РЕСПУБЛИКАМЫЗ ХАЛҚЫНА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ!
Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Сизлерди инсанлар қәлбине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршени және де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы әййям — Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Өзиниң нәўпир суўлары, мол берекети, бәлент қырманлары ҳәм де есте қаларлықтай умытылмас мәўритлери менен ажыралып туратуғын 2019-жылға нәзер таслар екенбиз, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда кең көлемли жумыслардың, социаллық-экономикалық турмысымыздың барлық тараўларында турақлы раўажланыўлардың, халқымыз тәрепинен қолға киргизилген жоқары табыслардың гүўасы боламыз.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда алып барылып атырған реформалар, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлар, бағдарламалар турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.
Халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше ири кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиң иске түсиўи, инфраструктураның жаңаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаңаланыў нәпесин алып келип, халқымызды турмыстан разы етиўге тийкар болмақта.
Бир ғана Мойнақ районы мысалында айтатуғын болсақ, «Мойнақ парлақ текстил», «Мойнақ аква санаат» кәрханаларының иске түскени, Мәденият сарайының заманға сай ири оңлаўдан шығарылғаны, футбол стадионы, Ашық театр, «Арал теңизи тарийхы» музейи, мәмлекетлик хызметлер агентлиги районлық бөлими жаңа имаратының, көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Бундай ири көлемдеги өзгерислер менен жаңаланыўларды Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Бозатаў ҳәм басқа да районларымыз мысалында көплеп ушыратыўымыз мүмкин.
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға болған ҳәр бир сапары тарийхый әҳмийетке ийе өзгерислер менен жаңаланыўларға тийкар болмақта. Жуўмақланып атырған жылдың 20-21-август күнлери Қарақалпақстанға болған сапары тийкарында 14 триллион 805 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 14 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы белгиленген болса, соннан өткен қысқа ўақыт ишинде 455 миллиард сумлық 111 жойбар әмелге асырылды.
Сондай-ақ, жуўмақланып атырған жылда экономикамыздың тийкарғы бағдарларынан болған исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында 312 миллиард сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды. Елимизде исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде халықтың усы тараўдағы бәнтлиги 75 процентти, олардың аймақлық жалпы ишки өнимдеги үлеси 50 процентти, хызметлер көрсетиў, саўда, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардағы үлеси 50-60 процентти қурамақта.
Жуўмақланып атырған жыл шарўашылық тараўында да унамлы өзгерислерге, жаңаланыўларға бай жыл болды, деўге толық тийкарлар бар. Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Бозатаў, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районларының усы тараўға, сондай-ақ, басқа да қала ҳәм районларымыздың тараўларға қәнигелесиўи экономикамыздың және де беккемлениўинде, халқымыздың жасаў шараятларын тағы да жақсылаўда, исбилерменликти раўажландырыўда айрықша орын ийелейди.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң әтирапында экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға шамалас жер майданы таярланып, 500 мың гектарға шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, быйылғы мәўсимде 700 мың гектарға егиў режелестирилип, бул бағдардағы ийгиликли ислер елимиздиң барлық орынларынан келген механизатор ҳәм исшилердиң қатнасында қызғын алып барылмақта.
Ҳүрметли заманласлар!
Елимиздиң сиясий тарийхында әҳмийетли орын тутатуғын ўақыялардың бири — бул жуўмақланып атырған жылдың 22-декабрь күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болып өткен сайлаўлар болып табылады.
Ең әҳмийетлиси, бул сайлаўларда халқымыз өзлериниң сиясий белсендилиги менен ажыралып, ҳуқықый билимлериниң жетилискенин, дүньяқарасы кеңейип атырғанын, ең тийкарғысы: елимиздиң ертеңги күнине деген жуўапкершилик сезиминиң артқанын және бир мәрте дәлилледи.
Қәдирли ўатанласлар!
Елимизде басланып атырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, инсанларды қыйнап атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйме-үй жүрип үйрениў, оларды унамлы шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жасларымызды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды буннан былай да тереңлестириўге мүнәсип үлес қосыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Сизлерди және бир мәрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыңызда жайнаған табыслар тилеймен!
Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа аманлық, берекет, қуўаныш ҳәм шадлық алып келгей!
Елимиз тыныш, халқымыз ҳәмийше аман болсын!
Жаңа жылыңыз бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын, әзиз заманласлар!
М.ЕРНИЯЗОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.