Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:04:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚЫЎШЫЛАР АЙРЫҚША ТӘСИРЛЕНДИ

Президентимиздиң социаллық, руўхый-ағартыўшылық салалардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша бес айрықша басламасының бириншисинде «Жаслардың музыка, сүўретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыўға, талантын жүзеге шығарыўға хызмет етеди» делинген.

Усы 1-басламаға тийкарланып, пайтахтымыздағы 20-санлы мектептиң 3-4-класс оқыўшылары Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына алып барылды. Олар «Жаңа жылға сая­хат» атамасындағы сахналық көринисти жүдә қызығыўшылық пенен тамашалады. Онда ертек қаҳарманлары Аяз ата, Сымбат ҳәм Қымбат, Өлмес Кащей ҳәм сум түлки өзиниң ролин шеберлик пенен атқарып, оқыўшыларға жеткерип берди. Оқыўшылар болса өзлерин сол сахналық көринистиң қатнасыўшысындай сезди.

Кеше барысында оқыўшыларымыз да өзлериниң Жаңа жыл байрамына арналған тақмақ, қосық ҳәм аяқ ойынларын атқарды. Аяз ата жақсы тақмақ ҳәм қосық айтқанлары ушын оқыўшыларға саўғалар берди. Оқыўшылар бул саяхаттан жүдә жақсы тәсирлер алды.

Президентимиздиң жаслар менен нәтийжели бирге ислесиўге қаратылған бес әҳмийетли басламасы шеңберинде усындай етип театр, музей ҳәм китапханаларға апарып турсақ, оқыўшылардың пикирлеўи, ойлаў қәбилети ҳәм сана сезими жақсы раўажланады. Әлбетте, бундай илажлар өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан жетик, бәркамал етип тәрбиялаўда оғада әҳмийетли. 

 

Разия ҚОНАРБАЕВА,

Нөкис қалалық 20-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF