СУЎ РЕСУРСЛАРЫН ТУРАҚЛЫ БАСҚАРЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ
Жақында Европа Аўқамы, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа Аўқамының Орайлық Азия регионаллық экология орайы, оның Өзбекстандағы филиалы ҳәм «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси менен биргеликте «Өзбекстанның аўыллық аймақларында суў ресурсларын турақлы басқарыў» бағдарламасы, «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты күшейтиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң география пәни муғаллимлери ушын «Республиканың алты аймағында суў ҳәм экология мәселелери бойынша халықтың хабардарлығын күшейтиўге байланыслы ис-илажлар» атамасында семинар болып өтти.
Оған «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хызметкерлери, улыўма орта билим бериў мектеплериниң география пәни муғаллимлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажды «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты күшейтиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбарының Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәсләҳәтшиси Р.Көшеков ашып берип, семинардың мақсет ҳәм ўазыйпалары менен таныстырды. Соңынан Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық оқыў-методикалық орайының директоры Қ.Жубанов шығып сөйлеп, өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Жойбардың экология бойынша қәнигеси А.Хожақулов семинар қатнасыўшыларына «Суў бул тиришилик шербети» атамасында презентация материалларын усынды. Бунда жер жүзиндеги улыўма суў ресурслары ҳәм ишимлик суўы муғдары, жер жүзи халқының өсиў динамикасы ҳәм ишимлик суўы менен қанша муғдарда тәмийинленгенлиги атап өтилди. Орайлық Азия мәмлекетлеринде глобаллық ықлым өзгериўи нәтийжесинде температураның көтерилиўи ҳәм оның Федченко, Гомо, Батруд, Зарафшан ҳәм Абрамова музлықларының кемейиўине тәсири, жер жүзи мәмлекетлери бойынша суў ресурсларының бөлистирилиўи ҳәм халықтың жан басына туўры келетуғын суў муғдары, Арал теңизи бассейнинде суў ресурсларының қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлерге бөлистирилиўи, Өзбекстан Республикасына лимит бойынша ажыратылатуғын суў муғдары, халықтың суў менен тәмийинлениў динамикасы, Өзбекстан Республикасында экономика тараўы бойынша 2008 ҳәм 2012-жылларда суў ресурсларының бөлистирилиўи динамикасы, ықлым өзгериўи ҳәм суў ресурсларының кемейиўине халықты бейимлестириў илажлары ҳаққында мағлыўматлар берилип, соңынан «Суў тиришилик дереги» атамасындағы видеоролик көрсетилди.
Жойбар басшысы Т.Мажидов қатнасыўшыларды «Турмыслық ҳәм санаат шығындылары, оларды жыйнаў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў» атамасындағы презентациясы менен таныстырды. Онда республикада бир жыл ишинде пайда болатуғын турмыслық ҳәм санаат шығындыларының муғдары, булардың (2010-2017жж.) пайда болыў динамикасы ҳәм көмиў полигонлары, қайта исленетуғын шығындылардың түрлери, республикамыздағы санитариялық тазалаўға қәнигелестирилген кәрханалар ҳәм олардағы арнаўлы техникалардың саны, халықтың санитариялық тазалаў хызметлери менен қамтып алыныў дәрежеси, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың шығындылар менен байланыслы болған жуўапкершилиги ҳаққында мағлыўматлар берилген. Баянат-презентация шығындылар машқаласына бағышланған «Ҳәммеси өз қолыңда, инсан!» атамасындағы видеоролик пенен жуўмақланды.
Илаж барысында жойбар қәнигелерине муғаллимлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен саўаллар берилип, қанаатланарлы жуўаплар алынды. Қатнасыўшылардың темалар бойынша пикирлери де тыңланды.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.