БАЛАЛАРҒА ПРЕЗИДЕНТ САЎҒАСЫ ТАПСЫРЫЛДЫ
Усы жыл 29-декабрь күни Нөкис қаласындағы Орайлық майданда орнатылған арша әтирапында «Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов балаларды ҳәм олардың тәрбияшыларын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Илажға Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары мирәт етилди. Шырайлы етип безелген арша әтирапында Аяз-ата менен Қарқызы, түрли ертек қаҳарманларының қатнасындағы театрластырылған тамашалар даўамында балаларға Президент саўғалары тапсырылды. Республикамыздың көркем өнер шеберлери атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар байрамға өзгеше көтериңкилик бағышлады.
— Биз ҳәмийше Президентимиздиң итибары және ғамқорлығындамыз,-дейди «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшысы Рано Карамова. — Елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы байрамы босағасында бизлерге Президентимиздиң саўғасы-«Газель» автомашинасы саўға етилди. Өзим қатнасатуғын «Таң ғумшалары» ансамблимиз усы жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен қәбилетли балалар фестивалында Гран-при жеңимпазы болды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында да усындай байрам тамашасы болып өтти. Оған Нөкис қаласындағы бағыўшысынан айырылған шаңарақлардан 90 бала мирәт етилди. Балаларға Президент саўғалары тапсырылды. Театр жәмәәти тәрепинен таярланған байрам тамашасы оларға айрықша қуўаныш бағышлады.
«Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы республикамыздың барлық районларында болып өтти.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.