардың өзлери көбинесе шөлкемлестириў жумыслары менен бәнт болғанлықтан сабақ оқытыўға орта мектеп, лицей ҳәм колледжлердеги ең күшли пән муғаллимлерин еки-үш есе зыятына мийнет ҳақы төлеп қызықтырыў жолы менен жаллап алады. Олар (нызамлы түрде оқыў курсын ашқанлардың айырымлары өзлериниң оқыў ханаларына ийе) тек үйлеринде, оқыў орынлары менен бос турған мәкемелердиң үскенеленбеген жайларын ижараға алып, жанкүйерлик пенен оқытса да кеўилдегидей бола бермейди.
Айды етек пенен жаўып болмағанындай, репетиторларда оқығанлардың мектеплердеги орны билинип қалмасы ушын ата-аналары директор менен келиссе ғана оқыў ислери бойынша орынбасары, класс басшысы ҳәм пән муғаллимлери берилген көрсетпе тийкарында жумыс ислейди. Класс журналына «жоқ» деп белгиленбей, шерек шығарыў ҳәм аттестат алыў ушын айрықша баҳалар қойыўға мәжбүр. Усылайынша иске қатнасы бар қаншадан-қанша адамлар жынаят соқпағынан жүрип, қылмысына қылмыс жамалғанларын соң билип қалысады.
Мектеп муғаллимлериниң жумысларындағы баслы көрсеткиш оқыўшылары жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы киргени, билимлер сынағы менен пән олимпиадалары басқышларында нешинши орынларды ийелегенлерине қарай өлшенип, категориялар алады.
Не ушын мектеп муғаллимлери репетитор дәрежесинде өз оқыўшыларына билим бере алмайды, деген тийкарғы сораўға жуўап излеп көрейик. Бәлким, қатып қалған оқыў бағдарламасынан шыға алмаслығы, материаллық-техникалық базаларының төменлиги, мийнет ҳақыларының азлығы, қағазпазлық сыяқлы баслы-баслы, сондай-ақ, биз билип-билмеген түрли себеплер болыўы мүмкин. Шәртли түрде мектептиң оқыў бағдарламаларына тийкарлап дүзилиўи керек болған тест сынақларындағы сораўлар муғаллим, оқыўшыларға түсиниксиз ямаса билмейтуғыны, тек репетиторларға ғана мәлим тәреплерин анықлап алыўымыз шәрт.
Ең өкинишли жери, «төбеде» былғасықларға жол қойып, «көз жумып» отырған Халық билимлендириў министрлиги өзлериниң миннетли ўазыйпасын ақырына шекем атқара алмай, «аўзындағысын алдырып», ата-аналары менен ул-қызларын, кәсиплеслерин соншама сергизданлыққа гирипдар еткен былғасықлары нызамбузыўшылықларға шекем барып жеткен.
Узын гәптиң қысқасы, шашыранды ойларымды жәмлеп, бир жуўмаққа келер болсам, билимлендириў саласын бүгингидей өз ҳалына таслап қоймастан, нызамлы жоллар менен тез арада тәртипке салсақ, жөнге түсип кетеди. Көшеде ушырасып, «Репетитор билим, мектеп «аттестат» береди» деп атлан-шапқа түскен сада, ақкөкирек танысыма қайтып дуўшакерлеспедим. Кимлердиңдур көмеги менен қолынан келсе де, келмесе де исенимине кирип, бизнесмен «репетиторға» тап келген шығар. «Қолға түспеген уры уры емес» дегениндей, адрессиз жазылған бул мақаладағы айтылғанларды мойынламасақ тақыр жерде буққандай боламыз. Танысыма ушырасқандағы айтажақ сөзлеримди газета арқалы журтшылыққа усынып, талқыға салғанды мақул көрдим...
PS: Автордың айырым тартыслы пикирлерин редакцияның позициясын аңлатпайды.
Сизлерден бул бойынша пикирлериңизди күтемиз.
Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,
журналист.