«МОЙНАҚ АКВА САНААТ» КӘРХАНАСЫ ИСКЕ ТҮСТИ
28-декабрь күни Мойнақ районында «Мойнақ аква санаат» кәрханасы пайдаланыўға тапсырылды.
Кәрхананың ашылыў мәресиминде сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, өзгерис ҳәм жаңаланыўлар барлық аймақлар қатары республикамыздың социаллық-экономикалық турмысында, халқымыз турмысында өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанын атап өтти.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фонды дүзилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Аралбойы халықаралық инновация орайы, Аралбойында инновацияларды қоллап-қуўатлаў фонды дүзилди.
Мойнақ районының социаллық-экономикалық инфраструктурасын раўажландырыў бағдарында қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Президенттиң өткен жылғы сапары даўамында берилген көрсетпелер тийкарында ҳүкиметтиң Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилип, өткен қысқа ўақыт ишинде қатар объектлер пайдаланыўға тапсырылды.
«Мойнақ аква санаат» кәрханасы мине усындай ири жойбарлардың бири есапланады. Жойбар баҳасы 20,2 миллиард сумлық бул кәрханада 150 жумыс орны жаратылған болып, жылына дерлик 4 мың тонна балықты қайта ислеў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 200 тонна дузланған балық, 780 тонна фарш, 400 тонна филе, 9 миллион дана консерва ислеп шығарылады.
***
Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси, генерал-лейтенант Т.Худайбергенов, қарақалпақстанлы Өзбекстан Қаҳарманлары М.Ерниязов, “.Хожаниязов, С.Сейтназаровлар Мойнақ жаслары менен ушырасты ҳәм тараўларда белсендилик көрсетип киятырған бир топар жасларға Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен «Үмит-ушқыны» көкирек нышаны салтанатлы жағдайда тапсырылды.
С.ЖАНИЕВ.